Томлар. Каракалпак фольклоры pdf


Download 18.34 Kb.
bet3/3
Sana16.06.2023
Hajmi18.34 Kb.
#1517377
1   2   3
ӨНЕРЛИНИЦ ҚОЛЫ АЛТЫН
(Р-1085. № 182787)
Бурынғы өткен заманда Ақсарай деген елде әдалатлы бир патша болыпты. Ол өмириниц ақырына дейин халқына зулымлық етпестен, ақыллылық пенен елин басқарыпты. Патшаныц жалғыз улы бар екен. Ол ҳеш тахтқа қызықпас, бирақ, өнерли болып ер жетипти. Өнер болғанда да ол тап тоқымашылыққа қызығып, кесте тоқыйды екен. Буннан патша қатты қапа болыпты. Жалғыз улыныц жолын даўам етип, тахтқа қызықпағанына ашыныпты. Соған қарамастан патша баласын мәжбүрлеп, тахтқа отырғызбақшы болыпты. Тахт мийрасхоры болса еки аяқяап тахттан ўаз кешипти. Қатты ашыўы келген патша баласын зинданға таслатыпты. Зинданда баласы қарақшылар менен бир неше ай болыўына туўра келипти. Арадан ўақыт өтип, патша улын көрмекши болып, зинданға келипти. Патша не көз бенен көрсин, қараса, баласына қосылып қарақшылар да кесте тоқып атыр екен. Олардыц қасында жатырған бир-биринен сулыў тоқылған кестелерди көрип, патшаныц аўзы ашылып қалыпты.
— «Өнерлиниц қолы алтын» деп усыны айтса керек. Баламды бийкарға айыплаған екенмен.
Қарац, улым өнерин қарақшыларға да үйретипти. Демек, баламнан үлкен үмит етсем болады. Ол
өнерин халкына да үйрете алатуғынлығына анық көзим жетти. Балам қарақшыларды да туўры жолға
сала алды, — деп патша улыныц исинен сүйсинипти.
Солай етип, патша баласын ҳәм қарақшыларды зинданнан шығарыўға буйрық береди. Әдалатлы патша буннан соц өнерли баласына кец имканиятларды жаратып береди. Нәтийжеде Ақсарай елинде тоқымашылық, кестешилик өнери ен жайып, раўажланып кетеди. Қоцсы еллерден адамлар бул өнердиц даўрығын еситип, ағылып келе баслайды. Саўда-сатық жүрисип кетеди.
Әдалатлы патша буннан кейин де көп жыл елин басқарып, өлиминиц алдында тахтын улына тапсырып кетипти.
Download 18.34 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling