15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Жумыс бериўши тәрепинен төленетуғын напақа


Download 0.79 Mb.
bet37/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   198
Bog'liq
Miynet

Жумыс бериўши тәрепинен төленетуғын напақа. Напақаның мүлкшилик формасынан ҳәм хожалық жүритиў усылына қарамай, жумыс бериўшилер кәрханада (шөлкемде) мийнет шәртнамасын дүзиў тийкарында жалланып мийнет етиўши жумысшылерине төленетуғын нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған, биротала берилетуғын напақа есапланады. Жумысшы ислеп шығарыўда жүз берген бахытсыз ҳәдийсе ямаса басқаша жарақатланыўы себепли ден саўлығына зыян жеткенде, сондай-ақ, ол кәсип кеселлигине шалыныўы себепли ден саўлығы жаманласқанда, жумыс бериўши оған бир жыллық орташа мийнет ҳақыдан аз болмаған муғдарда биротала берилетуғын напақа төлейди. Өндиристеги бахытсыз ҳәдийсе ямаса кәсип кеселлиги себепли жумысшы қайтыс болғанда жумыс бериўши оның қарамағында болған шахсларға алты жыллық орташа мийнет ҳақыдан аз болмаған муғдарда напақа төлейди. Өндиристеги бахытсыз ҳәдийсе ямаса кәсип кеселлиги себепли ден саўлығына зыя жеткен ямаса қайтыс болған жумысшы қарамағында болған пуқараларға напақа төлеў шәртлери ҳәм тәртиби, напақаның анық муғдары тийисли нызам ҳүжжетлеринде, жәмәәтлик келисимлери ҳәм жәмәәтлик шәртнамаларында, басқа норматив ҳүжжетлерде белгиленеди.


15.5. Өзбекстанда пенсия системасы ҳәм оның әмел етиўи
Өзбекстан Республикасының “Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы нызамына қарай, пенсияның төмендеги үш түри бар:

  • жасқа тийисли пенсия;

  • нәгиранлық пенсиясы;

  • бағыўшысын жоғалтыў пенсиясы.

Жасқа тийисли пенсия алыў ҳуқықына еркеклер 60 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажлары кеминде 25 жыл болғанда, ҳаяллар 55 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажлары кеминде 20 жыл болғанда ийе болады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 7-сентябрдеги “2017-2020 жылларда жалғыз кекселер, пенсионер ҳәм нәгиранларды анық социаллық қорғаў ҳәм оларға социаллық хызмет көрсетиўди жәнеде күшейтиў илажлары Дәстүри ҳаққында”ғы 459-санлы Қарарға тийкарланып Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тастыйықлаған дизимлерге муўапық пуқаралардың айырым топарлары жеңилликли шәртлерде пенсия алыў ҳуқықына ийе болады.
Себеби:
– жасына қарамай пенсия алыў ҳуқықын беретуғын өндирис, мекемелер, жумыслар, кәсиплер ҳәм лаўазымлардың 1-санлы дизими (кән санаатындағы жетекши кәсип ийелери, тиккелей жер асты ҳәм ашық кән жумысларында толық жумыс күни даўамында бәнт болған жумысшылер, ушыўшылар ҳәм ушыўшы-сынаўшылар дүзилисине кириўши жумысшылердиң хызмет мүддети – еркеклерде 20 жыл, ҳаялларда 15 жыл болғанда);
– улыўма белгиленген жасты 10 жылға қысқартырылған ҳалда пенсия алыў ҳуқықын беретуғын өндирис, мекемелер, жумыслар, кәсиплер, лаўазымлар ҳәм көрсеткишлердиң 2-санлы дизими (жер асты жумысларда, мийнет шараяты әдеўир зыянлы ҳәм әдеўир аўыр жумысларда толық жумыс күни даўамында бәнт болған жумысшылер, цирклер ҳәм концерт шөлкемлери артистлериниң айырым топарлары дөретиўшилик жумысындағы стажы кеми менен 20 жыл болған жағдайда);
– улыўма белгиленген жасты 5 жылға қысқартырылған ҳалда пенсия алыў ҳуқықын беретуғын өндирис, мекемелер, жумыслар, кәсиплер, ўазыйпалар ҳәм көрсеткишлериниң 3-санлы дизими (урыс нәгиранлары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар, аўыл хожалығы хызметкерлериниң айырым топарлары, авиация инженер техниклери дүзилисиниң хызметкерлери, қала жолаўшыларын тасыў транспорты шоферлары, бес ҳәм оннан артық перзент туўған ҳәмде оларды сегиз жасқа шекем тәрбиялаған ҳаяллар, экология апатшылығы аймағында ислеген пуқаралар, социаллық тәмийнат системасының қәриялар, нәгиранлар ҳәм жалғыз пуқараларға хызмет көрсетиўде тиккелей бәнт болған хызметкерлер).
Солар менен бирге, белгиленген жасты 15 жылға қысқартырылған ҳалда пенсия алыў ҳуқықына пипофизар кишкенелик кеселине шалынғанлар (лилипутлар) ҳәм геўде дүзилисинде сәйкеслик бузылған бойы кишкенелер – еркеклерге жумыс стажы кеминде 20 жыл болғанда, ҳаялларға 15 жыл болғанда ийе болады.
Әдетте, пуқаралар жасқа тийисли пенсияға шыққаннан кейин мийнет ҳәрекетин даўам етсе пенсияның белгили бир муғдарын алады. Бирақ, айырым ҳаял қәнигелер жасқа тийисли пенсияның толық муғдарын алыў ҳуқықына ийе.
Жасқа тийисли пенсия алыў ушын анық қамсызландырыў стажына ийе болыў ҳәм нызамда көрсетилген пенсия жасына ерисиў зәрүр. Қамсызландырыў стажы дегенде пенсия қамсызландырыў жамғармасына взнос төлемлери төленген дәўир түсиниледи. Қамсызландырыў стажына нызам бойынша жумыссызлық бойынша напақа төлемлери дәўири киритиледи. Европа Аўқамының көплеген мәмлекетлеринде пенсия жасы етип еркеклерге де, ҳаялларға да 65 жас деп белгиленген. Пенсияға шығыў ушын ең үлкен жас Данияда – еркек ҳәм ҳаяллар ушын 67 жас, ең кеми 60 жас – Франция ҳәм Италияда белгиленген.
Санааттың қант ҳәм консерва ислеп шығарыў тармақлары, пахта тазалаў санааты кәрханаларындағы мәўсимли жумысларда (пахтаны қурытыў, тазалаў, жүклеў, түсириў) толық бир мәўсим ислеў пенсия тайынлаў ушын бир жыл мийнет стажына өтеди.
Пенсия тәмийнаты системасы кекселик бойынша тийкарғы ҳәм қосымша пенсия ҳәм напақа формасында қурылады. Кекселик бойынша тийкарғы пенсиялар Нидерландия, Люксембург, Уллыбритания, Дания, Ирландия сыяқлы мәмлекетлерде алдыңғы мийнет ҳақы муғдарына қарамай барлық адамлар ушын бирдей пул суммалары төлемлери арқалы бериледи. Европа Аўқамының қалған мәмлекетлеринде тийкарғы пенсия белгиленген ўақыт даўамындағы орташа мийнет ҳақы менен белгиленеди ҳәм пенсияның ең аз ҳәм ең жоқары муғдары шегараланған болады.
Қосымша пенсиялар тармақлар ямаса фирмалар бойынша төленеди. Олар тийкарғы пенсияның орташа 10-12 процентин қурайды ҳәм ол тек ғана пенсияға шығыўшылардың дәраматларын қоллап-қуўатлаў, толтырыў усылы емес, бәлким бул кәрханада кадрларды беккемлеў қуралы болып есапланады.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling