«Тастыйыклайман»


Download 48.5 Kb.
Sana17.02.2023
Hajmi48.5 Kb.
#1207361
Bog'liq
Медицина баян





«ТАСТЫЙЫҚЛАЙМАН»
Шоманай районы ҳәкими __________Б.Янгибаев
«___» февраль 2019-жыл




Шоманай районы ҳәкимлиги мәжлислер залында өткерилген мажилис


БАЯНЛАМАСЫ

Шоманай районы «___» февраль 2019-жыл.





Басшылық етиўши:

Қатнасқанлар






-

Б.Янгибаев

-

Шоманай районы ҳәкими,

-

Қ.Ходжаметов

-

Район ҳәкиминиң биринши орынбасары,

-

Р.Клышев

-

Район ҳәкиминиң орынбасары,




С.Азизов




Районлық Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары

-

Н.Сапаев

-

районлық Медицина бирлеспеси баслығы,

тийисли мекеме кархана басшылары (дизим бойынша)




КУН ТАРТИБИНДЕ
2019-жыл 15-февраль куни «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ат шабар майданшасында болып өтетуғын марҳум сейислерди еслеў күнине бағышланған ат спорт жарысы өткерилиўи ҳаққында


(Б.Янгибаев, Қ.Ходжаметов, Р.Клышев, С.Азизов, Н.Сапаев, Б.Янгибаев)

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша мәжлисти район ҳәкими Б.Янгибаев ашты ҳәм алып барды.


Ол өз созинде Шоманай районы «Бирлешик» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пукара атақлы сийисши Қылышназаров Байрамгелдиниң 2019-жыл 15-февраль куни «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ат шабар майданшасында марҳум сейислерди еслеў күнине бағышланған ат спорт жарысын өткериў бойынша усыныс еткенлиги ҳәм ат жарысын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў қатнасыўшыларға ҳәр тәреплеме шараятларды жаратыў мақсетинде тийисли илажлар көриў, тамашагөйлерди ат спорт жарысы өткерилетуғын майданшадан белгиленген узақлықта жайластырыўын ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша районлық Ишки ислер бөлимине, районлық Медицина бирлеси ҳам тийисли тараў хызметкерлерине тапсырмалар берип өтти.
Район ҳәкиминиң биринши орынбасары К.Ходжаметов, район ҳәкиминиң орынбасары Р.Клышевлар «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ат шабар майданшасында болып өтетуғын марҳум сейислерди еслеў күнине бағышланған ат спорт жарысы өткерилиўи барысында қатнасыўшыларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде аўқатланыў орынлары ҳәм саўда орынларын жайластырыўда жеке исбилерменлерди тартыў илажларын қөриў тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясының районлық хабаршысы (У.Насыров), «Шоманай нуры» газетасы бас редакторы (К.Наурызов)лар «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ат шабар майданшасында болып өтетуғын марҳум сейислерди еслеў күнине бағышланған ат спорт жарысы бойынша мақалалар жәриялап барыў усыныс етилди.
Буннан соң кун тәртибиндеги мәселе бойынша район ҳәкиминиң биринши орынбасары К.Ходжаметов, районлық Медицина бирлеспеси Н.Сапаевлар шығып сөйлеп, өзлериниң усыныс ҳәмде пикирлерин билдирип өтти.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша мәжлис:
ШЕШИМ ҚАБЫЛ ЕТЕДИ:

1. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша шығып сойлеўшилердиң усыныслары мақуллансын.


2. «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ат шабар майданшасында марҳум сейислерди еслеў күнине бағышланған ат спорт жарысы өткерилиўине руҳсат етилсин.
3. Районлық Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары С.Азизов пуқаралардың қәўсизлигин тәмийинлеў бойынша тийисли иләжлер көрилиўи тапсырылсын.
4. Усы баянлама шешиминиң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ.Ходжаметов ҳәмде район ҳәкиминиң орынбасары Р.Клышевларға жукленсин.


Баянлама дузген Ю.Сейтжанов
Download 48.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling