Тема: Өсимликлерди қОРҒАӮ


Download 17.71 Kb.
bet1/4
Sana24.02.2023
Hajmi17.71 Kb.
#1226269
  1   2   3   4
Bog'liq
15 leksiya


12 - ӘМЕЛИЙ


ТЕМА: ӨСИМЛИКЛЕРДИ ҚОРҒАӮ


Жумыстың мақсети: Өсимликлерди қорғаў аспектлери ҳәм тәбийий ресурслардан үнемли пайдаланыўда мәмлекетлик басқарыў усыллары менен танысыў.
Керекли әспаб-үскенелер: экологиялық карта, тәбиятты қорғаў ҳәққында мәмлекетлик қарар дизимлери, Президент пәрманлары, реңли сүўрет альбом, көргизбе материал, видиопроектор.
Қолланылатуғын тәлим технологиясы: диалог усылы, сәўбет, ақылый ҳүжим, өз-өзин қадағалаў.
Теориялық материал: Өсимликлер таўсылатуғын тәбийий ресурсларға жатады ҳәм оларды қайта тиклеўге болады. Ҳәзир дунья жүзинде 500 мыңнан аслам өсимлик түрлери бар. Олар жер бетиндеги тиришиликтиң тийкары болып есапланады. Биосферадағы өсимликлер дүньясын жасаў жағдайына ҳәм тарқалыўына қарап, үлкен үш топарға бөлиў мүмкин. Олардың биринши топарына суў өсимликлери киреди ҳәм олар адамлар тәрепинен жүдә аз пайдаланылады. Бирақ олар суўда жасаўшы организимлердиң тиришлик етиўи ушын үлкен әҳмийетке ийе . Соңғы жыллары суў бассейнлери, көллер теңизлер, океанлар нефть ҳәм санаат тасландылары менен ҳәдден тысқары патасланып атыр. Бул суў осимликлериниң тиришлигин аўырластырмақта. Усыған байланыслы суў өсимликлерин қорғаўдың зәрүрлиги пайда болады.
Өсимликлердиң екинши топарына топырақ араларында ямаса астында жасаўшы өсимликлер, яғный бактериялар жасыл суў отлары, замаррықтың айырым түрлери жатады. Олар топырақ пайда етиў процессинде ҳәм оның өнимдарлығының қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Бирақ топырақтың соңғы ўақытлары санаат тасландылары менен патасланыўы топырақта жасаўшы өсимликлердиң тиришлигине әдеўир зиянын тийгизбекте.
Өсимликлердиң үшинши топарына тийкарынан жердиң үстинде өсетугын өсимликлер жатады. Олар адамлардың хожалық искерлиги нәтийжесинде зыянланады. Усыған байланыслы жер үсти өсимликлериниң тәбийий ресурсларынан узақ жыллар пайдаланыўға ерисиў ушын, оларды ҳәр қыйлы зыянланыўдан қорғаў ең әҳмийетли ўазыйпалардан емапланады.



Download 17.71 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling