Шымбай районлық мшббға қараслы 23-санлы Ммлекетлик мектепге шекемги билимлендириў шөлкеминде өткерилген жыйналыс
Download 15.73 Kb.
|
март 1 (2)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Басшылық етиўши
- К Ү Н Т Ә Р Т И Б И
- Қ А Р А Р Е Т Т И
- Жыйналыс баскарыўшысы
Шымбай районлық МШББға қараслы 23-санлы Ммлекетлик мектепге шекемги билимлендириў шөлкеминде өткерилген жыйналыс Б А Я Н Н А М А С Ы №______ 2023-жыл 7-март Шымбай районы Басшылық етиўши: 23-мәмлекетлик мектебге шекемги билимлендириў шөлкеми директоры. Г.Назарова Қатнасқанлар: Шымбай районы ǝдиллик бөлими Юридикалық хызметкөрсетиў орайы юрисконсультлары Ш.Матниязов ҳǝмде Д.Ержанов; Шымбай районлық МШББға 23-мәмлекетлик мектебге шекемги билимлендириў шөлкеми хызметкерлери. К Ү Н Т Ә Р Т И Б И: - Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күнги “Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары жумысларын жǝнеде кеңейтиў бойынша қосымша ис-илǝжлар ҳаққында”ғы 173-санлы қарарының мазмун-мǝниси бойынша үгит-нǝсият жумысларын алып барыў. - Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 10-май күнги “Өзбекстан Республикасында мǝжбүрий мийнетти сапластырыўға байланыслы қосымша ис-илǝжлар ҳаққында”ғы 349-санлы қарарының мазмун-мǝниси бойынша үгит-нǝсият жумысларын алып барыў. Жыйналысты Шымбай районлық Мектепге шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 23-мәмлекетлик мектебге шекемги билимлендириў шөлкеми Г.Назарова ашты ҳǝм басқарып барды. Жыйналыс баслығы жыйналыс қатнасыўшыларына күн тәртибиндеги мәселе бойынша қысқаша таныстырып өтип, Өзбекстан Республикасында мǝжбүрий мийнетти сапластырыўға байланыслы қосымша ис-илǝжлар ҳаққындағы қарардың мазмуны, мǝниси, ǝҳмийети бойынша толық түрде түсиник жумысларын алып барыў ушын районлық ǝдиллик бөлими хызметкерлери қатнасып отырғанлығын айтып өтип, олар менен жыйналыс қатнасыўшыларын таныстырып, хызметкерлерге жоқарыда атап өтилген қарарлардың мазмун ǝҳмийетин түсиндириў бойынша сөзди районлық Юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсультлары Ш.Матниязовқа берди. Районлық Юридикалық хызметкөрсетиў орайы бас юрисконсульты Ш.Матниязов өз сөзинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасында мǝжбүрий мийнетти сапластырыўға байланыслы қосымша ис-илǝжлар ҳаққындағы қарары мазмуны-мǝниси ҳаққында түсиндирип, бул қарарда пуқараларды, сондай-ақ билимлендириў, ден саўлықты сақлаў мǝкемелери ҳǝмде басқада бюджет мǝкемелери хызметкерлерин, билимлендириў мǝкемелери оқыўшыларын ҳǝм студентлерди мǝжбүрий мийнетке, район ҳǝм қала аймақларын абаданластырыў ҳǝмде көклемзарластырыў жумыслары, мǝўсимлик аўыл хожалығы жумыслары, металл шығындылары ҳǝм макулатура жыйнаў, сондай-ақ, басқа түрдеги мǝўсимлик жумысларға жалып етиў ҳалатларына шек қойыў, пуқараларды, сондай-ақ билимлендириў, ден саўлықты сақлаў мǝкемелери ҳǝмде басқада бюджет мǝкемелери хызметкерлерин, билимлендириў мǝкемелери оқыўшыларын ҳǝм студентлерди мǝжбүрий жǝмийетлик ислерге биле тура тиккелей жалып еткен лаўазымлы шахсларға қатаң интизамый шаралар көриў, мǝжбүрий мийнеттен пайдаланыў бойынша анықланған ҳǝр бир ҳалат бойынша тийисли мағлыўматты жуўапкершилик шараларын қолланыў ушын ҳуқықты қорғаў органларына тезлик пенен жеткериў ўазыыпасы жүклетилгенлиги, Өзбекстан Республикасының ҳǝкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 51-статьясына бола мийнетке қандайда бир формада нызамсыз түрде мǝжбүрий тǝризде мǝжбүрлеў-базалық есаплаў муғдарының елиү есесинен жүз есесине шекем муғдарда жǝрийма салыўға себеп болатуғынлығы бойынша айтып өтти. Буннан соң сөзге шыққан Районлық Юридикалық хызметкөрсетиў орайы бас юрист консульти Д.Ержанов өз сөзинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күнги “Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары жумысларын жǝнеде кеңейтиў бойынша қосымша ис-илǝжлар ҳаққында”ғы 173-санлы қарарының мазмун-мǝниси бойынша жыйналыс қатнасыўшыларына кең түрде түсиндирип өтти. Жыйналыс соңында Шымбай районлық ǝдиллик бөлими хызметкерлери тǝрепинен мектепте ислеўши хызметкерлердиң сораўларына ҳуқықый жуўаплар берилди. Жыйналыс қатнасыўшылары жоқарыдағыларга тийкар төмендегише: Қ А Р А Р Е Т Т И: 1. Кун тәртибине қойылған мәселелер жыйналыста көрип шығылды деп есаплансын ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күнги “Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары жумысларын жǝнеде кеңейтиў бойынша қосымша ис-илǝжлар ҳаққында”ғы 173-санлы қарары ҳǝм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 10-май күнги “Өзбекстан Республикасында мǝжбүрий мийнетти сапластырыўға байланыслы қосымша ис-илǝжлар ҳаққында”ғы 349-санлы қарары талапларының орынланыўы қатаң басшылыққа алынсын. Жыйналыс баскарыўшысы Г.Назарова Download 15.73 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling