15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Хызметкерлерди кәсипке бағдарлаў ҳәм орны-орнына қойыў
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 12.5- сүўрет. Кәсипке бағдарлаў ўазыйпалары
12.3. Хызметкерлерди кәсипке бағдарлаў ҳәм орны-орнына қойыў
Кәсипке бағдарлаў – бул инсанның тәбияты, қызығыўы, қәбилетин, сондай-ақ, миллий экономиканың тийисли қәнигеликлерге мүтәжлигин есапқа алған ҳалда оны мийнет ҳәрекетиниң анық бир түрине қызығыўын қәлиплестириў, тиккелей усы инсан ушын ең мақсетке муўапық болған өнерди таңлаўын тәмийинлеў болып табылады. Кәсипке бағдарлаў адамларды, әсиресе оқыўшы жаслардың хызмет түрлери, кәсип-өнерлери, кәрхана ҳәм шөлкемлер, мийнет шараятлары ҳәмде бағдарлары менен таныстырыў арқалы әмелге асырылады. Ҳәзирги дәўир шараятларында кәсипке бағдарлаў тараўында төмендеги тийкарғы ўазыйпалар шешиледи (12.5-сүўрет): 12.5- сүўрет. Кәсипке бағдарлаў ўазыйпалары Тәлимге бағдарлаў, яғный мийнетке жарамлы инсанға кәсип таярлығы түрлери ҳәм формаларын таңлаўdа, кәсип тәлимин әмелге асырыўдағы қыйыншылықларды жеңиўге жәрдем көрсетиў Қайта бағдарлаў, яғный мийнетке жарамлы инсанға оның кәсип тәжирийбеси, жумыс стажы, ден-саўлығы, кәсипке қызығыўшылығы ҳәм қәбилетин есапқа алған ҳалда кәсиплик қайта таярлаў дәстүрлерин таңлаўда жәрдем көрсетиў. Кәсип мағлыўматы, яғный мийнетке жарамлы инсанға оның қызығыўшылықлары ҳәм қәбилетине сәйкес келетуғын кәсип-өнер таңлаўда жәрдем бериў. Психологиялық қоллап-қуўатлаў, яғный жеке ҳәм социаллық машқалаларды шешиўде жәрдем бериў Өзбекстан Республикасында әмелге асырылған көп укладлы экономика ҳәр түрли қәбилет ҳәм қызығыўшылықларға ийе хызметкерлерге мийнет тараўында өз орнын табыўы ушын зәрүр мүмкиншиликлер жаратады. Ҳәзирги ўақытта кәсипке бағдарлаў мақсет ҳәм ўазыйпаларын өндирис мүтәжликлери менен байланыслы болыўы ушын зәрүр илажлар көрилмекте. Мәмлекетимиздеги акционерлик жәмийетлери, кәрхана ҳәм шөлкемлер өндирис нәтийжелилиги ҳәм халықты жумыс пенен тәмийинлеў, кәсипке бағдарлаў, кәсипке таярлаў ҳәм бәнтликке жәрдемлесиў орайлары ҳәрекетин муўапықластырыўға байланыслылығын аңлап жеткен. 12.6 – сүўрет. Кәсипке бағдарлаў түрлери Кәсипке бағдарлаў: — белгили бир кәрханаға; — мийнет ҳәрекетине; — қәнигеликке бағдарланған болыўы мүмкин (12.6-сүўрет). Бул мәселеде кәсиплик таярлық әмелге асырылатуғын тәлим мекемелери ҳәм кәрханалар тийкарғы мәпдарлығы. Кәсипке бағдарлаў системасы төмендегилерден ибарат (12.7-сүўрет): Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling