15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet145/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   141   142   143   144   145   146   147   148   ...   198
Bog'liq
Miynet

MR = MJX + IO’P ( 3.2. ),
бунда:
MR - мийнет ресурслары;
MJX -мийнетке жарамлы жастағы халық;
IO’P - ислеп атырған өспиримлер ҳәм пенсионерлер.
Мийнетке жарамлы халық саны мийнетке жарамлы жастағы халық (16 жастан 60 жасқа шекем болған еркеклер ҳәм 16 жастан 55 жасқа шекем болған ҳаял-қызлар) санынан мийнетке жарамлы жастағы I ҳәм II топар нәгиранлары, сондай-ақ жеңилликли шәртлерде пенсия алып атырған мийнетке жарамлы жастағы шахслар санын алып таслаў жолы менен анықланады:
MJX = E(16-60) + Х(16-55) – Na’g – Pi ( 3.3. ),
бунда:
E (16-60) - 16 жастан 60 жасқа шекем болған еркеклер;
Х (16-55) - 16 жастан 55 жасқа шекем болған ҳаял-қызлар;
Na’g - мийнетке жарамлы жастағы I ҳәм II топар нәгиранлары (ислемейтуғын бөлими);
Pi - жеңилликли шәртлерде пенсия алып атырған мийнетке жарамлы жастағы пенсионерлер.
Мағлыўмат алыў дереги:
E (16-60), Х(16-55) бойынша - халықтың жынысы ҳәм жас дүзилиси ҳаққындағы мәмлекет мәмлекетлик статистика мағлыўматлары;
Na’g бойынша - Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлигиниң мийнетке жарамлы жастағы нәгиранлар саны ҳаққындағы мағлыўматлары;
Pi бойынша - Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлигиниң жеңилликли шәртлерде пенсия алып атырған мийнетке жарамлы жастағы пенсионерлер ҳаққындағы мағлыўматлары;
IO’P бойынша - мәмлекетлик статистика мағлыўматлары.
Мийнет пенен бәнт санын анықлаў. Мийнет пенен бәнтлер саны төмендеги формула бойынша есаплап шығылады:


IT = ITr + ITnr + MM ( 3.4.),
бунда:
ETr – экономиканың рәсмий секторында ислеўшилер;
ETnr – экономиканың рәсмий емес секторында ислеўшилер;
MM – мигрант мийнеткешлер – сырт еллерде ислеп атырған Өзбекстан Республикасы резидентлери, олардың бул мәмлекетте дизимге алынған ямаса алынбағанлығына қарамай.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   141   142   143   144   145   146   147   148   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling