Ўзбекистон республикаси халқ таълим вазирлиги


Цемент қамырың пластикалық беккемлигин (Р


Download 387.5 Kb.
bet10/12
Sana27.01.2023
Hajmi387.5 Kb.
#1134142
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   12
Bog'liq
химтехнология лаборатория узб-2010

Цемент қамырың пластикалық беккемлигин (Рm) анықлаў.

Алюминий оксидиниң концентрленген суспензиясының жылысыў кушлениўин А.Ребиндердиң конуслы пластометринде өлшеў цемент қамырың пластикалық еккемлигин (Рm) анықлаў.


Ребиндердиң конуслы пластометри күшли структураланған дисперс системалардың жылысыў күшлениўин анықлаў ушын қолланылады. Əсбаптың схемасы 7 сүўретте сызылған. Ол сабақ илдирилген метал конустан 1, сабақ дискке 2 орнатылған. Сабақтың екинши ушына конусты теңлестирип турыўшы таслары бар пəлле илдирилген. Дисканың 2 салмақ орайында тубилдирикке отыргызылған призма 3 орналасқан. Диск теңсалмақта турады ҳəм ең аз суйкелисиўге ийе жеңил қозғалатуғын блок болып есапланады.
Жылысыў күшлениуин анықлаў конустың ыдыста 6 турған изертлениўши зат қамырына белгили жук тəсийринде кириў тереңлигин өлшеўден ибарат.
Конус сабақтың екинши ушындағы пəлледен таслардың биреуин алғаннан кейин əсте-ақырын қамырға киреди. Конустың қамырға кириўи конус бақанына бекитилген микрошкала 4 жəрдеминде өлшенеди, шкала өзгерисин микроскоп 5 арқалы есапланады.
Жылысыў күшлениўин өлшеў ушын конустың ушын изертленетуғын дисперс система қамырының горизонталь бетине тийип туратуғын етип орналастырылады. Сабақтың екинши ушындағы палледен тасты алып конустың қамырға кириуин ол тоқтағанша бақлайды. Конустың кириуи тоқтағаннан кейин тағы бир тас алынып конустың кириуин тағы ол тоқтағанша бақлайды.
Конустың кириуи белгили жук Ф тəсийринде шегине hm жеткеннен кейин конустың қаптал сыртынан тəсийир етиуши күш, системаның жылысыў күшлениўине Ө тең.
Методтың назариясына муўапық

бул жерде К-конустың муйешине бағынышлы турақлы~

a=450 ушын Ка=0,658, а=900 ушын Ка=0,159
Ф ның мəниси жуктиң салмағына тең.
Ө ның мəниси конустың екирет кириуиниң орташасына тең.
Изертленетуғын Al2O3 тиң минерал май менен суспензиясын таярлаў ушын 100 грамм унтақ ҳəм 40 г вазелин майы өлшеп алынады.
Унтақ фарфор кесешеге салынады ҳəм оған аз-аздан минерал май тамызылады. Май қосылғаннан кейин араласпа жақсылап шпатель менен араластырылады. Майды қосыу ҳəм араластырыу концентрленген бир қыйлы қамыр алынған –да тоқталылады. Оның концентрациясынан ауысып қалған майдың массасын есаплаў арқалы табылады. Таярланған суспензияны пластометрдиң арнаўлы ыдысына өткериледи.
Жылысыў күшлениўи анықланғаннан кейин суспензияға 0,03 г (2 тамшы) олейин кислота тамызылады, шпатель менен 5 мин. жақсылап араластырылады ҳəм өлшеў қайталанады. Оннан кейин тағы 2 тамшы олейин кислотасы тамызылады шпатель менен 5 мин араластырылады тағы жылысыў күшлениўи анықланады.
Өлшеўлердиң нəтийжелери суспезияның жылысыў кушлениўиниң олейин кислотасы концентрациясына бағынышлылығын график туринде көрсетиледи.
Суспензия бөлекшелер байланысының беккемлигине сырт-актив затлардың тəсийирине дыққат аударыу керек.
Бул усылда тəжрийбе өткериў аңсат болғаны менен əсбапты жыйнауға байланыслы көпшилик затлар табылмайды. Цемент, ылай, топрақ усаған затлардың жылысыў кушлениўин анықлаў ушын Ф.Л.Глекель усы усыл менен Гепплер консистометринде цемент т.б. затлардың пластикалық беккемлигин Pm ди анықлаўды усынады. Гепплер консистометринде өзгерислер киритиледи.
Цемент қамырында структура пайда болыўынын кинетикасы системаның пластикалық беккемлигиниң Pm өзгерисин өлшеў арқалы бақланды. Өлшеўлер Гепплер консистометринде алып барылады (__-сүўрет). Консистометрге конус орнатылып жумысқа ийкемлестирилген (П.А.Ребиндер усылы бойынша).





Конус полат, муйеши 450 тегис, жылтыр. Конустың қамырға кириў тереңлиги 5 мм, усы тереңликке конус кириўи ушын керекли болған жук анықланады.
Pm есаплау формула бойынша есапланады
бул жерде Ф-жук, кг конустың белгили тереңликке h см кириўи ушын керекли болған~
- конустың ушы а менен көрсетилген муйеш коэффициенти.
Бизиң шараятымыз ушын Ка= 0,658 тең болады.



__-сүўрет. Геплер консистометриниң улыүма көриниси

40-50 г муғдарындағы араласпа фарфор кесешеге 3 мин даўамында араластырылып, ишки тəрепинен парафинленген бийиклиги 20 мм алюминий бюкске толтырылып усти шпатель менен тегисленип, оннан сон эксикаторға известтиң тойынған еритпесиниң устине жайластырылады. Белгили ўақыт аралығында мыс. 5,15,30,60,90,120 мин 3,6,24 саат 3,7,15 сутка Pm өлшенеди.


Өлшеулердиң нəтийжелери төмендеги тəртипте кестеге жазылады`
Араласпаның қурамы ……………………………………

Жумыстың басланған ўақты ……………………………(к/с=0,45)



Сане ҳəм бюкстиң Н

ўақыт

Муддети

Конустын кириуи

h

P

KaP

h2/100

Pm

Ескертиу

дан

шекем

10.06.06
№10

900
905
920

5
15
30
60
90
120

2,45
1,85
1,00

18,80
17,70
13,40

16,35
15,85
12,40


















Download 387.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   12




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling