15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-кесте Нәгиранлық басланған ўақытқа шекем талап етилетуғын жумыс


Download 0.79 Mb.
bet40/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   198
Bog'liq
Miynet

15.4-кесте
Нәгиранлық басланған ўақытқа шекем талап етилетуғын жумыс
стажы (жыл)

Жас

Жумыс стажы (жыл есабында)

23 жасқа шекем

2

23 жастан 26 жасқа шекем

3

26 жастан 31 жасқа шекем

5

31 жастан 36 жасқа шекем

7

36 жастан 41 жасқа шекем

9

41 жастан 46 жасқа шекем

11

46 жастан 51 жасқа шекем

14

51 жастан 56 жасқа шекем

17

56 жас ҳәм оннан асқанда

20

20 жасқа толғанға шекем улыўма кеселлик себепли жумыс дәўиринде ямаса ислеў тоқтатылғаннан кейин нәгиран болып қалған шахсларға пенсиялар жумыс стажына қарамай белгиленеди белгиленеди.
Егер нәгиранлық келтирип шығарыўшы жарақатланыў, зәҳәрлениў, ыссылық урыўы, күйиў, суўық урыўы, шөгип кетиў, электр тоғы ямаса шақмақ урыўы, сондай-ақ, тәбийий апатшылық ямаса авариялар себепли ден саўлықтың басқаша жарақатланыўы мийнет ўазыйпасын орынлаўда, кәрхана, шөлкем регионында жүз берсе, нәгиранлық мийнетте майып болыўы себепли жүз берген деп есапланады.
Бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиялары. Қайтыс болған бағыўшының қарамағында болған мийнетке қәбилетсиз шаңарақ ағзалары бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын алыў ҳуқықына ийе болады. Қайтыс болған адамның қарамағында турмаған ата-анасы ҳәм күйеўи (ҳаялы) да, кейиншелик күн кешириўи ушын зәрүр қаржы дерегинен айырылған болса, пенсия алыў ҳуқықына ийе болады. Буннан тысқары, оқыўшылар 18 жасқа толғанға шекем бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын алыў ҳуқықына ийе.
Пенсиялар район (қала) социаллық тәмийнат бөлимлери тәрепинен белгиленип, оның муғдары жумыс стажының мүддетине байланыслы болып, пенсияның таяныш муғдары, жумыс стажы ушын пенсияның асырылыўы ҳәм пенсияға қосылатуғын үстеме ҳақылардан дүзиледи.
Өзбекстан Республикасының “Пуқаралардың мәмлекет пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы нызамы менен пенсиялардың төмендеги таяныш муғдарлары белгиленген:
– жасқа тийисли толық пенсия ушын – пенсияны есаплап шығарыў ушын алынатуғын орташа айлық мийнет ҳақының 55 проценти, бирақ рәсмий белгиленген ең аз айлық мийнет ҳақының кеминде 100 проценти муғдарында;
– 1- ҳәм 2-топар нәгиранларына нәгиранлық пенсиясы ушын – пенсияны есаплап шығарыў ушын алынатуғын орташа айлық мийнет ҳақының 55 проценти, бирақ ең аз айлық мийнет ҳақының кеминде 100 проценти муғдарында;
– 3-топар нәгиранларына нәгиранлық пенсиясы ушын – пенсияны есаплап шығарыў ушын алынатуғын орташа айлық мийнет ҳақының 30 проценти, бирақ ең аз айлық мийнет ҳақының кеминде 50 проценти муғдарында;
– шаңарақтың мийнетке жарамсыз ҳәр бир ағзасына бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы ушын – пенсияны есаплап шығарыў ушын алынатуғын орташа айлық мийнет ҳақының 30 проценти, бирақ ең аз айлық мийнет ҳақының кеминде 50 проценти муғдарында;
– ата-анасынан айырылған балаларға ямаса қайтыс болған ананың балаларына, ҳәр бир балаға бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы ушын пенсияны есаплап шығарыў ушын алынатуғын орташа айлық мийнет ҳақының 30 проценти, бирақ ең аз айлық мийнет ҳақының кеминде 100 проценти муғдарында.
Соныда айтыў керек, толық мәмлекет тәмийнатында турған шын жетим балаларға бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы ең аз айлық мийнет ҳақының 100 проценти, ата-анасының биринен ажыралған ҳәм толық мәмлекет тәмийнатында турған балаларға ең аз айлық мийнет ҳақының 50 проценти муғдарында пенсия төленеди.
Мүриўбет үйлеринде жасаўшы жалғыз қәриялар ҳәм нәгиранларға пенсия менен олар тәмийнаты ушын қәрежет ортасындағы айырмашылық, бирақ белгиленген пенсияның кеминде 10 проценти, урыс нәгиранларына болса кеминде 20 проценти төленеди. Интернат үйлеринде жасаўшы руўхый кеселленген пенсионерлерге пенсия төленбейди.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling