Ҳǝзирги дǝўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халық аралық бирге ислесиўлер


Уллы жипек жолын тиклеў бойынша халықаралық бирге ислесиўлер


Download 67.06 Kb.
bet3/8
Sana17.06.2023
Hajmi67.06 Kb.
#1522788
1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
Ҳәзирги дәўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халықаралық бирге ислесиўлер

2.Уллы жипек жолын тиклеў бойынша халықаралық бирге ислесиўлер

Уллы жипек жолы көплеген әсирлер даўамында ҳәр қыйлы халықлардың жақынласыўына, идеялар ҳәм билимлер алмасыўына, тиллер ҳәм мәдениятлардың бир-бирин байытыўына хызмет етти. Әлбетте сол алыс дәўирлерде сиясий жәнжеллер болып турды, урыслар келип шықты, бирақ Уллы жипек бәрқулла қайта тикленди. Бирге ислесиўге ҳәм жоқары абадан турмысқа умтылыў сиясий ҳәм диний қарама - қарсылықлардан бәрқулла жоқары турды. Сонлықтан келешектеги халықлардың өз-ара қарым-қатнасықлары ҳәм бирге ислесиў моделин дүзгенде бул исенимли мысалды пайдаланыў зәрүр. Уллы жипек жолының тарийхы-бул Шығыс ҳәм Батыс халықлары арасында кең түрде мәдений алмасыўлар ҳәм пайдалы қарым-қатнасықлардың тарийхы. Ол тек тығыз бирге ислесиў ҳәм мәдений байланыслар тынышлықтың ҳәм пүткил адамзаттың келешек раўажланыўының тийкары болып табылады.


1993 жылы БМШ Бас Ассамблеясы дипломатия, мәденият, илим, саўда ҳәм туризм тараўында халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийетли буўыны сыпатында Уллы жипек жолын қайта тиклеў ҳаққында қарар қабыл етти.
XX әсир ақырында Уллы жипек жолын тиклеў жумыслары ис жүзинде әмелге асырыла баслады. Евразия континенти еллерин ҳәм ҳәр қыйлы үлкелерди байланыстырыўға бағдарланған транспорт системалары қурылды ҳәм реконструкция исленди.
13-жылы майда Брюссельде Европа комиссиясы тәрепинен Орайлық Азия ҳәм Кавказ, сондай-ақ Европа аўқамы мәмлекетлериниң ўәкиллериниң ушырасыўы шөлкемлестирилди. Ушырасыўдан мәқсет Орайлық Азия ҳәм Кавказдағы жаңа ғәрезсиз мәмлекетлердиң экономикасын дүнья жүзлик экономикаға интеграциялаў мәселесин қарап шығыў болды. Бул мәселе биринши гезекте транспорт ҳәм коммуникация системасын раўажландырыў менен байланыслы болды. Брюссель ушырасыўында Европа-Кавказ-Азия транспорт коридоры - ТРАСЕКАны дүзиў мәселеси көрип шығылды. Бул ушырасыў Уллы жипек жолын қайта тиклеўде биринши әмелий қәдем болды. Бунда Орайлық Азия республикалары, экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (ЭКО) еллери арасында ҳүкиметлер аралық шәртнамаға қол қойылды. Бул шәртнамаға сәйкес Пекинди Стамбул менен байланыстыратуғын ТрансАзия магистралының бир бөлими болған Теджен-Серахс-Мешхед темир жол бағдарын қурыў әмелге асырылды. Оның әмелге асырылыўында әҳмийетли қәдем 16 жылы Серахста Орайлық Азия ҳәм Иран темир жол магистралларының қосылыўы болды. Бул транспорт коридорының ашылыўы Өзбекстанның Шығыста (9 Азия-Тыныш океаны үлкеси еллери), Батыста (Туркия ҳәм оннан арман қарай Европаға) сыртқы саўда байланысларының өсиўине мүмкиншилик береди.
18 жылы 8 сентябрьде Азербайжан пайтахты Бакуде Уллы жипек жолын тиклеўге бағышланған халықаралық конференция болып өтти. Конференцияда дүньяның 32 елиниң ўәкиллери, сондай-ақ БМШ, Европаны қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў банки, Жержүзлик банк ўәкиллери қатнасты. Баку конференциясында оның қатанасыўшылары ТРАСЕКА жойбарын әмелге асырыў бойынша Комиссияны ҳәм баслы орайы Баку болған турақлы секретариатты дүзиў ҳаққында усынысты қоллап қуўатлады. Темир жол қурылысы менен бирге Өзбекстан Қытай ҳәм Пакистанға, сондай-ақ Бухара-Серахс-Мешхед-Тегеранға шығатуғын Андижан-Ош-Иркиштам-Кашгар автомобиль жолын қурыў ҳәм реконструкциялаўға қатнасты.
«Шығыс-Батыс» ҳәм «Арқа-Қубла» коридорларын қурыў жолы менен ҳәзирги заман транзит Евразия транспорт тармағының қәлиплескени ҳаққында айтыўға болады. Ис жүзинде Транссибир магистралы менен бирге, оған қарағанда 2 мың км. қубла тәрептен өтетуғын трансевразия бағдары қурылды. Трансазия магистралын (Пекин-Алмаата-Ташкент – Тегеран-Стамбул ҳәм оннан арман қарай Европаға) қурыў ҳақыйқатқа айланбақта. Автомобиль жоллары, аэропортлар реконструкция исленбекте, газ өткизгишлер реконструкция етилмекте ҳәм ол, әлбетте, экономиканың раўажланыўына ҳәм Жипек жолы еллеринде социаллық қарама-қарсылықтын төменлеўине қолайлы шараятлар жаратып береди. Дүньялық теңиз жолларына қарай автомобиль ҳәм темир жоллар курыў жойбарларын әмелге асырыў мүмкиншилиги, теңиз терминалларына шығыў мәқсетинде Орайлық Азияның транспорт коммуникацияларын раўажландырыў экономикалық мәселеде шешиўши геосиясий машқалаға айланбақта. Бул машқаланың шешилиўине тек үлкемиздиң еллери ғана емес, ал ис жүзинде барлық дүньялық державалар мәпдар болмақта.
Бул трансконтиненталь магистраллардың өмир сүриўи Уллы жипек жолы бағдарларына сәйкес келеди, Өзбекстанның Орайлық Азия еллери менен сыртқы экономикалық байланысларын раўажландырыўға, Азия-Тыныш океан үлкесиндеги еллерге, Азияда Ҳиндстан ҳәм Қытайға, Туркияға, сондай-ақ Европа менен транзит жүклерди тасыўды кеңейтиўге ҳәм дүньяның көплеген еллери менен турақлы мәдений ҳәм туристлик қатнасықларды орнатыўға мүмкиншилик береди.
Сондай-ақ Люлюньгань-Кашгар-Турменбаши-Баку-Поти-Констанца-Роттердам бағдары бойынша ҳәзирги заман Жипек жолы қурылмақта.
3000-жыллықтың басында адамзат бирге ислесиўдиң жаңа жолларын излеў зәрүрлигин аңлай баслады.
Уллы жипек жолын қайта тиклеў ҳәм изертлеў бағдарламасы көлеминде бир топар алымлар Қытайда болып қайтты (2000-жыл). Бул хызмет сапары барысында «Жипек жолы ҳаққында ҳақыйқатлық» хүжжетли фильм түсирилди. Оған Сиань, Ланьчжоу, Дуньхуан, Урумич, Тарфан, Кашгар қалаларындағы изертлеўлер материал ретинде хызмет етти. 2001 жылы бундай зкспедициялар Уллы жипек жолы бойларында жайласқан Орта Азия қалалары бойынша өткерилди.
«ТРАСЕКА» бағдарын әмелге асырыў дүнья еллерин бир бирине жақынластырыў менен бирге, дүнья еллери арасында экономикалық ҳәм мәдений бирликти ҳәм жер жүзилик тынышлықты тәмийинлеўге хызмет етеди.
XXI әсир басында Орайлық Азияға сиясий қызығыўшылық күшеймекте. Үлке энергетикалық ҳәм басқа тәбийғый байлықлар менен тәмийинленген, өндиристиң жоқары пәт пенен раўажланыўы ҳәм экспорт потенциалының жоқарылығы, демографиялық турақлылығы избе-из өсип бармақта. Сонлықтан Орайлық Азия үлкеси АҚШ, Европа Аўқамы, Россия, Қытай, Қубла Шыгыс Азия ҳәм Ислам дүньясының итибарында болып, ҳәр қыйлы сиясий мәплер соқлығыспақта.
Бир тәрептен Европаға, екинши тәрепте шығыс мәмлекетлери – Япония ҳәм Қубла Кореяға барып тақалатуғын Уллы жипек жолы өзиниң экономикалық потенциалы жағынан Европа Аўқамы мәмлекетлериниң экономикалық потенциалына тең болған көтерилиўди тәмийинлейтуғын халықаралық жойбар болып табылады. Экспертлердиң пикиринше, улыўма ишки жалпы өним бул мәмлекетлерде адам басына 20 мың АҚШ долларын қурайды4.
Батыс ҳәм Шығыс аралығында жайласқан Уллы жипек жолының орайлық бөлимин курайтуғын бес Орайлық Азияның ғәрезсиз мәмлекетлери ҳәм Қубла Кавказ халкының турмыс дәрежеси Қубла Корея, Япония ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлериниң турмыс дәрежесинен дерлик 10 есе төмен. Батыс ҳәм Шығысты өз-ара байланыстырыўшы трансконтинентал жолдың қайта тиклениўи келешекте Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ халкын Қубла Корея, Япония, Европа Аўқамы мәмлекетлери халкы арасындағы турмыс дәрежесиндеги парықларды жоқ етиўге хызмет етеди, халықаралық саўда-сатық, мәдений байланысларды және де раўажландырады, өз-ара интеграцияның тең салмақлығын беккемлейди.

Download 67.06 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling