15.4. Социаллық напақалар, олардың түрлери ҳәм берилиў тәртиби
Напақа тийисли бюджет қаржылары есабынан пул қаржыларын бийғәрез төлеў, анық мақсетке бағдарланған пул қаржылары. Олардың айырымларын объектив себеплерге қарай мийнет ҳақының жоғалыўы себепли белгиленсе, басқалары халықтың айырым топарларын социаллық қорғаў мақсетинде белгиленеди. Биринши жағдайдағы напақаларға ўақтыншалық жумысқа жарамсыз, ҳәмиледарлық бойынша, жумыссызлық ҳәм басқа усы сыяқлы жағдайлар бойынша төленетуғын напақалар киреди. Екинши түрине ҳаяллар ҳәм балаларға бир мәртелик төлемлер, балаларды бағыў менен бәнт болған шаңарақларға төленетуғын напақа, жерлеў мересими ушын төленетуғын напақа ҳәм мақсетине қарай басқа төлемлер киреди.
15.1-сүўрет. Социаллық қамсызландырыў бойынша напақа түрлери
Жасы бойынша напақалар. Жасы бойынша напақа жумыс стажына, оларды бағыўға болған қарындаслары болмаған шахслар: еркеклерге 65 жасқа, ҳаялларға 60 жасқа жеткенде тайынланады. Социаллық тәмийнат бөлимлери тексериўине муўапық, напақа сорап мүрәжет еткен шахс қарындасларының материаллық жақтан нашар екенлиги анықланған жағдайларда напақа өзлериниң кексе қарындасларына материаллық жәрдем көрсете алмайтуғын қарындаслар бар болған тәғдирде де тайынланыўы мүмкин. Жасы бойынша напақа тайынлаў ҳаққында мүрәжет еткен шахс район (қала) социаллық тәмийнат бөлимине арза, арза бериўшиниң жасын тастыйықлаўшы ҳүжжет, жасаў орнынан мағлыўматнама, арза бериўши шаңарағының улыўма дәраматы ҳаққында мағлыўматнама усынылыўы керек. Пуқараның жағдайы үйренилип шыққаннан кейин оған социаллық тәмийнат бөлими тәрепинен напақа бериледи.
Нәгиранлық бойынша напақалар. Нәгиранлық жүз берген жағдайларда, яғный мийнет қәбилети турақлы ямаса узақ мүддетке жоғалғанда, тек ғана I- ҳәм II-топар нәгиранларға бериледи ҳәм төленеди. Пуқаралардың мийнет қәбилетлерин жоғалтқалық дәрежесин анықлаў ушын медициналық тексериўди тек ғана медициналық-мийнет эксперт комиссиялары өзлери тастыйықлаған наразалақ тийкарында қала ямаса район социаллық тәмийнат бөлимлери жолланбасы бойынша әмелге асырады. Ислеп турған ямаса жасаўдың басқа дереклерине ийе болған I- ҳәм II-топар нәгиранларға напақа төленбейди.
Do'stlaringiz bilan baham: |