14-бaп. Буxгaлтерия есaбының ҲУҚЫҚый-нoрмaтивлик ҳӘм шөлкемлестириў тийкaрлaри


Download 55.54 Kb.
bet1/2
Sana11.03.2023
Hajmi55.54 Kb.
#1260446
  1   2
Bog'liq
бух есап норатив хужжетлери


14-БAП. БУXГAЛТЕРИЯ ЕСAБЫНЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ-НOРМAТИВЛИК ҲӘМ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ТИЙКAРЛAРИ


Ҳеш зaтты нызaмды билге-
нимиздей жaмaн билмеймиз.
Oнoре де Бaлзaк


14.1. Өзбекистaндa буxгaлтерия есaбын нoрмaтив-ҳуқықый тәртипке
сaлыў системaсы ҳәм oның элементлери

Өзбекистaндa бухгaлтериялық есaпты нoрмaтивлик тәртипке сaлыў системaсы ҳәм oның тийкaрғы элементлерин төрт бaсқышқa бөлиў мүмкин (14.1-сызылмa).




14.1-сызылмa. Бухгaлтериялық есaпты ҳуқықый-нoрмaтивлик тәртипке сaлыў системaсы

Биринши бaсқыш; Бухгaлтериялық есaп ҳaққындaғы нызaм; Өзбекистaн Республикaсы Пуқaрaлық Кoдекси; Өзбекистaн Республикaсының «Бaҳaлы қaғaзлaр ҳәм фoнд биржaсы ҳaққындa»ғы нызaмы, Өзбекистaн Республикaсы Министрлер Кaбинетиниң қaрaры №65 23.02.2000-ж. «Киши ҳәм oртa бизнес кәрхaнaлaры ушын есaбaтлaрды қысқaртыў ҳәм тәртипке келтириў бoйыншa илaжлaр»; Өзбекистaн Республикaсы Президентитиң қaрaры «Исбилерменлик субъектлери тәрепинен берилетуғын есaбaт системaсын жетилистириў ҳәм oны нызaмсыз тaлaп еткенлик ушын жуўaпкерликти күшейтиў ҳaққындa» (15.06.2005-ж.) ҳәм б. Сoлaрдaн «Бухгaлтериялық есaп ҳaққындa»ғы жаңа редакциядағы нызaмғa тoлық тoқтaлaмыз. Бул нызaм Өзбекистaн Республикaсындa бухгaлтериялық есaпты хaлық aрaлық стaндaртлaрғa муўaпық шөлкемлестириўдиң ҳуқықый стaтусын белгилейди.


14.1.1. Өзбекистaн Республикaсы «Буxгaлтерия есaбы ҳaққындa»ғы
нызaмы– буxгaлтерия есaбының ҳуқықый негизи
Өзбекистан Республикасының Нызамы (жаңа редакциясы)

Нызамның 1-статьясында нызамның мақсети көрсетип берилген. Онда мына мәселелер өз сәўлесин тапқан: бухгалтерия есабын шөлкемлестириў, жүритиў ҳәм есабатты дүзиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.


2-статья. Бухгалтерия есабы ҳаққындағы нызамы ҳүжжетлери
Бухгалтерия есабы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы нызам ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекистан Республикасының халық аралық шартнамасында Өзбекистан Республикасының бухгалтерия есабы ҳақкындағы нызамы ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша тәртиплер белгиленген болса, халық аралық шәртнама тәртиплери қолланылады.
3-статья. Бухгалтерия есабының тийкарғы принциплери
Үзликсизлик, исенимлилик, көрсеткишлериниң салыстырмалылығы бухгалтерия есабының тийкарғы принциплери есапланады.
4-статья. Бухгалтерия есабы
Бухгалтерия есабы барлық хожалық операцияларын яхлит, үзликсиз, ҳүжжетлер тийкарында есапқа алыў жолы менен бухгалтерия мағлыўматын жыйнаў, дизимге алыў ҳәм улыўмаластырыўдың тәртипке салынған системасынан, сондай-ақ оның тийкарында финанслық ҳәм басқа есабатты дүзиўден ибарат.
Бухгалтерия есабы хожалық операциясын бухгалтерия есабының кеминде еки счетында бир ўақытда ҳәм өз-ара байланыслы ҳалда пулда баҳалап сәўлелендириў жолы менен еки жақлама жазыў усылында жүритиледи.
5-статья. Бухгалтерия мағлыўматы
Бухгалтерия мағлыўматы басланғыш есап ҳүжжетлерине тийкарланған, бухгалтерия есабы регистрлеринде, финанслық есабатларда, түсиндирмелерде ҳәм де бухгалтерия есабын шөлкемлестириў ҳәм жүритиў менен байланыслы басқа ҳүжжетлерде сәўлелендирилетугын бухгалтерия есабы объектлери ҳаққындағы қайта исленген мағлыўматлар саналады.
6-статья. Бухгалтерия есабы субъектлери
Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары, Өзбекистан Республикасында дизимге алынған юридикалық шахслар, олардың Өзбекистан Республикасы аймағында ҳәм де оннан тысқары жайласқан сыңар кәрханалары, ўәкилханалары, филиаллары ҳәм басқа қурамлық бөлимлери бухгалтерия есабы субъектлери есапланады.
Юридикалық шахс дүзбестен исбилерменлик хызмети менен шуғылланыўшы шахслар, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары, сондай-ақ шет ел юридикалық шахсларыдың Өзбекистан республикасы аймағындағы ўәкилханалары, филиаллары ҳәм басқа қурамлық бөлимлери нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте есап жүритеди ҳәм де есабат тапсырады.
7-статья. Бухгалтерия есабы объектлери
Активлер, миннетлемелер, жеке капитал, запаслар, дәраматлар, қәрежетлер пайда, зыянлар ҳәм олардың ҳәрекети менен байланыслы хожалық операциялары бухгалтерия есабының объектлери.
Бухгалтерия есабы объектлери синтетикалық ҳәм аналитикалық есапларда жүритиледи.
8-статья. Синтетикалық ҳәм аналитикалық есап
Синтетикалық есап нызам ҳүжжетлеринде белгиленетуғын тәртипте бухгалтерия есабы объектлери хақкындағы мағлыўматларды тийисли экономикалық белгилери бойынша улыўмаластырыў жолы менен әмелге асырылады.
Аналитикалық есап бухгалтерия есабы объектлери ҳақындағы толық бухгалтерия мағлыўматын қәлиплестириў мақсетинде бухгалтерия есабының субъект тәрепинен өз бетинше ғәрезсиз белгиленетуғын тәртипте жүритиледи.
9-статья. Бухгалтерия есабы ҳәм есабатын тәртитпке салыў
Бухгалтерия есабы ҳәм финанслық есабатты тәртипке салыў, бухгалтерия есабы стандартларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў Өзбекистан Республикасы Финанс министрлигине жүклетиледи.
Бухгалтерия есабын жүритиў тәртиплери бухгалтерия есабы стандартлары, соның ишинде киши исбилерменлик субъектлери ушын әпиўайыластырылған бухгалтерия есабын жүритиў стандарты менен белгиленеди.
Бюджет шөлкемлериниң ҳәм де мәмлекет мақсетли фондларының бухгалтерия есабы ҳәм финанслық есабатын тәртипке салыў бюджет есабы стандартлары ҳәм де басқа нызам ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырылады.
Банклер ҳәм басқа кредит шөлкемлериниң бухгалтерия есабы ҳәм де есабатын тәртипке салыў Өзбекистан Республикасы Орайлық банки тәрепинен нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады.
10-статья. Бухгалтерия есабы стандартлары
Бухгалтериялық есап стандартлары бухгалтерия есабын жүритиў ҳәм финанслық есабатты дүзиўге байланыслы минимал талапларды белгилейди.
Бухгалтериялық есабының миллий стандартлары бухгалтерия есабын шөлкемлестириў, жүритиў ҳәм финанслық есабатларды дүзиўге байланыслы арнаўлы талапларды белгилейди.
Бухгалтерия есабы субъектлери финанслық есабаттың халық аралық стандартларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қоллаўы мүмкин.
11-статья. Бухгалтерия есабы ҳәм есабатын шөлкемлестириў
Бухгалтерия есабы ҳәм есабатын шөлкемлестириўди бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы әмелге асырады.
Бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы төмендеги хуқуқларға ийе:
Бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы басшылығында бухгалтерия есабы хызметин шөлкемлестириў ямаса шәртнама тийкарында жалланған бухгалтер хызметинен пайдаланыў;
Бухгалтерия есабын жүритиўди қәнигелестирилген шөлкемге (аудиторлық шөлкемлер, салық мәсләҳәт шөлкемлери ҳәм уставында бухгалтерия есабын жүритиў бойынша хызмет көрсетиў көзде тутылған басқа шөлкемлер) шәртнама тийкарында жүклеў;
- бухгалтерия есабын өз бетинше жүритиў.
Бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы;
- есап сиясаты, ишки есап ҳәм есабат системасы ислеп шығылыўын;
- ишки қадағалаў тәртибин;
- бухгалтерия есабы толық ҳәм исенимли жүритилиўин;
- есап ҳүжжетлериниң толық сақланыўы;
- салық есабатының ҳәм басқа финанслық ҳүжжетлериниң таярланыўы;
- есап китаплар өз ўақтында әмелге асырылыўын;
Усы Нызам 12-статьясының талапларына әмел қылыўын тәмийнлиўи шәрт.
12-статья. Бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы
Бас бухгалтер ямаса бухгалтерия есабы ҳәм финанслық басқарыў ўазыйпаларын әмелге асырыўшы басқа мәпдар шахс бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы есапланады.
Бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы тиккелей бухгалтерия есабы субъектиниң баслығына бойсынады.
Бухгалтерия есабы хызмети баслығының хожалық операцияларын ҳүжжетлер тийкарында рәсмийлестириў ҳәм оларды бухгалтерия есабы хызметине көрсетиў бойынша талаплары бухгалтерия есабы субъектиниң барлық хызметкерлери ушын мәжбүрий саналады.
Бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы ҳәм бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы ортасында айырым хожалық операцияларын әмелге асырыўға байланыслы келиспеўшиликлер жүзеге келген ўақытта, олар бойынша ҳүжжетлер операциялар әмелге асырылыўының ақыбетлери ушын жеке тәртипте жуўапкер болған бухгалтерия есабы субъекти баслығының жазба бийлиги менен орынлаўға қабыл қылыныў мүмкин.
Мәжбүрий аудиторлық тексериўинен өтиў керек болған бухгалтерия есабы субъектиниң (банклер ҳәм басқа кредит шөлкемлери буған кирмейди) бухгалтерия есабы хызмети баслығы төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:
- жоқары мағлыўматга ийе болыўы;
Жоқары экономикалық мағлыўматға ийе болған ўақытта, ақырғы бес календарь жылдан кеминде үш жылы, экономикалық емес жоқары мағлыўматга ийе болған болса, ақырғы он календарь жылдан кеминде жети жылы бухгалтерия есабын жүритиў ямаса финанслық есабатты дүзиў ямаса аудиторлық хызмети менен байланыслы ис стажына ийе болыў.
Мәжбүрий аудиторлық тексериўинен өтиўи керек болған бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы бухгалтерия есабы хызмети баслығының ҳәр жылы қәнигелигин асырыўдан өтиўин тәмийинлеў шәрт.
Усы статья бесинши ҳәм алтыншы бөлимлериниң талаплары мәжбүрий аудиторлық тексериўинен өтиў бухгалтерия есабын жүритиўди шәртнама тийкарында жуўапкершилигине бекитилген қәнийгелестирилген шөлкем хызметкерине қатнаста да енгизиледи.
Белгиленген тәртипте қатнасқа жарамсыз ямаса қатнас уқыбы шекленген деп табылған, сондай-ақ қастан исленген жынаяты ушын судланған жағдайы сапластырылмаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған шахс бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы болыўы мүмкин емес.
Банклер ҳәм басқа кредит шөлкемлериниң бухгалтерия есабы хызмети баслығын қойылатуғын талаплар Өзбекистан Республикасы Орайлық банк тәрепинен белгиленеди.
13-статья. Имза ҳуқуқы
Пул, товар-материаллық баҳалықларды ҳәм басқа баҳалықларды қабыл қылыў ҳәм де бериў ушын тийкар болып хызмет қылатуғын ҳүжжетлер, кредит ҳәм есап-китап миннетлемелери, сондай-ақ финанслық ҳәм басқа есабатлар бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы тәрепинен ямаса ол тайынлайтуғын шахслар тәрепинен имзаланады.
Бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы имза ҳукықына ийе болған шахслардың еки дизимин тастыйықлайды. Биринши дизимге бухгалтерия есап субъектинде баслық ўазыйпаларын әмелге асырыў шахслар, екиншисине болса, бухгалтерия есабы финанслық басқарыў ўазыйпаларын өз мойнына алған болса, ол жағдайда еки дизимде де өзин көрсетеди.
Усы статьяның екинши бөлиминде көрсетилген шахслардың имзасы жоқ ҳүжжетлер ҳақыйкый емес деп есапланады.
14-статья. Басланғыш есап ҳүжжетлери
Операциялар әмелге асырылғанлығын дизимге алыўшы басланғыш есап ҳүжжетлери ҳәм оларды өткериўге байланыслы бийликлер хожалық операцияларының бухгалтер есабы ушын тийкар болады. Хожалық жүритиўши субъектлер тәрепинен саўда ҳәм сервис тараўында алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) ҳақы банк корпоратив пластик карталаридан қолланған жағдайда төлеў терминалларының чеклери ҳәм басланғыш есап ҳүжжетлери деп тән алынады.
Басланғыш есап ҳүжжетлери хожалық операциялары әмелге асырылып атырған ўақытда ямаса операциялар әмелге асырып болынғаннан кейин дүзиледи. Басланғыш есап ҳүжжетлериниң мәжбүрий реквезитлер төмендегилер:
- бухгалтерия есабы субъектиниң аты;
- ҳүжжеттиң аты ҳәм номери, ол дүзилген сәне ҳәм жайы;
- хожалық операциясының аты, мазмуны ҳәм өлшем бирликлери көрсетилген муғдар өлшеми (натура ҳәм пулда көрсетилген ҳалда);
- хожалық операциясын орынлаған шахслар (шахстың) идентификация кылыў ушын зәрүр болған фамилиясы ҳәм де аты ҳәм атасының аты бас ҳәрип ямаса басқа реквизитлери көрсетилген ҳалда лаўазым аты ҳәм имзалары;
-басланғыш есап ҳүжжетлерин дүзген ҳәм имзалаган шахслар олардың өз ўақтында, туўры исенимли дүзилиўи, сондай-ақ бухгалтерия есабында сәўлелендириў ушын белгиленген мүддетлерде тапсырылыўына жуўапкер.
Басланғыш есап ҳүжжетлери электрон ҳүжжет түринде дүзилиўи ҳәм тапсырылыўы мүмкин.
Басланғыш есап ҳүжжетлерине хожалық операциялары тәрепинен тастыйықланбаған дүзетиў киритилиўине жол қойылмайды. Банк ҳәм касса ҳүжжетлеринде дүзетиўлер ҳәм де өширип жазыўларға жол қойылмайды.
15-статья. Бухгалтерия есабы регистрлери
Бухгалтерия есабы регистрлери еки жақлама жазыў усылына муўапық жүритилетуғын журналлар, ведомостлар, китаплар ҳәм тастыйықланған бланкалардан (формаларынан) ибарат.
Бухгалтерия есабы регистрлери техникалық қуралларынан, мағлыўмат системаларынан ҳәм мәлимлеме технологияларынан пайдаланылғ ҳалда электрон ҳүжжет тәризинде жаратылыўы, қайта иселнип сақланыўы мүмкин.
Бухгалтерия есабы регистрлеринде басланғыш есап ҳүжжетлериндеги мағлыўматлар системаластырылып топланыўы керек.
Бухгалтерия есабы регистриниң мәжбүрий реквизитлери төмендегилерден ибарат:
-регистрдиң аты;
- бухгалтерия есабы субъектиниң аты;
- регистрди жүритиў басланған ҳәм де тамамланған сәне ямаса регистрдиң дүзилген ўақты;
-хожалық операцияларының хронологиялық ямаса системалы группаланыўы;
-хожалық операцияларының өлшем бирлиги көрсетилген ҳалда пулдағы өлшем муғдары;
Регистрди жүритиў ушын жуўапкер болған шахслардың лаўазымлары, фамилиялары ҳәм де аты ҳәм әкесиниң атының бас ҳәриплери көрсетилген ҳалдағы имзалаўшы ямаса усы шахсларды идентификация қылыў ушын зәрүр болған басқа реквизитлер.
Бухгалтерия есабы регистрлерине тастыйықланбаған дүзетиўлер киритилиўине жол қойылмайды.
16-статья. Активлер ҳәм миннетлемелерди инвентаризация қылыў
Бухгалтерия есабы ҳәм финанслық есап мағлыўматларының туўрылығы ҳәм де исенимли активлер ҳәм миннетлемелерди мәжбүрий тәризде инвентаризациядан өткериў арқалы тастыйықланады. Инвентаризация объектлери, оны өткериў тәртиби мүддетлери инвентаризация бойынша бухгалтерия есап стандартында белгиленеди.
17-статья. Активлер ҳәм миннетлемелер баҳалаў
Товар- материаллық запасларды баҳалаў төмендеги еки баханың ең төмени бойынша – баланс дүзилип атырған сәнеден ҳақыйқый өзине түсер баҳа (сатып алыў баҳасы ямаса өндиристиң өзине түсер баҳасы) бойынша ямаса базар баҳасы реализация қылыўдың сап қуны) бойынша әмелге асырылады.
Тийкарғы қураллар ҳәм материаллық емес активлер олардың басланғыш (қайта тиклениў) қуны бойынша есапқа алынады.
Тийкарғы қураллар ҳәм материаллық емес активлер қунын есаптан шығарыў олардың қуны толық қапланғанға шекем ямаса объект есаптан шығып кеткенге шекем тозыўды (амортизацияны) есаплаў жолы менен әмелге асырылады. Амортизация ажыратпалары объект пайдаланға шекем тапсырылғаннан кейинги айдан баслап әмелге асырылады. Жердиң қуны амортизация қылынбайды.
Финанслық капиталлар бухгалтерия есабы стандартларына муўапық есапқа алынады.
Миннетлемелер тәреплердиң келисиўине муўапық пулда сәўлелендирилген ҳалда сәўлелендириледи.
Суд қарары бойынша жүзеге келген миннетлемелер тийисли суммада сәўлелендириледи.
Шәртли активлер ҳәм миннетлемелер бухгалтерия есабы стандартларына муўапық сәўлелендириледи.
Бюджет шөлкемлериниң ативлери ҳәм миннетлемелерин баҳалаў бюджет есабы стандартларына муўапық әмелге асырылады.
Бухгалтерия есабы миллий валютада – сўмда жүритиледи.
18-статья. Дәраматлар ҳәм қәрежетлерди есапқа алыў
Дәраматлар ҳәм қәрежетлер төленген ўақты ҳәм пул келип түскен сәнесине қарамастан, қайсы дәўирге байланыслы болса, усы есабат дәўиринде бухгалтерия есабы стандартларына муўапық сәўлелендириледи.
Өзбекистан Республикасы Мәмлекет бюджетиниң ҳәм мәмлекет мақсетли фондлары бюджетлериниң орынланыўы бойынша дәраматлар ҳәм қәрежетлер бюджет ҳақкындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық сәўлелендириледи.
19-статья. Жеке капиталды есапқа алыў
Жеке капитал устав фондынан (устав капиталынан), қосылған, резерв капиталынан ҳәм бөлистирилмеген пайдадан қуралады.
Устав фонды (устав капиталы) шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде белгиленген үлеслериниң (пулда сәўлелендирилген ҳалдағы) жыйындысын сәўлелендиреди. Устав фондына (устав капиталына) үлеслер формасында киритилетуғын материаллық ҳәм материаллық емес активлер шөлкемлестириўшилер (қатнасыўшылар) ортасындағы келисимге байланыслы баҳаланады, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда болса, баҳалаўшы шөлкем тәрепинен баҳаланыўы керек.
Қосылған капитал акцияларды номинал қунынан жоқары баҳаларда дәслепки сатыўдан алынатуғын эмиссия дәраматын, сондай-ақ эквиваленти шет ел валютасында көрсетилген устав фондын (устав капиталын) қәлиплестириў процесинде жүзеге келетуғын курс парқын сәўлелендиреди.
Резерв капиталы узақ мүддетли активлерди қайта баҳалаўда пайда болатуғын инфляция резервлерин, нызам ҳүжжетлеринде ҳәм шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарларда сап пайдадан ажыратпаларды сондай-ақ бийпул алынған мал-мүликтиң қунын сәўлелендиреди.
Бөлистирилмеген пайда пайданың жәмленип атырғанлығын аңлатады ҳәм мүликдарлардың қарарына байланыслы устав фондына (устав капиталына) қосылыўы мүмкин.
20-статья. Гиреўди есапқа алыў
Өзиниң ямаса басқалардың миннетлемелер тәмийинлеў ушын гиреўге берилген мал-мүлктиң қуны, соның ишинде пул қаржылары бухгалтерия есабы субъекти тәрепинен басқа активлерден бөлек есапқа алынады.
Гиреўге алынған мал-мүлктиң қуны, гиреў сыпатында қабыл етип алынған пул қаржылары ҳәм валюта баҳалықлары өз алдына балансдан тысқары счётларда сәўлелендириледи.
21-статья. Ишки қадағалаў
Ишки қадағалаў бухгалтерия есабын жүритиўде, финанслық ҳәм басқа есабатларды дүзиўде хожалық операцияларын әмелге асырыўдың нызамшылығы, экономикалық тәрептен мақсетге муўапықлығын, активлердиң пүтин сақланыўын тәмийинлеў, талан-тараж қылыў жағдайлары ҳәм қәтеликлердиң алдын алыў ҳәм де анықлаў мақсетинде бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы тәрепинен қабыл қылынған есап сиясаты тийкарында шөлкемлестирилген ис-илажлар системасы саналады.
Бухгалтерия есабы субъекти ишки қадағалаўды шөлкемлестиреди ҳәм әмелге асырады.
22-статья. Финанслық есабат
Финанслық есабат бухгалтерия есабы субъектининг есабат сәнесиндеги финанслық жағдайы, есабат дәўириндеги хызметиниң финанслық нәтийжеси ҳәм пул қаржыларының ҳәрекети ҳаққындағы системаластырылған мағлыўматтан ибарат.
Жыллық финанслық есабат төмендегилерди өз ишине алады:

  • бухгалтерия балансы;

  • финанслық нәтийжелер ҳаққындағы есабат;

  • пул ағымлары ҳаққындағы есабат;

  • жеке капитал ҳаққындағы есабат;

  • баянлаў, есап-китаплар ҳәм түсиндирмелер.

Халық аралық стандартлар бойынша дүзилетуғын финанслық есабатқа сәйкес талаплар финанслық есабаттың халық аралық стандартларында белгиленеди.
Бухгалтерия есабы субъекти финанслық есабатты жазыўда өз бетинше балансқа ажыратылған өз ўәкилханаларының, филиалларының ҳәм басқа қурамлық бөлимлериниң бухгалтерия балансларын ҳәм де басқа есабат формаларын киритиўи керек.
Финанслық есабат есабат жылы басынан артып барыўшы жуўмақ пенен дүзиледи.
Бюджет шөлкемлериниң финанслық есабаты бюджет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық дүзиледи ҳәм тапсырылады.
Финанслық есабаттың қурамы ҳәм мазмуны Өзбекистан Республикасы Финанс Министрлиги тәрепинен белгиленеди.
Банклер ҳәм басқа кредит шөлкемлери финанслық есабаттың қурамы ҳәм де мазмуны Өзбекистан Республикасы Орайлық банки тәрепинен белгиленеди.
23-статья. Консолидацияласқан финанслық есабат
Тийкарғы хожалық жәмийети болған ҳәм сыңар хожалық жәмийетлерине өз қадағалаўы астындағы шөлкемлерге ийе бухгалтерия есабы субъекти консолидацияласқан финанслық есабатты дүзеди.
Консолидацияласқан финанслық есабатты дүзиў тәртиби, сондай-ақ тийкарғы хожалық жәмийетиниң қадағалаўы астындағы шөлкемлерге қойылатуғын талаплар бухгалтерия есабы стандартлары менен белгиленеди.
Усы статья талаплары министрликлер, мәмлекет комитетлери, мекемелер ҳәм бюджет шөлкемлериниң жәмлеме финанслық есабатына қатнаста енгизилмейди.
24-статья. Финанслық есабаттың есабат дәўири
1 январь – 31 декабрь календарь жылы жыллық финанслық есабаттың есабат дәўири.
1 январдан баслап дәўирлик финанслық есабат режеси дүзилген сәнесин ҳәм календар жыл даўамында дүзилетуғын дәўирлик финанслық есабат ушын есабат дәўири саналады.
Жаңадан шөлкемлестирилген юридикалық шахслар ушын юридикалық шахс ҳуқықы қолға киритилген сәнеден баслап усы жылдың 31 декабрине болған дәўир, юридикалық шахс болмағанлар ушын болса, олар мәмлекет органларында дизимнен өткерилген сәнеден баслап усы жылдың 31 декабрине шекем болған дәўир биринши есабат жылы деп есапланады.
Егер юридикалық шахс (бюджет шөлкемлеринен тысқары) 1 октябрден кейин дизимге алынған болса, биринши есабат жылы кейинги жылдың 31 декабринде жуўмақланады.
Дизимнен өткен ямаса ямаса юридикалық шахс ҳуқықы алынғанға шекем әмелге асырылған хожалық операциялары ҳаққындағы мағлыўматлар биринши есабат жылының финанслық есабатына киритиледи.
25-статья. Финанслық есабатты тапсырыў.
Финанслық есабат төмендегилерге тапсырылады:
- мәмлекетлик салық хызмети органларына;
- шөлкемлестириў ҳүжжетлерине муўапық мүликдарларға;
- мәмлекетлик статистика органларына;
- нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа органларға.
Финанслық есабат электрон ҳүжжет тәризинде тапсырылыўы мүмкин.
Финанслық есабат жылдың ҳәр шерегинде тапсырылады. Киши кәрханалар ҳәм микрофирмалар бухгалтерия балансынан ҳәм де финанслық нәтийжелер ҳаққындағы есабатдан ибарат тек ғана жыллық финанслық есабатты тапсырады.
Финанслық есабатты тапсырыў мүддетлери Өзбекистан Республикасы Финанс министрлиги тәрепинен белгиленеди.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен бухгалтерия есабының айырым субъектлери ушын финанслық есабатты тапсырыўдың басқа мүддетлери белгилениўи мүмкин.
26-статья. Финанслық есабатты жәриялаў.
Хожалық жүритиўши субъектлердиң жыллық финанслық есабаты мәпдар банклер, биржалар, инвесторлар, кредиторлар, сондай-ақ нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа шахслар ушын ашық саналады.
Акциянерлик жәмийетлер, сондай-ақ қамсызландырыў шөлкемлери, банклер, жәмийетлик фондлар ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа шөлкемлер ҳәр жылғы финанслық есабатты акциянерлердиң ямаса бухгалтерия есабы субъекти басқа жоқары басқарыў органының жыллық улыўма жыйналыўы өткерилетуғын сәнеден кеминде еки ҳәпте алдын аудиторлық жуўмағы менен бирге жәрия етиўи шәрт.
Усы статья өзине қатнаста нызам ҳүжжетлериниң басқа талаплары белгиленген бухгалтерия есабы субъектлериниң финанслық есабатына енгизилмейди.
27-статья. Сапластырыў ўақтындағы финанслық есабат
Хожалық жүритиўши субъекттиң сапластырылыўы ўақтында жуўмақлаўшы есабат дүзиледи.
Сапластырыў бойынша операцияларды есапқа алыў, сапластырыў балансын ҳәм есабатты дүзиў, активлер қунын анықлаў бойынша жуўапкершилик сапластырыў комиссиясына (сапластырыўшыға) жүклетиледи.
Үмитсиз қарызлар ҳәм зыянлар сапластырыў балансына киритилмейди.
Сапластырыў балансында миннетлемелер оны дүзиў сәнесинде есапланған процентлер менен сәўлелендириледи.
28-статья. Бухгалтерия мағлыўматының қупыялылығы
Бухгалтерия есабын жүритиўде қупыялыққа әмел кылынады. Бухгалтерия есабы регистрлериниң мазмуны менен танысыўға бухгалтерия есабы субъекти баслығының рухсаты менен ямаса нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жол қойылады.
Бухгалтерия есабы регистрлери менен танысыўға рухсат алған шахслар қупыялылықты сақлаўы шәрт.
Қупыялылықты бузыў нызамда белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болады.
29-статья. Бухгалтерия ҳүжжетлерин сақлаў
Басланғыш есап ҳүжжетлери, бухгалтерия есабы регистрлери, финанслық есабат ҳәм басқа есабатлар, сондай-ақ бухгалтерия есабын шөлкемлестириў ҳәм де жүритиў менен байланыслы басқа ҳүжжетлер нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлер ўақтында, бирақ есабат жылынан кейин кеминде бес жыл бухгалтерия есабы субъекти тәрепинен сақланады.
Бухгалтерия ҳүжжетлерин алып қойыў нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады.
30-статья. Бухгалтерлердиң жәмәәтлик бирлеспелери
Бухгалтерлер улыўма мәплерин жүзеге шығарыў ҳәм қорғаў мақсетинде нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте бухгалтерлердиң жәмийет бирлеспелерин дүзиў ҳукықына ийе.

31-статья. Келиспеўшиликлерди сапластырыў


Бухгалтерия есабын шөлкемлестириў, жүритиў ҳәм есабатты дүзиў тараўындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шешиледи.
32-статья. Бухгалтерия есабы ҳақкындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Бухгалтерия есабы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болыўы, белгилеп өтилген.
Сoны aйрықшa көрсетиў керек, сaлық ҳәм бaсқa дa нызaм ҳүжжетлеринде жүз берген өзгерислер бухгaлтериялық есaп метoдынa, финaнслық есaбaтты дүзиў ҳәм тaпсырыў тәртибине тәсир жaсaмaўы керек. Oлaр тек тийисли бухгaлтериялық есaп стaндaртлaры өзгергеннен сoң өзгериўи мүмкин.
Өзбекистaн Республикaсы экономикaсының жәҳән шериклеслери менен уйғынлaсыў прoцеси жеделлеспекте. Бухгaлтериялық есaпты рефoрмaлaў бул бaғдaрлaмaның структурaлық бөлеги бoлып есaплaнaды. Бухгaлтериялық есaп ҳaққындaғы нызaм ҳәм oғaн тийкaрлaнып қaбыл етилетуғын нoрмaтивлик ҳүжжетлер миллий экономикaның нәтийжели жумыс ислеўине көмеклесиўи лaзым.


      1. Download 55.54 Kb.

        Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling