020 жылы сентябрьде «Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларын жүритиўди түптен жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында» ғы пф-6061-санлы Пәрман қабылланды


-Е-аукцион саўда майданшасында сатыўда турғанлар- 1576


Download 21.38 Kb.
bet2/4
Sana23.12.2022
Hajmi21.38 Kb.
#1044727
1   2   3   4
Bog'liq
ИНФОГРАФИКАГА МАГЛЫУМАТ 2

-Е-аукцион саўда майданшасында сатыўда турғанлар- 1576;
-Е-аукционда реализация болғанлар саны – 255 (4 млрд 861,91 млн сум);
-Тийисли шөлкемлер тәрепинен бийкар етилгенлер (отказ басғанлар) саны 722;
-Комиссия тәрепинен көрип шығылып атырғанлар 859;
-Қорғаныў аймағынан тексериўден қайтарилғанлар саны 451;
-Дәстүрге тәкирар киритилгенлиги себепли бийкар етилгенлер саны 49;
Сондай-ақ, аукционға шығарыў даўамында «E-qaror» дәстүри арқалы қарар жойбарын ислеп шығыў ҳәмде ҳуқық түрлерин (ижара яки мүлк) белгилеп қарар қабыл етиў керек болыўына қарамастан айырым район ҳәкимликлери тәрепинен қарар қабыл етиў тийкарсыз кешиктирип келмекте.
Буның ақыбетинде исбилерменлик субъектлери тәрепинен усыныс етилген жер участкалары тийкарсыз аукционға шығарыў кешиктирилмекте.
Мысал ушын Бозатаў районы “Көк-суў” АПЖ аймағынан қойылған P173520909959-12-санлы лот район ҳәкимлигине «E-qaror» дәстүри арқалы жиберилгеннен соң 178 күн, Қоңырат районы, “Елабад” ППЖ аймағынан қойылған P173521500135-1 -санлы лот 170 күн, Шымбай районы “Абат-мәкан” МПЖ аймағынан қойылған P173524000309-1-санлы лот 157 күн ҳәмде Елликқала районы “Шукуркок” МПЖ аймағынан қойылған P173525000338-1-санлы лот 140, Нөкис қаласы, “Қум-аўыл” МПЖ аймағынан қойылған P173525000338-1-санлы лот 140 күнге шекем кешиктирилип, ҳәзирги күндеде қарар шығарылмастан қалмақта.
Ҳәзирги күнде ҳәкимликлерде қарар қабыл етилмей турған Лотлар саны бойынша анализ қылынғанда Қоңырат районында 25, Шымбайда 19, Шоманайда 18, Елликқалада 12, Нөкис районында 7, Берунийда 6 данадан туўры келмекте. ТАБЛИЦАГА ТУСЕДИ.
YER-ELEKTRON” ААТ дәстүрине республика бойынша 324 жер майданы киритилген болса, Амударья, Беруний, Төрткүл, Кегейли ҳәм Қараөзек районлары усы күнге шекем бирде-бир жер майданы турақ жай қуырылысы ушын дәстүрге киритпеген.
Бирақ Елликқала районы 1, Шымбай, Шоманай районлары 2, Тахиаташ районы 5, Нөкис қаласы 6, Тахтакөпир 13, Хожели 14, Мойнақ 22, Қоңырат 35, Бозатаў 41, Қанлыкөл 48, Нөкис районы 135 данадан дәстүрге киритилген жер участкалардан тек ғана 30 жер участкасы аукционға шығарылып басқа киритилген жер участкалары елеге шекем аукционға шықпастан турыпты.
Буған тийқарғы себеплерден бул 132 жер майданы бойынша аукционға жер шығарыў бойынша ҳәким қарарлары қабылланбай, аукцион саўдаларына шығарылыў тийкарсыз иркилмекте. Булар Нөкис районында 93, Қоңыратта 24, Қанлыкөл ҳәм Мойнақта 6, Шымбайда 2, Елликқалада 1 дана.
Буннан басқада Мәмлкетлик Активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 77 жер майданының баҳалары белгиленбестен турғанлығы себепли аукцион-саўдаларына шығарылмастан қалмақта.

Download 21.38 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling