Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992


Download 1.19 Mb.
Pdf ko'rish
bet45/61
Sana19.01.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1101174
TuriПоэма
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   61
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)

ВЕНЕРАНЫҢ СКУЛЬПТУРАСЫНА 
Сүўретиңди қандай шебер салды екен,
Келбетиңди қайсы ҳаялдан алды екен.
Қанша дәўир, қанша әўлад қылғынып,
Сынған қолың қайсы жерде қалды екен? 
Арыўлықта әрман етсе жан нени,
Сулыў тулғаң өз бойына жәмледи.
Қолсыз мынаў журтты ийирип турғаның,
Қолың болса қырасаң ғой ҳәммени. 
Май, 1973-жыл, Москва. 
ШОЙДАНИЯ 
Шойдания — шийрин жаслық дияры!
Көгершин қанатлы гөззал қыяллар
Саған ушар, Бирақ та ҳәр сапары
Бизди сеннен алыс әкетер жыллар. 
Сениң бостаныңа ким кирсе—шайыр.
Демек сенде текте шайырлар жасар.
Ақшам дарақларың силкинген сайын,


176
Мийўа орнына гәўҳар жулдызлар шашар. 
Мен ҳәм мәҳәлинди журтларға усап,
Несип әйлеп бул бостанда йошқанман.
Жулдызларды "хан қызындай" уўыслап,
Арзыўлымның аяғына шашқанман. 
Сонда қабағында жуп қумар көздиң
Ол жулдызлар сөнген әсте мөлдиреп.
Сол бир тәкирарланбас өспирим гездиң
Ләззетин еслесе елжирер жүрек. 
Шойдяния-туңғыш муҳаббат бағы,
Бағда жатқан жөнсиз соқпақлы жоллар.
Аңсағаным менен барсам деп тағы, 
Бизди басқа жолдан әкетер жыллар.
* * *
Төбемде гүўилдер бәлент шынарлар,
Уйқысыз таңларды атырғанымда.
Не деп гүўилдесип турғанын олар
Айтып берер едим болсаң жанымда. 
Булақлардың не деп сылдырлағанын,
Самал жумсақ лебин қайдан алғанын
Айтып берер едим мен саған, жаным,
Болағойғаныңда ҳәзир жанымда. 
Шынар гүўилдиси, бүлбүл намасы,
Бәри тәрип етер сени шамасы.
Бир сырлы ышқының симфониясын
Бирге тыңлар едик болсаң жанымда. 


177
Ай жүзер еслетип ақ дийдарыңды,
Түнги салқын шертер кеўил тарымды,
Саған болған ышқы сағынышларымды,
Бәри айтар еди болсаң жанымда. 
1975-ж. Ташкент. 

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling