Тема жобасы: Электр заряды Электр зарядның сақланыў нызамы


Зарядтың сақланыў нызамы: Ҳәр қандай туйық системада (сыртқы денелер менен электр заряд алмаспайды) зарядлардың алгебралық жыйындысы өзгермейди


Download 15.37 Kb.
bet2/4
Sana10.11.2023
Hajmi15.37 Kb.
#1765219
1   2   3   4
Bog'liq
электростатика тийкарлары

Зарядтың сақланыў нызамы: Ҳәр қандай туйық системада (сыртқы денелер менен электр заряд алмаспайды) зарядлардың алгебралық жыйындысы өзгермейди.
  • Денелердеги еркин зарядлардың концентрациясына қарап денелер өткизгишлер, диэлектриклер ҳәм ярымөткизгишлерге бөлинеди.
  • Өткизгишлер — денелер, оларда электр заряды көлем бойынша ҳәрекет қылады. Диэлектриклер (мәселен, шийше, пластмассалар) — денелер, оларда дерлик еркин зарядлар жоқ болып есапланады. Ярымөткизгишлер (мәселен, германий, кремний) өткизгиш ҳәм диэлектриклер арасындағы денелер болып есапланады.
  • Зарядтың сақланыў нызамы
  • Кулон нызамы
  • Кулон нызамы: вакуумдағы еки қозғалмас точкалық электр зарядның өз-ара тасир күши F ҳәр бир заряд муғдарлары Q1 ҳәм Q2 көбеймесине туўры ҳәм зарядлар орайлары арасындағы аралықтың квадратына кери пропорционал болады:
  • бунда ε – орталықтың диэлектрик сиңдириўшеңлиги – ол өлшемсиз шама болып, орталықдағы зарядлар арасындағы өз-ара тасир F күши вакуумдағы зарядлар арасындағы өз-ара тасир күшнен Fо дан неше мәрте киши екенлигин көрсетеди:
  • Өзгермес шама k ны әдетте басқа өзгермес ԑ0 арқалы аңлатыў мүмкин
  •  
  •  
  • Буны итибарға алған ҳалда Кулон нызамы төмендеги көрнисте жазылыўы мүмкин
  • ԑ0 = 8,85∙10-12 Кл2/Н ∙м2
  • Егер зарядты орап турыўшы орталыққа (кеңисликке) басқа заряд киритилсе, оған кулон күши тасир етеди, демек зарядты орап турыўшы орталықда (кеңисликте) күшли майдан бар екен.
  • Электр майдан
  • Қозғалмас электр заряд әтирапындағы пайда болған электр майданды электростатик майдан деп атаймыз. Биз тийкарынан усы майданды үйренемиз.
  • Электр майдан кернеўлилик векторы
  • Электростатик майданды анықлаў ҳәм тексериў ушын сынақ точкалық оң зарядтан пайдаланылады – тексерилип атырған электр майданның қәсийетин сезилерли дәрежеде өзгертирмейтуғын заряд деп есаплаймыз (майданды пайда қылып атырған зарядларды бөлистирилиўин өзгертпейтуғын).

  • Download 15.37 Kb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling