Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


I-бап. Еки этаплы стохастикалық сызықлы емес программаластырыў мәселеси ҳаққында


Download 1.38 Mb.
bet4/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

I-бап. Еки этаплы стохастикалық сызықлы емес программаластырыў мәселеси ҳаққында

Стохастикалық программаластырыў- математикалық программаластырыўдың бир бөлими болып, ол экстремал мәселениң мақсет функциясы ямаса шеклеўлер системасы параметриниң тосынанлы шамаға байланыслы жағдайларын үйренеди. [1] Стохастикалық программаластырыў термини 1950 жылдың басында пайда болды. Биринши мәрте америкалық илимпазлар Данциг, Чарнс, Куперлер коэффициентлери тосынанлы шамаға байланыслы сызықлы программаластырыў мәселелерин анализлеп үйренген еди. Бундай мәселелер режелестириўде анық емес ҳәм тәўекеллик жағдайында ушырасатуғын мәелелер болып табылады. Усы дәўирде сызықлы емес программаластырыў мәселелерин үйрениў басланған еди. Сонлықтан-да көпшилик стохастикалық программаластырыў мәселелери сызықлы, сызықлы емес программаластырыў мәселелерине келтирилип, сызықлы ҳәм сызықлы емес программаластырыўдың белгили кең тарқалған санлы усыллары жәрдеминде шешиледи. Бирақта стохастикалық программаластырыў мәселелерин шешиўдиң сызықлы емес программаластырыў мəселесин шешиўге қарағанда өз алдына қыйыншылықлары да бар, атап айтқанда стохастикалық программаластырыў мәселесинде мақсет функциясы ямаса шеклеўлер системасы ҳаққында толық мағлыўматлар мәлим емеслиги болып табылады. Стохастикалық программаластырыў мәселеси төмендеги еки түрге бөлиўге болады:


Шешим-бақлаў –шешим-…
Бақлаў-шешим-бақлаў-…
Шәртли түрде бул шынжырша N-этаплы деп қабыл етемиз.
Демек шынжырша “шешим” сөзи N-мәрте ушырасса N—этаплы стохастикалық программаластырыў мәселеси деп аталады. Егерде шынжырша “шешим” сөзи менен басланса, онда бул мәселеге N-этаплы перспектив стохастикалық программаластырыў мәселеси деп, ал шынжырша “бақлаў” сөзинен басланса, онда N-этаплы оператив стохастикалық программаластырыў мәселеси деп аталады. Сонны айтып өтиўимиз керек этаплық бул жерде ўақытқа байланыслы емес. Енди перспектив ҳәм оператив стохастикалық программаластырыў мәселелерин қарап өтемиз.
(1)
(2)
(3)
Бул (1)-(3) мәселеси перспектив стохастикалық программаластырыў мәселеси деп аталаы.
(4)
(5)
(6)
(4)-(6) мәселеси болса оператив стохастикалық программаластырыў мәселеси болып табылады.

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling