Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Download 1.38 Mb.
bet12/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

ФОРМАЛАР АЙНАСЫ


Формалар айнасы болажақ программаның Windows-айна проектин өзинде сәўлелендиреди. Дәслеп, бул айна бос болады. Ол Windows ушын стандарт интерфейс элементлерине ийе-системалы менюди шақырыў кнопкасы, максимизация, минимизация, айнаны жабыў, баслама полосасы ҳәм сызыў рамкасы. Айнаның барлық жумыс областы әдетте, формада жайластырылған компонентлерди тәртиплестириў ушын хызмет ететуғын координаталық торлар точкасы менен толтырылған болады. Программист ўақтының әдеўир бөлимин LEGO конструкторы деталлары жыйындысы менен ислеў жумысына арнады: ол компонентлер политрасынан керек компонентти алады ҳәм әсте ақырын форманы интерфейс элементлери менен толтырып барып, оны формалар айнасының ''наборный поля'' сына жайластырады. Форманы толтырыўдың бул процесинде визуал программаластырыўдың бас айрықша қәсийети жуўмақланады. Программист қәлеген ўақытта жаратылған программаның айнасының дүзилисин тексере алады ҳәм оған керек өзгерислерди киргизе алады.

ОБЪЕКТЛЕР ИЕРАРХИЯСЫ АЙНАСЫ


Бул. айна 6-версияда пайда болды ҳәм актив формада ямаса мағлыўматлардың актив модулинде жайласқан бөлек компонентлер арасында байланысты анық сүўретлеўге арналған. Қәлеген компонентте мыщты шертиў формалар айнасының сәйкес компонентин сол айнада активлестиреди ҳәм объектлер инспекторы айнасында бул компоненттиң қәсийетин көрсетеди.

ОБЪЕКТЛЕР ИНСПЕКТОРЫ АЙНАСЫ


Формадағы қәлеген компонент параметрлердиң айырым топламы менен характерленеди: жағдайы, өлшеми, реңи ҳ.т.б. Бул. параметрлердиң бөлимин мысалы, компонентлер өлшеми ҳәм жағдайын программист өзгертиўи мүмкин. Басқа параметрлерди өзгертиў ушын объектлер инспекторы айнасы пайдаланады. Бул айна 2 бетке ийе. Properties (свойства) ҳәм Еvents (события). Properties бети компоненттиң керек қәсийетлерин орнатыў ушын, ал Еvents компоненттиң ўақыяға реакциясын анықлаўға хызмет етеди. Қәсийетлердиң жыйындысы компоненттиң көринетуғын тәрепин сүўретлейди: форманың жумыс областының жоқары шеп мүйешиниң салыстырмалы жағдайы, оның өлшеми, реңи, шрифт ҳәм ондағы жазыў тексти ҳ.т.б. Ўақыялар жыйындысы оның қәсийетлилик тәрепин: компоненттиң клавишаны басқандағы ямаса мыщты шерткендеги реакциясы, экранда айна пайда болғанда ямаса сол айна өлшеми өзгерген ўақытта ол өзин қалай тутады ҳ.т.б. Объектлер инспекторының ҳәр бир бети еки колонкалы таблицадан турады: шеп колонка ўақыя ямаса қәсийет атына ийе, ал оң колонка анық подпрограмма аты ямаса қәсийет мәнисине ийе [подпрограмма-бул программаның әпиўайы салыстырмалы кишигирим фрагменти].
Таблицалар қатары мыщты шертиў арқалы таңланады ҳәм әпиўайы ямаса қурамалы қәсийетлерди көрсетиўи мүмкин. Әпиўайыларға тек бир мәнис пенен анықланатуғын қәсийетлер киреди-санлар менен, символлар қатары менен, True (Истина) ямаса False (Ложь) мәниси менен ҳ.т.б. Мысалы, Caption қәсийети символлар қатары менен сүўретленеди, Height (высота) ҳәм Width (ширина) қәсийети-санлар менен, ал Enabled (Доступность) қәсийети- True ямаса False мәнислери менен көрсетиледи.
Қурамалы қасийетлер мәнислер жыйындысы менен анықланады. Бундай қасийет атының шеп тәрепинде Ғ+Ғ белгиси көрсетиледи. Бул символ мышь пенен шертилсе қурамалы қасийетлерден ибарат дизим ашылады. Ашық дизимди жабыў ушын қурамалы қасийеттиң Ғ-Ғ белгисин шертиў керек. Таблицалар қатарының оң колонкасында мышты шертиў, онда көрсетилген қасийетлер манислерин активлендиреди. Бунда қатардың оң тәрепиниң кейнинде !!!!! ямаса !!!!!!! кнопкаларынан бири пайда болыўы мүмкин. !!!!! кнопкасы шертилсе, экранда диалог айна пайда болады. Оның жәрдеминде қурамалы қасийеттиң мәниси орнатылады. !!!!!!! кнопкасы шертилсе, әпиўайы қасийет манислериниң дизими ашылады. Объектлер инспекторы айнасының жоқары бөлиминде формаға жайластырылған барлық компонентлердиң ашық дизими жайласады. Форма өзиде компонент болып есапланғанлықтан оның атыда бул дизимде бр болады. Алдынғы версиялардан айырмашылығы, ашылып турған дизим компонентлердиң тек атлары емес, ал олардың класларынада ийе болады. Мыщтың оң кнопкасы шертилгенде пайда болатуғын айнаның локаль менюи айнаны сазлайтуғын опциялар қатарына ийе болады.
Айырым ўақытлары Stay on top ты таңлағаннан соң объектлер инспекторы айнасы басқа барлық айналардың үстине ашылады. Айнаның бундай жағдайы компонентлер көплигинен ибарат қурамалы форманы конструкциялағанда қолайлы болады. Егер, локал менюден Arrange ҳәм соң By Category опциясы таңланса, объектлер инспекторының барлық айналары категория бойынша тәртиплескен қасийетлердиң ашылған дизимин көрсетеди.

2.6-сүўрет. Категория бойынша тәртиплескен қасийетлер дизими.
Қəлеген категорияны көринбейтуғын етип ислеў мүмкин. Бул ушын локал менюде view ди таңлап, соң қосымша менюде категорияның шеп тәрепиндеги флажокты алып таслаў керек. Бул версияда алдынғы версиялардан парқы объектке тийкарланған қурамалы қасийетлер объектлер инспекторы айнасында рең менен белгиленеди ҳәм Events бетинде көрсетиледи.
Егер, бундай қәсийет анықланған болса, оның шеп тәрепинде байланысқан объекттиң ўақыяны ислеўши ҳәм қәсийетлерин көрсететуғын "+" белгиси пайда болады. Мысал ушын 2.7-сүўретте Form1 формасы менен байланыслы, объектлер инспекторы айнасы жәрдеминде менюдиң форма менен байланыслы бир опциясы ушын OnClick ислеўшисин қалай анықлаў кереклиги көрсетилген.

2.7-сүўрет. Form1 формасы ушын менюдиң OnClick ислеўшисин орнатыў

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling