Созылыў ямаса қысылыў деформациясында брустың кесе кесимлеринде тек ғана бойлама ишки зорығыў күшлери пайда болады


Ийилистеги ишки күш факторлары (ИКФ) ҳәм оларды


Download 71.58 Kb.
bet3/5
Sana18.06.2023
Hajmi71.58 Kb.
#1598581
TuriЛекция
1   2   3   4   5
Bog'liq
2-lektsiya-1

Ийилистеги ишки күш факторлары (ИКФ) ҳәм оларды
анықлаў
Тегис кесе ийилисте балканың кесе кесимлеринде пайда болыўшы ишки күшлер бир бас вектор (Qy) ҳәм бир бас моментке (Мх) келтириледи (буннан кейинги жағдайларда олардың индекслерин таслап жазамыз). Оларды анықлаў ушын кесиндилер усылынан пайдаланамыз.
Күшлер системасы менен жүкленген консол балканың шеп тәрепинен Z аралықта өтиўши тегислик пенен балканы ойымызда кесейик (3.3– сүўрет,а).
Балканың оң бөлегин ойымызда таслап жиберип, шеп бөлегиниң тең салмақлылығын көрип шығамыз. Буның ушын алып қалынған шеп бөлегиниң тең салмақлылығын тиклеў мақсетинде таслап жиберилген оң бөлегиниң тәсирин ишки күшлердиң тең тәсир етиўшилери кесе кесиўши күш Q ҳәм ийилдириўши момент М менен алмастырамыз (3.3 – сүўрет,б). Соңынан тең салмақлылықтың теңлемелерин дүземиз.
У=0; Р12-Q=0; буннан Q=Р12.
Демек, балканың ыхтиярый кесиминдеги кесе (кесиўши) күш балканың алып қалынған бөлегиндеги сыртқы күшлердиң балканың вертикал көшерине проекцияларының алгебралық жыйындысына тең.
буннан

Демек, балканың ыхтиярый кесиминдеги ийилдириўши момент балканың алып қалынған бөлегиндеги сыртқы күшлерден қаралып атырған кесимниң орайына салыстырғанда алынған моментлердиң алгебралық жыйындысына тең.


3.3– сүўрет
Кесе күш ҳәм ийилдириўши момент теңлемелерин дүзиўде белгилеўдиң төмендеги қағыйдаларына бағыныў керек.
Қаралып атырған кесимнен шеп тәрепте жайласқан төменнен жоқарыға бағдарланған сыртқы күшлер кесе күш теңлемесине оң белги менен киритиледи (3.4 - сүўрет,а) ҳәм керисинше (3.4 – сүўрет,б).
Кесе күш белгисин төмендеги белги бойынша да анықлаў мүмкин: балканың қаралып атырған бөлегин кесимниң орайына салыстырғанда саат стрелкасының жүриси бойынша бурыўға умтылыўшы күшлер (3.4 – сүўрет,а) теңлемеге оң белги менен киритиледи ҳәм керисинше (3.4- сүўрет ,б).










3.4 – сүўрет.




3.5 – сүўрет.

Егер қаралып атырған кесимнен шептеги күш саат стрелкасының бағдарында момент берсе, оң тәрептеги момент саат стрелкасының ҳәрекетине тескери бағдарда болса (3.5- сүўрет,а) бул күш моменти оң белгиленеди ҳәм керисинше (3.5- сүўрет,б).
(3.5- сүўрет,а) дан көринип турғанындай, оң белгиге ийе ийилдириўши моментлердиң тәсиринде балканың бөлеги ойық (қавариқ) тәрепи менен пәске ийиледи ҳәм керисинше (3.5- сүўрет,б). Q ҳәм М белгилери төмендеги таблицада келтирилген (3.1-таблица.

Download 71.58 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling