10-статья.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары:
бир айлық мүддетте усы Конституциялық Нызам редакциясындағы
Өзбекстан Республикасы Конституциясы текстиниң қайта басылыўын ҳәм
көп нусқада басып шығарылыўын тәмийинлесин;
усы
Конституциялық
Нызам
редакциясындағы
Өзбекстан
Республикасы Конституциясының мәнисин ҳәм әҳмийетин кең
жәмийетшиликке, әсиресе, жасларға жеткериў ҳәм түсиндириў
бойынша
комплексли илажларды еки айлық мүддетте ислеп шықсын ҳәм де олардың
әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
нызамшылықты усы Конституциялық Нызам редакциясындағы
Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықластырыў бойынша ис-
илажлар бағдарламасы орынланыўын ҳәр шеректе көрип барсын.
52
11-статья.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды әдил судлаўды әмелге
асырыўда судлар тәрепинен конституциялық нормалар туўры ҳәм бирдей
қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде барлық
инстанция судлары
тәрепинен ислерди көрип шығыўдың усы Конституциялық Нызам
редакциясындағы Өзбекстан Республикасы
Конституциясы нормаларын
туўрыдан-туўры әмел етиўши ҳүжжет сыпатында қолланыў бойынша
бирден-бир суд әмелияты ҳаққындағы Жоқарғы суд Пленумы қарарын үш
айлық мүддетте қабыл етсин.