15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet86/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   82   83   84   85   86   87   88   89   ...   198
Bog'liq
Miynet

di – хызметкердиң компания пайдасындағы қатнасыў үлеси;
Zi – хызметкердиң жыллық мийнет ҳақысы;
- компанияның барлық хызметкерлериниң жыллық мийнет ҳақысы;
P – компанияның хызметкерлер ортасында бөлистириўши пайдасы;
n – компанияның пайдада қатнасыўшы хызметкерлер саны.

  1. Мийнет ҳақы ҳәм жумыс стажына тийкарланған:

(7.4),
бунда:
di – хызметкердиң компания пайдасындағы қатнасы үлеси;
BZPi – хызметкер мийнет ҳақының белгили муғдары ушын шәртли баллар муғдары;
Bsi – хызметкер стажының ҳәр бир жылы ушын шәртли баллар муғдары;
- барлық қатнасыўшылар жумыс ҳақылары ҳәм жумыс стажы ушын шәртли баллар муғдары.

  1. Киритилген капитал муғдарына тийкарланған:

(7.5),
бунда:
di - хызметкердиң компания пайдасындағы қатнасыў үлеси;
Ki – компания хызметкери тәрепинен қойылған капитал муғдары;
- барлық хызметкерлер тәрепинен қойылған капиталдың жәми муғдары.
Хызметкерлердиң пайдадағы үлесин белгилеўдиң жоқарыда келтирилген усыллардан тысқары мийнет ҳақы ҳәм мийнет өнимдарлығы, барлық қатнасыўшыларына төленген саатлардың улыўма муғдарын есапқа алған ҳалда төленген жумыс саатлары көрсеткишлеринен де пайдаланылады.
Исбилерменлик дәраматы. Исбилерменлик ҳәрекети өндирис процессин шөлкемлестириў ушын өндиристиң барлық факторлары бирлестириледи. Исбилермен пайда алыў ҳәм жәмийеттиң ҳәр қыйлы мүтәжликлерин қанаатландырыў ушын өндиристиң барлық факторларын муўапықластырады. Исбилерменлик ҳәрекети ҳәр дайым белгили дәрежедеги қәўир пенен байланыслы, бул исбилермен тәрепинен алыныўшы дәраматтың ажыралмас өзгешелиги. Бул дәрамат белгиленген баҳасы болмай, бәлким исбилерменлик ҳәрекетиниң жетискенлигине байланыслы.
Исбилерменлик ҳәрекетинде қәўипти кемейтиў әҳмийетке ийе. Қәўипти кемейтиўдиң төмендеги тийкарғы усылларын ажыратып көрсетиў мүмкин:

  • жойбарды ислеп шығыўға билимдан шериклер ҳәм мәсләҳәтшилерди тартыў;

  • машқалаларды жойбардан алдын терең ислеп шығыў;

  • базар конъюнктурасының, бул өним ямаса хызметке талаптың раўажланыў бағдарларын болжаў;

  • қәўиптиң жойбар қатнасыўшылары, оның атқарыўшылары ортасында бөлиниўи (қәўиптиң бөлиниўи соннан ибарат, қәўип ушын жуўапкер қәўипти басқалардан жақсырақ есаплай алатyғын ҳәм қадағалай алатуғын шерик болыўы керек);

  • қамсызландырыў;

  • көзде тутылмаған қәрежетлерди қаплаўға қаржыларды резервке алыў

Сондай-ақ, өз-өзин қамсызландырыў, опционлар шығарыўдан пайдаланып, басқарыў тараўындағы маманлы жумыслар менен қәўипти бир қанша кемейтиў мүмкин.
Опционлар – бул ийесине белгиленген мүддетте (әдетте 3-6 ай) қымбат баҳалы қағазлар ямаса товарлардың белгили муғдарын дизимге алынған баҳада сатып алыў ямаса сатыў ҳуқықын бериўши қағазлар болып табылады. Опционлар шығарып, кәрхана дәраматлардың кемейиўинен бул кәрхана қымбат баҳалы қағазларға ямаса оның өнимине курстың түсиўи есабынан қосымша кирис алады. Финанслық фьючерслер опционлардан айырмашылығы, олар сатып алыў ҳәм сатыўды өткериўге ҳуқықты емес, бәлким мәжбүриятты көзде тутады. Кәрханалар өз фьючерслеринен өз балансларын тәртипке салыў ушын пайдаланыўы мүмкин.
Исбилерменлик ҳәрекетинен келетуғын дәраматлар пуқаралардың юридикалық шахс мағлыўматсыз әмелге асырылыўшы коммерциялық ҳәрекетинен (жеке уйымластырылмаған саўда, касанашилик ҳәм өнерментшилик өндирис, жеке хызмет көрсетиў) келетуғын дәраматларды да өз ишине алады.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   82   83   84   85   86   87   88   89   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling