Збекстан республикасы
Download 371.64 Kb. Pdf ko'rish
|
kr
- Bu sahifa navigatsiya:
- 145-статья.
- 146-статья.
144-статья.
Прокуратура уйымларының бирден-бир орайластырылған системасына Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры басшылық етеди. Қарақалпақстан Республикасының прокуроры Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасының жоқары ўәкиллик уйымы тәрепинен тайынланады. Ўәлаятлардың прокурорлары, район ҳәм қала прокурорлары Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры тәрепинен тайынланады. Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының, ўәлаят, район ҳәм қала прокурорларының ўәкиллик мүддети – бес жыл. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры лаўазымын ийелеўи мүмкин емес. 145-статья. Өзбекстан Республикасының прокуратура уйымлары өзиниң ўәкилликлерин басқа мәмлекетлик уйымларынан, басқа шөлкемлерден, лаўазымлы шахслардан ғәрезсиз түрде, тек ғана Өзбекстан 47 Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына бойсынған ҳалда әмелге асырады. Прокурорлар өз ўәкилликлери дәўиринде сиясий партияларға ҳәм сиясий мақсетлерди гөзлеўши басқа жәмийетлик бирлеспелерге ағзалықты тоқтатып турады. Прокуратура уйымларын шөлкемлестириў, олардың ўәкилликлери ҳәм хызмет көрсетиў тәртиби нызам менен белгиленеди. 146-статья. Өзбекстан Республикасы аймығында жынаятшылыққа қарсы гүрес бойынша оператив-қыдырыў, тергеў ҳәм басқа да арнаўлы ўазыйпаларды өз бетинше атқаратуғын жеке шөлкемлерди, жәмийетлик бирлеспелерди ҳәм олардың бөлимшелерин дүзиў ҳәм де олардың жумыс ислеўи қадаған етиледи. Нызамлылық ҳәм ҳуқық тәртибин, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўда ҳуқық қорғаў уйымларына жәмийетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралар жәрдем көрсетиўи мүмкин. Download 371.64 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling