1. Сиясий көз-қараслар ҳәм тәлийматлардың қәлиплесиүи. Шығыста сиясий пикирлер ҳәм идеялар. Жаңа дәүирдеги сиясий көз-қараслар


) Жаңа дәүир сиясый көз-қараслары ҳәм тәлийматларының


Download 48.54 Kb.
bet3/4
Sana05.04.2023
Hajmi48.54 Kb.
#1273566
1   2   3   4
Bog'liq
Сиясий көз

3) Жаңа дәүир сиясый көз-қараслары ҳәм тәлийматларының қәлиплесиүинде француз социологы ҳәм сиясатшысы Алексис Токвиль (1805-1859) тийкар салғанлығын айрықша атап өтиү керек. Ол сиясый ойшыллықты сиясый әмелий ҳәрекет пенен биргеликте ақыл жўретуғын инсан болып,келешек сиясый үақыя ҳәдийселердиң алдынан кәрамат қыла алыү қәбилети менен ажыралып турады. Мәселен 1848-жылдың январь айында еле ҳешкимниң ойынада келмеген революция болыүын алдынан айтып берген, Өзиниң {Америкадағы демократия} шығармасында 1835-жылда болса, АҚШтың Мексика менен урысы (1846-1848) АҚШтың арқа ҳәм қубласы ортасындағы келиспеүшиликлердиң кескин тәризде аүырласып (1864-65) жыллардағы пуқаралар урысы барыүы ҳаққында илимий болжаү қылғанлығын бираз исеним болып өткен тарийхый ҳәдийселер менен тастыйықланғанлығы белгили. Бул басқа кәраматгөйликлерин көрсетип, тарийхшы, сиясаттаныүшы А.Шлезингер Токвилди оқыған адам оқыған адам оның уллы шығармасын (Америкадағы демократия) ҳәзирги Американың өзгешелик белгилерин барқулла тўсинип уғып алады деген еди. Өзи жасаған тарийхый дәүирдиң сиясый тәреплерин ислеп шығыүы қосқан ўлеси Токвильдиң Аристотель, Макиавелли, Монтескье қатарынан орын ийелеүге қараслы екенлигин көрсетип турады.Оның илимий усылы сиясат әмелин тығыз бирликте ҳәм бәрқулла ҳәрекет аңлаү жолында иркиниш болған ҳәр қыйлы биймәниликлерди қаралаүда өз сәүлелениүин тапдық. Токвильдиң пикирине қарағанда сиясый теңлик пенен сиясый еркинликтиң соғлысыүында бириншисине қарағанда екиншиси ең жоқары қәдирият есапланады. {Америкадағы демократия} ҳәмде {Ески тәртип ҳәм революция} шығармасында ол адамлар бир-бири менен жипсиз байланысып қалған демократиялық жәмийет баүырында жасырып жатқан, өз басымшалық тек ғана өзиниң жеке мәпин қайғырыү ойы ўстинлик етип кетиү қәүпин ескертеди.Токвиль егер сиясый басқарыү федератив тийкарда,мәканлық басқарыү ўстинлигинде, ширкеүди, мәмлекетти ажыратқан ҳалда төрешилик ҳәкимиятының ғәрезсиз ҳәм абырой итибары жетилискен тәризде ҳәрекет қылса демократиялық бул ҳәм басқа белгилери тоталитар басқарыү жолын бөгеү мўмкин деп есаплайды. Еркинлик теңлик сәйкеслик критериясына тоқталып ,халықлар турмысын ҳәм жеке адамлар тәғдирин өзгертип жиберген дерлик барлық революциялар теңликти беккемлеүге ямаса оны улыүма тоқтатыүға қаратылғанлығын Токвиль айрықша уқтырады. Оның демократия мәниси терең изертлеү нәтийжесинде ўлкен исенимлр шығарғанлығын төмендеги пикирлерде көремиз.ҳәр қандай ҳәтте ең демократияласқан жәмийетлерде де жўдә жарлы ҳәм жўдә бай халық қатламлары бәрқулла болатуғын белгили {уллы демократияласқан халықлардың} көпшилик бөлегин жарлылар емес,қурағаны мақсетке муүапық болады, себеби бундай көпшилик ҳәр қандай социаллық соғлығысыүлардың тәбийғый душпаны сыпатында ҳәрекет етеди деп атап көрсеткен. Токвильден басқа Х1Х-әсирдиң ақыры ХХ-әсирдиң басында сиясаттаныү пәниниң раүажланыүына көплеген ойшыллар өз ўлеслерин қосқан. Олардан Герберт Спенсер (1820-1903) Людвиг Гумплович (1838-1909) Франц Оппенгейлер (1864-1943) Гаэтано Моска (1858-1941) ҳәм Вильфредо Парето (1848-1923) ларды атап өтсек болады.
ХХ-әсирдиң 20-жылларына келип сиясый турмыс машқалаларына болған әмелий илимий қызығыүшылық кең көлемде ҳәүиж алып кетти. Сиясый ҳәкимият ҳәм оның ҳәрекет етиү бағдарлары,сиясый система ҳәм оның тўрлери көринислери, жәҳән сиясаты ҳәм халық-аралық шөлкемлер мәселелери анық илимий излениүлер, енгизиү ҳәм изертлеү обьекти болып қалды. Сиясый ҳәкимияттың дўзилиси ҳәрекет етиүи процеслерин сиясаттаныүда биринши изертлеген Америкалы Толкот Парнес (1902-1979) сиясый социология тараүында дизимли тийкарлы сиясый жәмийет өтәлийматының тийкар салыүшыларының бири сыпатында өзиниң илимий жумысын баслаған еди. Ол У.Вебер ҳәм В.Перетоның сиясый көз-қарасларына сўйенген ҳалда, инсанның сиясый байланысларға кирисиү себеплерин, бириншиден тил ҳәм басқа қәдириятлардың нышаны арқалы келип шығатуғын екиншиден, көпшилик сәүлелендирип мақуллнаған нызамларға қарап жеке ҳәрекет қылыүдан, ўшиншиден, бул ҳәрекетлердиң тек ғана жеке мәнисине байланыслы екенлигин көрсетеди.

Download 48.54 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling