020 жылы сентябрьде «Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларын жүритиўди түптен жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында» ғы пф-6061-санлы Пәрман қабылланды


Download 21.38 Kb.
bet1/4
Sana23.12.2022
Hajmi21.38 Kb.
#1044727
  1   2   3   4
Bog'liq
ИНФОГРАФИКАГА МАГЛЫУМАТ 2


Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2022 жыл өткен дәўир даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққында мағлыўмат.
1-бет
2020 жылы 7 сентябрьде «Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларын жүритиўди түптен жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында» ғы ПФ-6061-санлы Пәрман қабылланды, оған көре Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик Салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги дүзилди. Парманда көплеп жаңалықлар қатарында Мәмлекетлик кадастр объектлерин ҳатлаўдан өткериў ҳәм Миллий геоахборот системасына киритиў ўазыйпасыда белгиленди.
Усы тапсырмалардан келип шығып республика тарыйхында биринши мәрте Кадастр агентлиги тәрепинен “UZKAD” дәстүри ислеп шығылып, ҳәр бир жер ийеси, жерден пайдаланыўшы, ижарашы ҳәм жер участкасы мүлкдары бойынша жер кадастры электрон мағлыўматлар базасын жаратылыўына муўапық 8 жер фонды турлери бойынша жер майданлары сызылмасы ҳәм шегаралары дәстүрге киритилип мәмлекетлик дизимнен өткерилип келинбекте.


Бүгинги күнде Республиканың административлик шегарасындағы 16 млн 659 мың 095 гектар жер майданынан 15 млн 435 мың 159 гектары (92,6%) “UZKAD” дәстүрине киритилген болып, булар;
-Аўыл хожалығына бағдарланған жерлери 6 млн 005 мың 328 гектары,
-Тоғай фонды жерлери 5 млн 980 мың 817 гектары,
-Табиятты корғаў, саламатластырыў, рекреация мақсетлерине бағдарланған жерлер фонды 1 млн 902 мың 819 гектары,
-Мамлекетлик жер коры 1 млн 537 мың 159 гектары,
-Санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа мақсетлерге бағдарланған фонд жерлери 1 мың 700,64 гектары,
-Суў фонды жерлери 7 мың 333,92 гектарды қурайды


2-бет
Буннан басқа республика аймағында 441 мың 50 дана көшпес мүлк объектлери жайласқан болып, соның 362 мың 84 дана жеке тәртиптеги турар жайлар, 35 мың 179 дана натурақ жай объектлери ҳәмде 43 мың 787 дан көп қабатлы үйлердеги квартираларды қурайды.
Исленген жумыслар менен бир қатарда бир қанша кемшиликлерде көзге тасланбақта. Атап айтқанда республика аймағында жайласқан 441 мың 50 дана көшпес мүлк объектлердың 359 мың 708 дана яғный 82% объектлердиң көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткерилген болса, 34 мың 839 дана юридик ҳужжетлери бар бирақ көшпес мүлкке болған ҳуқықлары мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген болса, кадастр базасындағы 46 мың 503 көшпес мүлктиң улыўма юридикалық ҳүжжетке ийе емес.
(Булар Төрткүлде 21 155 дана, Амударьяда 20 541 дана, Беруний районында 15 677 дана, Елликқалада 6 903 дана, , Қараөзекте 3 764 дана, Шымбайда 2 200, Нөкис қаласында 1 876 дана, Хожелиде 1 757 дана, Қоңыратта 1 729 дана, Кегейлиде 1 661, Нөкис районында 1 095 дана, Тахиаташта 1 023, Бозатаўда 673, Тахтакөпирде 549 дана, Мойнақта 259, Қанлыкөлде 250, Vда 230 дана)
Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткермеслик ҳалатлары бойынша жыл басынан берли кадастр органлары тәрепинен 2 мың 20 физикалық ҳәм юридикалық шахсларға 4 млрд 236 млн суммнан артық ҳәкимшилик жәриймалар қолланылды.


3-бет
Буннан тысқары қала ҳәм район ҳәкимликлери балансында болған объектлерди анализ қылынғанда Қоңырат районында 580 дана, Нөкис қаласында 93, Төрткүлде 21, Хожелиде 15, Шоманайда 8, Мойнақта 3 данадан объектлердиң ҳәзирге шекем кадастр хүжжетлери рәсмийлестирилмесден турыпты.


Тап усындай ҳалатларды Министрлик ҳәм кәрханалар кесиминде көрип шығылғанда “Ўзтрансгаз” АЖ 146, Жоқары ҳәм орта арнаўлы тәлим министрлигинде 90, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетинде 70, Қоңырат регионаллық темир-жол узели 64, Ишки Ислер Министрлигинде 62, Мектепке шекемги талим министрлиги 58, Туризм ҳәм мәдений мийрас басқармасында 23, Ҳалық тәлим министрлигинде 20, Ден-саўлықты сақлаў министрлигинде 19, Суў ҳожалығы министрлигинде 12, Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары АЖ 8, Транспорт министрлигинде 5, Аўыл-хожалық министрлиги 4, “Ҳудудгазтамийнат” Унитар кәрханасы Қарақалпақстан Республикасы филиалында 3, Спортты раўажландырыў министрлиги 2, Мәденият министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы комитетинде 1 данадан объектлер кадастр хүжжетлери рәсмийлестирилмесден турыпты.

4-бет
Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-февральдағы 71-санлы қарарының 2-қосымшасына тийкар Исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы бериў бойынша жәми дәстүрге киритилген жер участкалары саны – 3921 қурайды, соннан:



Download 21.38 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling