Математика, Әмелий математика, Компьютер илимлери) тәлим бағдары 1(ң)-топары жетекшиси Сарсенбаев Пийшенбай Жумабаевич


Download 13.96 Kb.
Sana23.12.2022
Hajmi13.96 Kb.
#1048345
Bog'liq
Тил хат (старост)


ТИЛ ХАТ

Мен, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Математика факультетиниң 1-курс (Математика, Әмелий математика, Компьютер илимлери) тәлим бағдары 1(ң)-топары жетекшиси Сарсенбаев Пийшенбай Жумабаевич беремен усы тил хатты, себеби маған берилген хызмет ўазыйпам ҳәм ҳуқықлардан нызамсыз мақсетлерде пайдаланбаўға яғный:


- жетекшилигимнен пайдаланған ҳалда топар студентлерин алдаў ямаса исенимине кириў жолы менен олардан мүлкин ямаса оның мүлкине болған ҳуқықты қолға киргизиб алдаўшылық қылмаўға (ӨзР ЖК 168 ст.);
- жетекшилигимнен пайдаланған ҳалда әмелге асырылыўы лазым ямаса мүмкин болған белгили бир ҳәрекетти пара берген шахстың мәплерин ушын орынлаўы ямаса орынламаўы ушын нызамсыз екенлигин биле тура тиккелей ямаса дәлдалшы арқалы лаўазымлы шахсқа материаллық қымбатбаҳа затлар ямаса мүлкий мәпин гөзлеп пара бермеўге (ӨзР ЖК 211 ст.);
- жетекшилигимнен пайдаланған ҳалда пара алыў ямаса пара бериў түриндеги келисиўге қаратылған ис ­ҳәрекетлерди, сондай-ақ, лаўазымлы шахслардың тапсырмасы менен тиккелей параны алыў ямаса бериў ҳәрекети менен пара алды-бердисинде дәлдалшылық етпеўге (ӨзР ЖК 212 ст.);
- мениң топарымдағы студентлер менен хошпейил қатнаста болып оларға тәлим-тәрбия ҳәм оқыў процесси менен байланыслы болмаған жеке мәпимди гөзлейтуғын нызамсыз тапсырмалар бермеўге;
усы тилхаттағы кѳрсетилген нызамсыз ҳәрекетлерди әмелге асырсам, нызам менен белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылыўым ҳәм ийелеп турған лаўазымымнан босатылыўым бойынша ескертилгенимди мәлим етип билдиремен.
____________________________ __________ ___________
(Ф.И.О) (жеке қолы) (сәнеси)
Download 13.96 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling