10.1- сүўрет. Мийнет өнимдарлығын есаплаў методикасы
Ҳәр қандай өнимлер ислеп шығарыўда, хызметлер көрсетиўде жанлы ҳәм буйымласқан мийнет жәмленген болады. Бундай жәмленген мийнет себепли материаллық байлықлар жаратылады.
Жәмийетлик өндирис күшлери раўажланып барған сайын жанлы мийнет материалласқан мийнеттиң көбирек массасын өз ишине алады. Нәтийжеде жәми мийнетте материалласқан мийнеттиң үлеси көбейип барған сайын жанлы мийнеттиң үлеси кемейип барады. Бул мийнет өнимдарлығының өскенлигиниң тийкарғы белгиси. Өндиристиң жетилисип барыўы ҳәм илим-техниканың раўажланыўы мийнет өнимдарлығы өсиўиниң тийкарғы шәртлери болып табылады. Жаңа технологиялық процесслер, материаллар ҳәм автоматластырыў қуралларыниң енгизилиўи мийнетти механизациялаў дәрежесиниң артыўына алып келеди. Бул көрсеткишти төмендеги формула менен анықланыўы мүмкин:
(9.1),
бунда :
Md- мийнеттиң механизациялаў дәрежеси, %;
Sm-механизацияласқан мийнет жумысшылери саны, адам
Su- хызметкерлердиң улыўма орташа дизимдеги саны, адам.
Механизацияласқан мийнет хызметкерлери қатарына өз жумысын машиналар ҳәм механизмлер жәрдеминде орынлайтуғын адамлар киритиледи.
Мийнетти механизациялаў (автоматластырыў) дәрежесиниң өсиўи материалласқан мийнет үлесиниң өскенлиги ҳәм жанлы мийнеттиң жумсалыўын көбейтпей турып мийнет өнимдарлығын асырыў мүмкиншиликлеринен дерек береди.
10.2. Мийнет өнимдарлығы ҳәм мийнет жеделлиги (интенсивлиги) қатнасы
Мийнет өнимдарлығының тийкары болған мийнеттиң өнимдарлық күши мийнет өнимдарлығының өзи емес: ҳақыйқый мийнет өнимдарлығы және еки әҳмийетли факторға - жанлы мийнеттиң ең әҳмийетли көрсеткиши болған мийнет интенсивлигине (жеделлигине) ҳәм жумыс ўақтының номинал фондынан пайдаланыўға да тиккелей байланыслы.
Мийнет жеделлиги (интенсивлиги) – бул, жанлы мийнеттиң қурамалылығы дәрежеси болып, жумыс ўақты бирлиги ишинде инсан нерв ҳәм мускул қуўатының жумсалыўы менен өлшенеди. Бунда инсан организмине унамсыз тәсир көрсетпейтуғын жеделлик социаллық нормал жеделлик есапланады, жумсалған қуўат аўқатланыў, дем алыў есабына толық тикленеди.
Есап-санақларға қарай, мийнеттиң нормал жеделлиги дәрежеси тегисликте саатына 4,8 км тезлик пенен кетип баратырған адамның күш-қуўатын жумсаўға тең. Салыстырмалы нормал мийнет жеделлигин асырыў мийнетке ҳақы төлеўде тийисли дәрежеде есапқа алыўды талап етеди.
Мийнет өнимдарлығы мийнет жеделлиги менен бир қатарда жумыс ўақты жамғармасынан пайдаланыў дәрежесине байланыслы.
Do'stlaringiz bilan baham: |