15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet146/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   142   143   144   145   146   147   148   149   ...   198
Bog'liq
Miynet

Мағлыўмат алыў дереги:
ETr бойынша – мәмлекетлик статистика мағлыўматлары;
ETnr бойынша - мийнет пенен бәнтликти үйренип шығыў мағлыўматлары;
MM бойынша - статистика, бажыхана органларының ҳәмде мийнет органлары тәрепинен арнаўлы сораўнама бойынша бәнтлик, мийнет миграциясы мәселелери бойынша өткерилетуғын изертлеўлер мағлыўматлары.
Рәсмий секторда бәнт болғанлар санын анықлаў. Рәсмий секторда бәнт болғанлар мәмлекетлик статистика есабаты мағлыўматлары бойынша анықланады ҳәм есаплап шығылады ҳәмде төмендегилерден ибарат болады:

  • жалланып (мийнет шәртнамасы бойынша), соннан сайланатуғын лаўазымларда ислеп атырған турақлы, ўақтыншалық ҳәм мәўсимли хызметкерлер;

  • әскерий хызметкерлер, ишки жумыслар органлары ҳәм басқа шөлкемлер хызметкерлери;

  • кооперативлер ҳәм ширкетлер ағзалары;

  • жеке кәрханалар ийелери (жумыс бериўшилер), соннан фермерлер;

  • юридикалық шахс болмастан исбилерменлик ҳәрекети менен шуғылланыўшы шахс сыпатында рәсмий дизимге алынған пуқаралар;

  • юридикалық шахс сыпатында дизимнен өткерилген дийхан хожалықлары ағзалары ҳәмде жеке жәрдемши хожалықларда ҳәм дийхан хожалықларында қарамал өсириў менен бәнт болған шахслар;

  • мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери хызметкерлери.

Рәсмий емес секторда бәнт болғанлар санын анықлаў ҳәм есаплап шығыў
Халық аралық мийнет шөлкеми нормаларынан келип шығып ҳәмде Мәмлекетлик статистика комитетиниң есапқа алыў ҳәм классификациялаў әмелиятына муўапық экономиканың рәсмий емес секторында бәнт болғанлар қатарына социаллық қамсызландырыў ҳәм салық органларында есапта турмаған төмендеги шахслар киреди:

  1. Юридикалық шахс сыпатында дизимнен өткерилмеген дийхан хожалықлары ағзалары;

  2. Үйде пуллы хызметлер көрсетиў менен бәнт болған шахслар (бала бағыўшылар, үй хызметкерлери, үй аспазлары, автомобиль айдаўшылар, қараўыллар ҳәм басқалар);

  3. Физикалық шахсларда ҳақы алып ислеўши шахслар;

  4. Шаңарақ баслықларына олардың исбилерменлик ҳәрекетинде жәрдем бериўши шаңарақ ағзалары;

  5. Тийисли дизимнен өтпей ислеўши исбилерменлер.


Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   142   143   144   145   146   147   148   149   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling