2- лекция

Sana01.01.1970
Hajmi
#172524
Bog'liq
2- лекция

Лекция №2 Медицина статистикасы тийкарлары. Медицина биологиялы3 изертле7лерде статистиканы4 3олланылы7ы. Халы3 саламатлы2ы 81м оны 6йрени7 усыллары. Халы3ты4 кеселлени7шилиги 81м оны4 социал- гигиеник 18мийети. Халы3ты4 физикалы3 ра7ажланы7ы

Лекция режеси

  • Хадийселер хам белгилер арасындагы байланысты бахалау
  • Стандартластырыу усылы
  • Динамик катарларды анализ етиу
  • Саламатлы3 8а33ында т6синик
  • Кеселлик 8а33ында т6синик.
  • Халы3 кеселлени7шилигин 6йрени7 усыллары
  • Халы3 аралы3 кеселликлер классификациясы.
  • Халы3ты4 физикалы3 ра7ажаланы7ы.
  • Статистика- жәмийет пәнлериниң бири болып, ол жәмийет арасында ушырасатуғын ҳәдийселердиң муғдар өзгериўлерин сыпат өзгерислери менен байланыстырып үйренетуғын пән.
  • Статистканың тийкарғы мақсети, анық алынған ўақыт аралығында мәлим жерлердеги жәмийет арасындағы жүз берип атырған ўақыялардың муғдары, муғдар өзгерислерин олардың келип шығыў нызамлықлары менен байланыстырып үйренеди.

Статистика пәни жәмийет турмыстың қайсы тараўына тийисли ҳәдийселерди үйрениўге қарап, сол тараўдың аты менен аталады: санаат, аўыл хожалығы, қурылыс, саўда, коммунал хожалық, суд статистикасы ҳәм т.б.

Медицина, гигиена, ден саўлықты сақлаў менен байланыслы мәселелерди үйренетуғын статистика- медицина ямаса санитария статистикасы деп аталады.

Медицина статистикасының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

  • 1. Халық саламатлығын үйрениў, халық саны, қурамы, тәбийий ҳәрекети (туўылыў, өлим, тәбийий көбейиў), физикалық раўажланыўы ҳәм халық арасында ҳәм қыйлы кеселликлердиң тарқалғанлығы ҳәм олардың кешиўи, орташа өмир ҳәм т.б.
  • Улыўма кеселлениўшилик ҳәм өлимшилик көрсеткишлерин ямаса айырым кеселликлер ҳәм өлим себеплерин халықтың айырым группалары арасында олардың турмыс тәризи, сыртқы орталық, социал- экономикалық, тарийхый шарт- шараятлар менен байланыстырып үйрениў ҳәм өткерилген изертлеў нәтийжелерине тийкарланған ҳалда халық саламатлылығын жәнеде жақсылаў ҳаққында анық илимий тийкарланған ис- иләжлар ислеп шығыў ҳәм оны практикаға енгизиў;
  • 3.Ден саўлықты сақлаўды дурыс режелестириў, санитария- эпидемиология ҳәм емлеў- профилактика мекемелериниң жумысын дурыс шөлкемлестириў ушын олардың ислеўин, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сыпаты ҳәм нәтийжесин үйрениў, медицина мекемелериниң түри, саны, оларда ислеўши хызметкерлердиң саны, керекли кеселханалардағы орынлар саны ҳаққында мағлыўматлар жыйнаў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме терең анализ етиў;

Download

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling