15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
T2 – өтмиш ямаса сиңдирилген мийнеттиң жумсалыўы.
Егер мийнет өнимдарлығын есаплап шығыў ушын тек ғана жанлы мийнеттиң жумсалыўынан пайдаланса, бундай көрсеткиш жеке тәртиптеги (индивидуал) мийнет өнимдарлығы делинеди. Жеке тәртиптеги (индивидуал) мийнет өнимдарлығы төмендеги формула бойынша есаплап шығылады. Pi = M / T1 (9.4), Мийнет өнимдарлығының әҳмийетин билиў ушын «мийнет өнимдарлығы» ҳәм «өндириўши мийнет күши» деген түсиниклерин анықластырыў керек. Өндириўши мийнет күшин потенциал (мүмкиншилиги болған) өнимдарлық, яғный белгили бир шараятта анық бир ўақыт даўамында нәтийжеге ерисиўди тәмийинлеўге қәдир деп түсиниў керек. Мийнет өнимдарлығы ҳақыйқый әмелий өлшем, яғный әмелге асырылған мүмкиншилик сыпатында сәўлеленеди. Мийнет өнимдарлығы – өзгериўшең өлшемлер, оған ҳәм интенсив, ҳәм экстенсив факторлар тәсир етеди. Ол ҳәр бир өндириўши мийнет күшинен пайдаланыў дәрежесин анықлайды. Мийнет өнимдарлығы, өндириўши мийнет күши ҳәм мийнет интенсивлигиниң өз-ара байланысын төмендегише анықлаў мүмкин: JPt = Pst · K · INt (9.5), бул жерде: JPt – мийнет өнимдарлығының индекси; Pst – ҳәр бир ўақытта бирликке тең болған өндириўши мийнет күшиниң раўажланыў дәрежеси; K – өндириўши мийнет күшинен пайдаланыў коэффициенти; INt – орташа, социаллық зәрүр мийнет интенсивлигине қарай мийнет интенсивлиги дәрежеси. Мүмкиншилиги болған мийнет өнимдарлығы менен әмелде ерисилген мийнет өнимдарлығы ортасындағы парық мийнет өнимдарлығының өсиў резервлери делинеди. Мәселен, өндириўши күшинен пайдаланыў коэффициенти - 0,8%ке тең; мийнет интенсивлиги - 0,9%; Сонда JPt=1·0,9·0,8-0,72. Бунда, мийнет өнимдарлығын асырыў барысындағы мүмкиншиликлердиң тек ғана 72 процентинен пайдаланылмақта, қалған 28 проценти болса оның асырыў мүмкин болған резервлери. Мийнет өнимдарлығының әҳмийетин тәрийплеў ушын «мийнет интенсивлиги» ҳәм «мийнет тығызлығы» түсиниклерин анықластырыў керек. Экономикалық әдебиятларда бул түсиниклердиң бир-бирине қатнасы ҳаққында анық бир мәнисте түсинилетуғын пикир жоқ. Көбинесе, мийнет интенсивлиги дегенде, адамның мускул ҳәм нерв қуўатының жумсалыўы менен өлшенетуғын өндирис процесиндеги мийнет тығызлығы дәрежеси түсиниледи. Усы ҳәмде басқа тәрийплерде «мийнет интенсивлиги» ҳәм «мийнет тығызлығы» түсиниклерге бирдей мәнис бериледи, бирақ булар басқа-басқа түсиниклер болып табылады. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling