87. Егерде реңли металлдың салыстырма аўырлығы 5г/см3 тан киши болса, онда .....
А) жеңил реңли металлар группасына киреди.
В) орташа жеңил реңли металлар группасына киреди.
С) аўыр реңли металлар группасына киреди.
Д) орташа аўыр реңли металлар группасына киреди.
88. Полатты таплаўдан мақсет оның механикалық қәсийетлерин, тийкарынан болса …..
А) оның бослығын арттырыў, яғный онда мартенсит пайда етиў болып табылады.
В) оның қаттылығын арттырыў, яғный онда мартенсит пайда етиў болып табылады.
С) оның соққыға шыдамлығын арттырыў, яғный мартенсит пайда етиў болып табылады.
Д) оның пластиклигин арттырыў, яғный онда мартенсит пайда етиў болып табылады.
89. Қәлиплер ..... болыўы мүмкин.
А) турақлы (көп мәрте қолланылатуғын), ўақтынша ҳәм көп мәртелик қәлиплер
В) турақлы (көп мәрте қолланылатуғын), кокиуль ҳәм көп мәртелик қәлиплер
С) турақлы (көп мәрте қолланылатуғын), полат қәлиплер ҳәм бир мәртелик қәлиплер
Д) турақлы (көп мәрте қолланылатуғын), ўақтынша ҳәм бир мәртелик қәлиплер
90. Шойынларға басым астында .....
А) ислеў берилмейди.
В) ислеў бериледи.
С) азғантай ислеў бериледи.
Д) көп ислеў берилмейди.
91. Буйымларды (детальларды) термикалық ислеп, олардың сыртқы қатламларының тек
ғана структурасын ғана емес, бәлки химиялық составында өзгертиў ……
А) химико-термикалық ислеў деп аталады.
В) химико-физикалық ислеў деп аталады.
С) химико-температуралық ислеў деп аталады.
Д) физика- химиялық ислеў деп аталады.
92. Полаттың сыртқы қатламларын углеродқа тойындырыў процесси ……
А) цементация деп аталады.
В) азотлаў деп аталады.
С) нитроцементация деп аталады.
Д) цианлаў деп аталады.
93. Машиналардың детальлары көбинесе 0,8-2,0 мм қалыңлықта цементация исленеди.
Айырым жағдайларда цементация …..
А) қалыңлығы 9-10 мм ҳәм буннан да артық болыўы мүмкин.
В) қалыңлығы 150-300 мм ҳәм буннан да артық болыўы мүмкин.
С) қалыңлығы 200-400 мм ҳәм буннан да артық болыўы мүмкин.
Д) қалыңлығы 40-50 мм ҳәм буннан да артық болыўы мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |