Тема: Өсимликлерди қОРҒАӮ


Өсимликлердиң тәбияттағы, зат айланысындағы ҳәм адам тиришлигиндеги роли


Download 17.71 Kb.
bet2/4
Sana24.02.2023
Hajmi17.71 Kb.
#1226269
1   2   3   4
Bog'liq
15 leksiya

Өсимликлердиң тәбияттағы, зат айланысындағы ҳәм адам тиришлигиндеги роли

Тәбияттағы затлардың айланысында өсимликлердиң роли уллы. Ол өсимликлердиң денесинде жүретуғын фотосинтез процесс арқалы әмелге асырылады. Фотосинтез бул жүдә қурамалы биологиялық процесси. Өсимликлер денесиндеги жасыл пигмент – хлорофилл денешеси арқалы куяш энергиясын өзине қабуллайды ҳәм оның жәрдеминде сырттан қабулланған көмир қышқыл газин ҳәм суўды бириктирип, энергияға бай органикалық бирикпелерди сентезлийди. Нәтийжеде куяш энергиясы химиялық бирикпелер қурамына өтеди. Бул органикалық затлар барлық тири организимлерге тиккелей ямаса басқа бир денелер арқалы аўқатлық хызметин атқарады. Солай етип фотосинтез процессин жүргизиўши жасыл өсимликлер жер бетиндеги тиришликтиң тийкары болып табылады.


Фотосинтез жасыл өсимликлер өсетуғын жер шарының барлық аймағында өтеди. Мс қурғақта өсетуғын жасыл өсимликлер жылына шама менен 20-30 млрд тонна , айырым илимпазлардың есаплаўларына қарағанда ҳәттеки 100 млрд тонна көмир қышқыл газин өзине сиңиреди. Жер бетиндеги барлық жасыл өсимликлер фотосмнтез процесси нәтийжесинде ҳар жылы 177 млрд т органикалық затты пайда етеди. Оның 122 млрд тоннасын қурғақлықтағы өсимликлер (70 млрд т. тоғайлар ) , 55 млрд т суў өсимликлери пайда етеди. Фотосинтез процесси тәсиринде бир жылда топланған химиялық энергияның муғдары дүнья жүзи электростанциялары ислеп шығарылған энергиядан 100 есе артық болады. Ҳайўан ҳәм өсимликлердиң дем шығарыў нәтийжесинде атмосфераға бөлинип шығарылатуғын көмир қышқыл гази, жасыл өсимликлердиң фотосинтез процессинде қайтадан өзлестиреди. Егер көмир қышқыл газиниң атмосфераға үзиликсиз шығыў процеси болмаса, атмосферадағы газ фтотсинтез процесси тек 300 жыл жүргизиўге жетер еди. Усының менен қатар жасыл өсимликлер фотосинтез процессинде көп муғдардағы кислородты атмосфераға бөлип шығарады.
Тәбияттағы зат айланысында жасыл өсимликлер үлкен рол атқарады. Органикалық зат пайда етиўде олардың топырақтан тамыры арқалы алған минерал затлар да буған қатнасады. Бул затлар қайтадан ҳайўан ҳәм өсимлик қалдықлары ямаса минерал төгинлер түринде топыраққа араласады. Буннан тысқары жасыл өсимликлер климатқа, ҳайўанатлар ҳәм биосфера компонентлерине үлкен тәсирин тийгизеди. Себеби олар өз ара тығыз байланыста. Сондай ақ олар адамлардың тиришлигинде де үлкен роль атқарады, өйткени жасыл өсимликлерден азық аўқатларды, дәрилерди, техникалық ҳәм қурылыс материалларын таярлайды. Жуўмақластырып айтқанда жасыл өсимликлердиң азайыўы биосфераның тиришлигиниң бузылыўына алып келеди. Сонлықтан экологиялық системаның бир пүтинлигин , биосфераның нормал тиришлигин сақлаў ушын дүнья жүзиндеги барлық өсимликлерди қорғаў зәрүр.



Download 17.71 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling