Созылыў ямаса қысылыў деформациясында брустың кесе кесимлеринде тек ғана бойлама ишки зорығыў күшлери пайда болады


Буралыў деформациясында ИКФның эпюрасын қурыў


Download 71.58 Kb.
bet2/5
Sana18.06.2023
Hajmi71.58 Kb.
#1598581
TuriЛекция
1   2   3   4   5
Bog'liq
2-lektsiya-1

2.2. Буралыў деформациясында ИКФның эпюрасын қурыў
Брусты буралыўға есаплағанда оның ыхтиярый кесиминдеги бураўшы моменттиң мәнисин билиў зәрүр болады. Бураўшы моментлердиң вал узынлығы бойынша өзгериў нызамын көрсетиўши график бураўшы моментлер эпюрасы деп аталады. Бул эпюраны қурыў нормал күштиң эпюрасын қурғанға уқсас. Валдың ыхтиярый кесиминдеги бураўшы моментти табыўда да кесиндилер усылынан пайдаланылады.
Қаралып атырған кесимдеги бураўшы момент қаралып атырған кесимнен бир тәрептеги сыртқы бураўшы моментлердиң алгебралық қосындысына тең. Эпюраны қурыў ушын белгилер тартиби ҳаққында келисип алыў лазым. Улыўма бураўшы моменттиң белгиси физикалык мәниске ийе емес.
Егер кесим тәрептен қарағанда, сыртқы бураўшы момент валды саат стрелкасының ҳәрекет бағдарына қарсы айландырса-оң, саат стрелкасының ҳәрекет бағдары бойынша айландырса терис деп аламыз.
Валдың кесимлериндеги бураўши моментлерди анықлаў ҳәм олардың эпюрасын қурыўды төмендеги мысалда көремиз.
3.2 – мысал. Бир ушы менен беккемленген брусқа оның кесе кесимлериниң тегислигинде тәсир етиўши m1=24 кНм, m2=12 кНм, m3=50 кНм ҳәм m4=14 кНм бураўшы моментлер тәсир етип турыпты. Бураўшы моментлердиң эпюрасы қурылсын (3.2 – сүўрет, а).
Шешилиўи: Брусты I, II, III ҳәм IV бөлеклерге бөлемиз. Брустың кесимлериндеги бураўшы моментлерди анықлаўды брустың I бөлегинен баслаймыз.
I- бөлек. Mб=0.
II- бөлек. Mб=m1=24 кНм.
III- бөлек. Mб=m1+m2=24+12=36 кНм.
IV- бөлек. Mб=-m4=-14 кНм.
Ақырғы IV- бөлекти қарағандабрустыңоңтәрепиналып қалып, шепбөлегинылақтырыптаслапқарадық.


3.2– сүўрет
Бураўшы моментлердиң анықланған мәнислери бойынша бураўшы моментлер эпюрасы (3.2– сүўрет, б) қурылды. Бураўшы моментлердиң брустың бөлеклериндеги мәнислери кесимниң абсциссасына байланыслы емес. Соның ушын бураўшы моментлер эпюрасы үш туўры төртмүйешликтен ибарат болды. Бураўшы моменттиң эпюрасының брустың сыртқы топланған моментлер тәсир етип атырған кесимлерине тийисли точкаларында усы моменттиң мәниси ҳәм бағдарына сәйкес келетуғын «секириў»лер болады. Қурылған эпюраның дурыслығын тексериўде әдетте усы «секириў»лерге итибар бериледи.
Бураўшы моментиң ең үлкен мәниси брустың үшинши бөлегинде болып, оның мәниси Mmax=36 кНм.

Download 71.58 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling