Кириш (фалсафа доктори (PhD) диссертацияси


Download 33 Kb.
Sana14.12.2022
Hajmi33 Kb.
#1002758
TuriДиссертация
Bog'liq
ПИКИР Сапарбаева Б.


Сапарбаева Бибизада Жеӊисбаевнаға «Қарақалпақстан агрорудаларын байытыў ҳәм концентратлар тийкарында қурамалы төгинлер ислеп шығарыў технологиясы»темасындағы 5А320401 - «Органикалық емес затлар химиялық технологиясы» қәнигелиги бойынша магистрлық дәрежесин алыў ушын таярланған диссертация жумысына


ПИКИР
Питкериў қәнигелик жумысы тастыйықланған тема ҳәм дүзилген режеге муўапық жуўмақланды. Диссертация жумысыныӊ мақсети Қарақалпақстан глауконит қүмын байытыў ҳәмде глаукоконцентрат ҳәм минерал дузлар тийкарында қурамалы төгинлер алыў технологиясын ислеп шығыўдан ибарат.
Автор дүнья ҳәм Өзбекстанда минерал төгинлерди ислеп шығарыў ҳәм қабыл қылыў жағдайын анализ қылған. Қарақалпақстандағы төмен сортлы глауконит қумларын байытыўдыӊ қурғақ усылы келитрилген. Байытылған глауконит, төгинли дузлар тийкарында қурамалы глауконитли төгинлер алыў процесси үйренилген. Дәслепки шийки зат ҳәм таяр өнимниӊ электронмикроскоп, рентгенографик, хромотографик ҳәм дифференциал- термик анализлери анықланған.
Жумыста қурғақ усулда байытыўдыӊ технологиялық параметрлар кеӊ аралығындағы глауконит концентратларындағы қүрамлық өзгерислер теориялық тийкарланған ҳәм оныӊ нәтийжелери келтирилген. Глауконит концентратлары ҳәм олар тийкарындағы қүрамалы төгинлердиӊ физика-химиялық тавар қәсийетлери анықланған.
Сапарбаева Бибизада диссертацияны жуўмақлаў алдында өзин тәжирийбели қәниге-физика-химиялық изертлеў усылларын билетуғын химик-технолог сыпатында көрсетти. Тәжирийбе жумысларын алып барыўды биледи, минерал төгинлер үлгилерин таярлаў ҳәм оларды химиялық анализ қылыў усылларын биледи. Глауконит шийки заты, глауконит концентраты ҳәм алынған қурамалы төгинлердиӊ химиялық минерал қурамын өзбетинше үйренген.
Диссертант Қарақалпақ глауконити тийкарында алынған төгинлердиӊ композицияларын ислеп шығыўды түсинеди. Тәжирийбе өтизиўде ҳәм лаборатория тәжирийбелери нәтийжесинде алынған мағлыўматларды улыўмаластырыўда өз шешимин қабыл қыла алады.
Улыўма алғанда жумыстыӊ актуаллығы, көлеми ҳәм әҳмийети тәрепинен магистрлық диссертацияларға қойылған талапларға жуўап береди деп есаплайман. Б.Ж.Сапарбаева 5А320401- «Органикалық емес затлар химиялық технологиясы» қәнигелиги бойынша магистр илимий дәрежесин алыўға мунәсип.
Илимий басшы:
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ
Химиялық технология” кафедрасы доценти. Б.Д.Маденов
Download 33 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling