Р-n өтиў токлары. энергияға ийе болған көплеген заряд тасыўшылар (1.1- сүўретке қараң) р-n өтиў арқалы қоңсы тараўларға диффузия есабына р-n өтиў майданына қарама–қарсы түрде жылжыйды. Олар диффузия тоғын пайда етеди. Тийкарғы заряд тасыўшылардың р-n өтиў арқалы ҳәрекети менен бир ўақытда, р-n өтиў олар ушын тезлетиўши болып тәсир көрсетип атырған майдан тәсиринде әпиўайы болмаған заряд тасыўшылар ҳам ҳәрекетленеди. Тийкарғы болмаған заряд тасыўшылар ағымы дрейф тоғын пайда етеди. Сыртқы майдан тәсир еттирилмегенде динамик теңсалмақлық орнатылады, яғный диффузия ҳәм дрейф токларының абсолют мәнислери тең болады. Лекин диффузия ҳәм дрейф токлары өз-ара қарама–қарсы бағытта ғдарланғанлығы ушын, р-n өтиўдеги нәтийжели ток нольге тең болады.
15-tema: MDP basqarılatuǵın tranzistorlardıń jalǵanıw sxemaların úyreniw (Laboratoriya)
Do'stlaringiz bilan baham: |