15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Мийнеттен қанаатланыў факторларының өлшеў көрсеткишлери
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
Мийнеттен қанаатланыў факторларының өлшеў көрсеткишлери
Мийнеттен қанаатланыўдың улыўма ҳәм жеке дәрежелери ортасындағы қатнаслардың бир неше принциплери бар. Мийнеттен қанаатланыўды өлшеў ўақтында оларды есапқа алыўға туўры келеди: - улыўма қанаатланыў дәрежеси унамлы ямаса унамсыз факторлар муғдарының бир-биринен бир қанша үстин болыўы нәтийжесинде пайда болады; - унамлы ямаса унамсыз факторлардан бири әҳмийетли есапланады, бул болса улыўма қанаатланыў дәрежесин белгилеп береди; - унамлы ҳәм унамсыз факторлар ортасында салыстырмалы теңсалмақлық жүзеге келеди, нәтийжеде улыўма қанаатланыў дәрежеси анық емес болып қалады. Мийнеттен қанаатланыў көплеген факторларға байланыслы. Олар жумысшылердиң өз мийнет ҳәрекетлерине баҳа бериў қатнасын қәлиплестиреди ямаса оған қатаң түрде тәсир көрсетеди. Олар арасында: мийнет ҳәрекетиниң объектив характери, ойлаў ҳәм кесилмениң субъектив өзгешеликлери (жумысшыниң даўалары ҳәм критикалық пикири), маманлық ҳәм мағлыўматы, мийнет ҳәрекети стажы, мийнет циклиниң басқышлары, хабардарлығы, мийнеттиң материаллық ҳәм руўхый себеп тийкарлары (мийнетке әҳмийет берилиўи), шөлкемдеги административлик режим, унамлы баҳалаў ҳәм ғәрезсиз баҳалаўды қоллап-қуўатлаў, күтиў дәрежеси (бар ямаса жоқ, ҳәдийсениң сәйкес келиўи ямаса сәйкес келмеўи), мийнет машқалаларына рәсмий ҳәм массалық қатнаста болыў, жәмәәтшилик пикири ҳәм басқалар көзге тасланады. Санап өтилген бул факторлардың барлығы әмелде басқарылыўшаң болып, реал социаллық технологиялар бар. Олар мийнеттен қанаатланыўды тәртипке салыў мүмкиншилигин береди. Мийнетке қатнас ҳәм мийнеттен қанаатланыў усындай көрсеткишлер есапланып, олар жумысшыниң мийнет шараятларына кең мәнисте көнигиў дәрежесин анықлаў мүмкиншилигин береди. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling