Збекстан республикасы
XXII бап. Сайлаў системасы
Download 371.64 Kb. Pdf ko'rish
|
kr
XXII бап. Сайлаў системасы
128-статья. Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе болып табылады. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, өз ерк-ықрарын теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепилленеди. Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ўәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаў тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллик мүддети тамамланатуғын жылда – октябрь айы үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи, усы Конституцияда нәзерде тутылған мүддетлерден алдын сайлаў өткериў жағдайлары буннан тысқары. Сайлаўлар улыўма, тең ҳәм туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Өзбекстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Президенти мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын белгилеўге ҳақылы. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымлары депутатларының тийисли қоспа мәжилислеринде усы депутатлар сайланғанынан соң бир ай ишинде олар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен сайланады. Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып турған шахслар сайланыўы мүмкин емес. Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегенлиги ушын судтың ҳүкимине көре еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан тек ғана нызамға муўапық ҳәм де судтың шешими 42 тийкарында айрылыўы мүмкин. Басқа ҳәр қандай жағдайларда пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тиккелей ямаса жанапай шеклеўге жол қойылмайды. Өзбекстан Республикасы пуқарасы бир ўақыттың өзинде екеўден артық мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымының депутаты болыўы мүмкин емес. Сайлаў өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди. Download 371.64 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling