Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-886
23.05.2022
|
"MAY TEXNIKA" ЖШЖ
Қоңырат районы, Т.Айбергенов көшеси н/ж
|
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзасы АКБ "Қишлоқ қурилиш банк" Қоңырат филиалы менен "MAY TEXNIKA" ЖШЖ ортасында 2021-жыл 06-июль куни №563-санлы кредит шәртнамасы дузилген, бирақ "MAY TEXNIKA" ЖШЖ тәрепинен кейиншеллик шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли тийкарғы кредит қарыздарлығы 1 500 000 000 сум, соннан муддети өткен тийкарғы кредит карыздарлығы 200 000 000 сум, пайыз қарыздарлығы 112 808 220 сум, жәми 1 612 808 220 сумды өндириўге судқа даўа арза киритиўди сораған.
“Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамға тийкар Исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў, мәслахат бериў, жәрдем көрсетиў ҳәмде хабар менен тәмийнлеў Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийкарғы ўазыйпалары есапланады. Жоқарыдағыларды есапқа алған халда ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамның 3-статьясы талапларынан келип шығып, тәреплер ортасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем тыныш хәм келисиў жолы менен шешиў ушын 30.05.2022 ж.саат 10:00 ға Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси номерсиз жайда жайласқан Саўда-санаат палатасына келиўиңизди сораймыз.
Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-887
Do'stlaringiz bilan baham: |