15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-кесте Тийкарғы социаллық қорғаў институтларының салыстырмалы характеристикалары


Download 0.79 Mb.
bet27/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   198
Bog'liq
Miynet

15.1-кесте
Тийкарғы социаллық қорғаў институтларының салыстырмалы характеристикалары

Социаллық қорғаў институтларының характеристикасы ҳәм механизмлери

Социаллық қорғаў системасының тийкарғы институтлары

Мәмлекет социаллық жәрдеми

Мәмлекет социаллық тәмийнаты

Мәжбүрий социаллық қамсызландырыў

Ықтыярлы қосымша социаллық қамсызландырыў

Ықтыярлы жеке қамсызландырыў

1

2

3

4

5

6

Социаллық кепиллик ҳәм ҳуқықлар жүзеге келиўи тийкарларын тәртипке салыў методлары

Нызамға муўапық: мийнетке жарамлығын жоғалтқан ямаса оған ийе болмаған ҳәм мүтәж пуқараларға социаллық-алиментли жәрдем, егер олар мүтәж деп табылса

Нызамға муўапық: мәмлекет хызметинде бәнт болған белгили мийнет стажына ийе шахсларына

Нызамға муўапық: мәжбүрий қамсызландырыў стажы ямаса нәгиранлық, бағыўшысын жоғалтқан жағдайларда

Келисим қатнасықлары тийкарында: белгили қамсызландырыў стажы ҳәм жәмәәт (тармақ) шәртнамасы бар болыўында

Жеке қамсызландырыў шәртнамасы ҳәм қамсызландырыў төлемлерин төлегенлиги тийкарында

Шөлкемлестириў принциплери

Пүткил жәмийеттиң мийнетке жарамсыз ҳәм мүтәжлер ушын минимал дәраматын пайда етиўдиң жуўапкершилиги

Мәмлекеттиң жумыс бериўши сыпатындағы өз жалланба жумысшылерин пенсия менен тәмийинлеў ушын жуўапкершилик

Жумыс бериўши ҳәм жумыс орынлаўшылардың жуўапкершилиги, өз-ара бирдемлик жәрдеми, жумысшылердиң өз жуўапкершилигин сезиўи

Жумыс бериўшилер кәсиплик топарларыниң жумысшыларды кәсип мийнети қәтеринен қорғаў бойынша бирдемлик өз-ара жәрдеми

Пуқаралардың жуўапкершилик, төлем пуллары ҳәм берилетуғын қаржылар эквивалентлигине толық әмел етиў

Финанслық дереклери

Салықлар жәрдеминде қәлиплесетуғын бюджет дереклери

Салықлар жәрдеминде shаkllаnаdigаn бюджет дереклери

Жумыс бериўши ҳәм жумыс орынлаўшылар-дың мәжбүрий қамсызландырыў төлемлери

Жумыс бериўшиларниң (орынлаўшы) ықтыярлы қамсызландырыў төлемлери

Пуқаралардың ықтыярлы қамсызландырыў төлемлери

Әмел етиў механизмлери

Мүтәжлик баҳасы – барлық шаңарақ ағзалары дәраматы ҳәм мүлк муғдарын, сондай-ақ, мәмлекет мүмкиншиликлерин анықлаў

Мәмлекет бюджетиниң финанслық қаржыларын баҳалаў, пенсионерлер, пенсия муғдарын анықлаў

Мийнетке жарамлылығын жоғалтыў, кекселик, кеселлик, бағыўшысынан айырылыў себепли мийнет ҳақыдан айырылыў, социаллық қәўип-қәтер түрлерин баҳалаў

Кәсип қәтери себепли мийнетке жарамлылы-ғын жоғалтыў қатнасы менен ямаса напақахор-лардың жасын жасап өтиў дәўири менен байланыслы ҳалда мийнет ҳақыны жоғалтыў қәўпине баҳа бериў

Индивидуал кеселлениў қәтерине баҳа бериў, мийнетке жарамлылығын жоғалтыў

Пенсия ҳәм напақа муғдарын есаплаў тәртиби

Социаллық пенсиялар муғдары жасаў минимумына тең (орташа мийнет ҳақының шама менен 20 проценти).

Пенсия ҳәм напақа муғдары мәмлекет хызметиндеги жумыс стажы ҳәм даўамлығы менен байланыслы ҳәм орташа мийнет ҳақының 55-70 процентин қурайды

Пенсия ҳәм напақа муғдары қамсызлан-дырыў стажының даўамлылығы, мийнет ҳақы көлеми, пенсияға шығыў жасы менен байланыслы ҳәм орташа мийнет ҳақының 40-60% қурайды

Пенсия ҳәм напақа муғдары кәрханадағы (тармақ) жумыс стажы менен байланыслы ҳәм орташа мийнет ҳақының 20-30 процентин қурайды

Қамсызландырыў төлемлери муғдары қамсызландырыў взнослары көлеми ҳәм мүддети даўамлығы менен байланыслы.

Басқарыў формалары

Мәмлекетлик басқарыў

Мәмлекетлик басқарыў

Жумыс бериўши ҳәм жумыс орынлаўшы шөлкемлестириўши-лердиң өзин-өзи басқарыў органлары

Жумыс бериўши ҳәм жумыс орынлаўшының өзин-өзи басқарыў органлары

Жеке қамсызландырыў компаниялары

Амел етиў ушын зәрүр
шәрт-шараятлар

Мәмлекет бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар

Мәмлекет бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар

Мәжбүрий социаллық қамсызландырыўниң ҳуқықый, финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик механизмлериниң бар болыўы

Кәрханалардың турақлы ҳәм нәтийжели ҳәрекети

Халықта резерв ушын қаржылардың бар болыўы, мәмлекетте экономикалық турақлылықтың тәмийин-ленгенлиги, ҳуқықый мәмле-кеттиң бар болыўы, жеке қамсызландырыў институт-ларының раўажланғанлығы

Социаллық қорғаў институтының күшли тәрепи

Мийнетке жарамсыз ҳәм мүтәж халықтың кекселик дәўириндеги социаллық кепилликлери

Пенсияның жоқары ҳәм турақлы дәрежеде болыўы

Пенсиялар муғдарын белгилеўде қамсызлан-дырыў стажының даўамлылығы ҳәм мийнет ҳақы көлемин есапқа алған ҳалда жумыс алып барыў

Кекселик ҳәм нәгиранлықтағы қорғаўдың қосымша механизми

Индивидуал финанслық мүмкиншиликлер ҳәм қосымша материаллық тәмийнат итималлығы

Социаллық қорғаў институтларының ҳәлсиз тәреплери

Пенсияның төмен, административлик қәрежетлердиң болса жоқары дәрежеси

Қаржыландырыўдың бюджет дереги, кеңейиўине умтылыў

Зәрүр қамсызландырыў стажына ийе болған шахслардың жетиспеўи

Айрықша кәрханалардың финанслық мүмкиншиликлери шекленгенлиги

Бөлистириў пуқаралардың финанслық мүмкинши-ликлери менен шекленген, орташа ҳәм жоқары дәраматқа ийе топарлар тәрепинен пайдаланылады

Оған қарай, қамсызландырыўшылар ушын социаллық кепилликлер системасы жаратылады, соннан: бир жумыс бериўшиде ислеўдиң минимал мүддети, бул мүддет тамам болғаннан кейин, жумысшыде қосымша қорғаў түрлерине ҳуқықы пайда болады. Мәселен, пенсия тәмийнаты ҳуқықы; қамсызландырыўшы өз жумыс орнын өзгерткен ҳалда қамсызландырыў бойынша қолға кириткен ҳуқықлары сақланып қалады. Социаллық қорғаўдың бул институты шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формалары сыпатында айрықша кәрханалардың пенсия системалары көрип шығылып, оларда пенсия актив топарлары шөлкем қаржыларынан ажыратып қойылмайтуғын, сондай-ақ, ажыратылып, ғәрезсиз касса, жамғарма, қамсызландырыў компанияларына ийе еки түрлениў бар. Қолға киритилген пенсия ҳуқықларын әмелге асырыўды кепиллеў мақсетинде резерв пенсия жамғармасы дүзилип, ол кәрхана ямаса ғәрезсиз пенсия кассасы қаржы ажырата алмаған ҳалда төлем мәжбүриятын өз мойнына алады.


Соңғы жылларда мәмлекетлик емес пенсия жамғармалары (ҳәм шөлкемлестириўшилик, ҳәм нызамлы жол менен) бир қанша раўажланбақта. Өзиниң ҳуқықый статусына қарай, олар социаллық тәмийнаттың саўда емес шөлкеми болып, мәжбүрий социаллық қамсызландырыўға ықтыярлы қосымша форма сыпатында көрсетиледи.
5. Пуқаралардың жеке қамсызландырыўы. Қамсызландырыўдың бул түри шәртнама тийкарында дүзиледи ҳәм соның ушын оның шеңберлери ҳәмде әмел етиўи ўақыт дәўирлери, белгили физикалық шахслардың финанслық мүмкиншиликлери, қәтер түрлери менен шекленген болады. Бул форма ушын қамсызландырыў шәртнаманың бар болыўы пуқаралардың өзи ушын жуўапкершилиги сәйкес.
Солай етип, жоқарыда санап өтилген социаллық қорғаўдың 5 институтынан ҳәр бири өзине сәйкес тәреп, ўазыйпа ҳәм қолланылыў тараўларына ийе. Бунда ең тийкарғысы (финанслық қаржысы, кең қамраўлығы, жумысшылердиң ҳәр қыйлығы ҳәм сапасына қарай), бул мәжбүрий социаллық қамсызландырыў. Мәселен, раўажланған мәмлекетлерде бар социаллық қамсызландырыў түрлери салмағына барлық социаллық қорғаў қәрежетлериниң 60-70%и, ЖИӨниң 15-25%и туўры келеди. Бюджет тысқары социаллық жамғармалар салмағына социаллық қорғаў қәрежетлериниң 45%, ЖИӨниң 8,0%и туўры келеди.


Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling