15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet44/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   198
Bog'liq
Miynet

Ассимиляция басқышы, бунда хызметкер орталыққа толық масласады, жаңа топарға үйренип қалады.
Бирдемликке алып келиў (идентификация) басқышы, бунда хызметкердиң жеке мақсетлери шөлкем, кәрхана ҳәм фирманың мақсетлери менен пикирлес болып қалады. Бирдейлестириў өзгешелиги бойынша хызметкерлердиң үш топарын ажыратыў мүмкин: парықсызлар, ярымы бирдей ҳам ярымы бирдей жумысшылерден ибарат болады. Соның ушын, бундай мийнет жәмәәтиниң нәтийжелери де ҳәрдайым жоқары болады. Масласыў тезлиги көп факторларға байланыслы. Хызметкерлердиң түрли топарлары масласыўдың нормал мүддети 1 жылдан 3 жылға шекем болады. Мийнет жәмәәтине кире алмаў, оған масласып, көнигип кете алмаў бул жерде өндирис ҳәм социаллық тараўда үлкен кемшиликлерге себеп болады.


12.2- сүўрет. Мийнетке масласыў факторлары
Мийнетке масласыў факторлары - булар бул процесстиң кешиўи, мүддетлери, темплери ҳәм нәтийжелерине тәсир көрсетиўши шәрт-шараятлар болып табылады. Олар арасында объектив ҳәм субъектив факторларды ажыратып көрсетиў мүмкин (12.2- сүўрет).
Объектив факторлар өндирис процесси менен байланыслы факторлар болып, олар хызметкерге онша байланыслы болмайды. Бул факторларға мийнетти шөлкемлестириў, өндирис процесслерин механизациялаў ҳәм автоматластырыў, мийнеттиң санитария-гигиена шәрт-шараятлары, жәмәәттиң үлкен-кишилиги, кәрхананың қай жерде жайласқанлығы, тармақтың қәнигелесиўи ҳәм усы сыяқлылар киреди.
Субъектив (жеке) факторларға төмендегилер киреди:
- хызметкердиң социаллық-демографиялық өзгешеликлери (жынысы, жасы, мағлыўматы, маманлығы, жумыс стажы, социаллық аўҳалы ҳәм басқалар);
- социаллық-психологиялық өзгешеликлер (даўалар дәрежеси, мийнет етиўге таярлығы, өндирис жағдайында тез жол табып алыў, өзин-өзи қадағалаў қәбилети ҳәм өз ҳәрекетлери ҳәмде жумысларын ўақыт жағынан бөлистире алыў ҳәм усы сыяқлылар);
- социологиялық факторлар (кәсиплик қызығыўшылық мийнет нәтийжелилиги ҳәм жумыс сыпатынан материаллық ҳәм руўхый мәпдарлық ҳәм басқалар дәрежеси).

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling