Watan, seniñ aspaniñ biyik!


УАТАН СЕНИҢ ПЕРЗЕНТЛЕРИҢ БАР !


Download 23.48 Kb.
bet5/6
Sana23.06.2023
Hajmi23.48 Kb.
#1652559
1   2   3   4   5   6
Bog'liq
Watan

УАТАН СЕНИҢ ПЕРЗЕНТЛЕРИҢ БАР !

Уатан сениң перзентлериң бар!


Уйқысыз түнлерде тым демин жутқан,
Елим деп сап тартып турыпты әскер,
Ата-баба қаны бойында аққан.

Уатан сениң перзентлериң бар!


Ерназар,Едиге, алып жýрекли,
Бири қылыш болып,бири қалқан,
Уллы ýатан босағасын дөретти

Уатан сениң перзентлериң бар!


Бас кетседе ҳалқын ойлаған,
Алла қоллап жалғыз Аллаяр,
Душпан оғын жанға жайлаған

Уатан сениң перзентлериң бар!


Уатан ушын соғар жýреги,
Аз ҳалық емес енди миллионлар,
Уатан саýлаты - олар жүреги!

Зийнелбай Юсупбаев


Қоңырат районы
13. 01. 2021 ж.

#УАТАН_БИЗИКИ

Билектиң күши менен,


Найзаның ушы менен,
Илахийдиң иси менен,
Қорғаған ел, Уатан бизики.
📝
Қаны шашылып айдалада,
Айдос баба қалды жалада.
Ханларды қорқытқан баба,
Қорғаған ел Уатан бизики.
📝
Маман бийде ел деп жанды,
Ерназарым топты жарды.
Амангелди жанға жан алды,
Қәсийетли топырақ, Уатан бизики.
📝
Ақ жаулықлы аналарда,
Шамшетов елин паналарда,
Аты шығып үлкен қалаларда
Қәсийетли ел Уатан бизики
📝
Уатанының арын арлап,
Досназаров өтти зарлап.
Көз жас төгип халқын барлап,
Қәсийетли ел, Уатан бизики.
📝
Небир баба жаннан кешти,
Турым бий хан дарын кести.
Бул ел халық тәберик дести,
Әзиз Уатан, Қарақалпақстан бизики.
📝📝📝

Абди Хамзе✍

Азамат Нуратдинов

ТОПЫРАҒЫ ƏЗИЙЗ ƏДҮЛИ УАТАН

Eлимиз ғəрезсизлигиниң 29-жыллығына бағышланады.

Сен себепли уйқым путин бəрхама
Сенде татқан ас дузым да бийбаха
Əму толқынларын шайпатқан саға
Алыс кетсем еслетер мудам
Топырағы əзийз əдүли уатан

Хəр тəрепиң қурғақ еди шөл бурын


Қарақалпақ десе хəзир билмес ким ?
Хəуиж алып рауажлану куннен кун
Шырай ашқан хəр бир қалаң
Топырағы əзийз əдүли уатан

Паналап жериңе қоным тапқанды


Жат көрмедиң бауырын басқаңды
Иллə ашық болғай мəңги аспаның
Сен нəпесимдесең хəр алған
Топырағы əзийз əдүли уатан

Дымағыңа сары жусан ийси тебер


Мəрт туған Алпамыс хəм Едигелер
Быраз жерге жасым барған менен
Сени бала минез қызғанаман
Топырағы əзийз əдүли уатан

Ел перзенти атын ақлай алмасам


Барған жерге байрағыңды аспасам
Сен турғанда басқа елди мақтасам
Кеширме балаңды ата мəкəн
Топырағы əзийз əдүли уатан

Кең далада тамыр алған байтерек


Мəргия бой созған бостан теберик
Ал жигирма тоғыз жасың мубəрек
Топырағы əзийз əдүли уатан
Журек төрим Қарақалпақстан !.

Азамат Аматов




Download 23.48 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling