Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-921
31.05.2022
|
"ELEKTRO TRANS FARMATOR" ЖШЖ
Хожели районы, Шадлық көшеси н/ж
|
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзасы АК "Алокабанк" Қарақалпақстан аймақлық комплекс хизметлер көрсетиў орайы менен "ELEKTRO TRANS FARMATOR" ЖШЖ ортасында 2021-жыл 23-ноябрь куни №512Y000005-санлы кредит шәртнамасы дузилген, бирақ "ELEKTRO TRANS FARMATOR" ЖШЖ тәрепинен кейиншеллик шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли тийкарғы кредит қарыздарлығы 700 000 000 сум, соннан муддети өткен тийкарғы кредит карыздарлығы 186 666 000 сум, пайыз қарыздарлығы 80 931 200 сум, есапланған пеня 20 724 100 сум, жәми 801 655 300 сумды өндириўге судқа даўа арза киритиўди сораған.
“Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамға тийкар Исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў, мәслахат бериў, жәрдем көрсетиў ҳәмде хабар менен тәмийнлеў Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийкарғы ўазыйпалары есапланады. Жоқарыдағыларды есапқа алған халда ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамның 3-статьясы талапларынан келип шығып, тәреплер ортасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем тыныш хәм келисиў жолы менен шешиў ушын 07.06.2022 ж.саат 10:00 ға Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси номерсиз жайда жайласқан Саўда-санаат палатасына келиўиңизди сораймыз.
Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-922
Do'stlaringiz bilan baham: |