11.8-сүўрет. Халықтың өз ықтыярындағы дәраматлары
Номинал ҳәм реал дәраматлардың өз-ара байланысы төмендеги формула менен анықланады:
RRD = (ND – NP)/J (7.6)
бунда:
ND – номинал дәраматлар;
NP – салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлер;
J – тутыныў баҳалары индекси.
Халықтың номинал ҳәм реал дәраматларын есаплаў нәтийжесинде халықтың реал дәраматлары индекси есапланады. Буны есаплаў методын төмендеги 11.7-кестеде көрип шығамыз.
11.7-кесте
Халықтың реал дәраматлар индексин есаплаў методы
(шәртли статистикалық мағлыўматлар тийкарында)
№
|
Көрсеткишлер
|
Базис дәўир
|
Ағымдағы дәўир
|
|
Халықтың номинал дәраматлары, млн.сўм
|
567
|
598
|
|
Улыўма номинал дәраматтан алып тасланатуғын ҳәр қыйлы төлемлер (салықлар ҳәм социаллық төлемлер)
|
98
|
112
|
|
Халықтың ықтыярындағы дәраматы, млн.сўм (1-2)
|
469
|
486
|
|
Тутыныў баҳалары индекси
|
1,0
|
1,16
|
|
Реал дәрамат, млн.сўм (3:4)
|
469
|
418,9
|
Дерек: Ғойибназаров Б.К. Аҳоли турмуш даражасини статистик баҳолаш. – T.: Илм, 2015. – 24 б.
Солай етип, халық дәраматларының қәлиплесиўине тәсир көрсетиўши барлық факторлар еки топарға бөлинеди:
Теңлестириўши:
– шаңарақ мийнет ҳақыларының қосылыўы;
– шаңарақта жасаўшы ҳәм өз пенсияларын шаңарақ бюджетине киритиўши пенсионерлердиң пенсиялары;
– шаңарақ ағзалары тәрепинен алынатуғын жәрдемлер.
Бөлиниўши:
– мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзаларының бар болыўы, олардың шаңарақтағы саны (әсиресе, егер олар шаңарақ дәраматын жаратыўда қатнаспаса);
– ислеўши ҳәм ислемейтуғын шаңарақ ағзаларының өз-ара қатнасы.
Do'stlaringiz bilan baham: |