15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet184/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   180   181   182   183   184   185   186   187   ...   198
Bog'liq
Miynet

Хожалық функциясы. Өндирис ҳәм хожалық имаратларында тазалық ҳәм тәртипти сақлаўға хызмет етеди, ислеўшилерди ишимлик суўы, арнаўлы аўқат (сүт, калориялы аўқат, ишимликлер) менен, сондай-ақ өндиристеги хожалық хызметиниң барлық түрлери менен тәмийинлейди.

  • Сақлаў функциясы. Егер кәрханада жүклер ағымы көп болса, қурамалы ҳәм кең тармақлы склад хожалығы бар болса, транспорт функциясынан ажыралып шығады.

    Хызмет көрсетиўди басқарыў орайласқан ҳәм орайласпаған усыллар менен әмелге асырылыўы мүмкин. Буннан тысқары, экономикалық жақтан қолайлы болған көплеген кәрханаларда жумыс орынларына хызмет көрсетиўдиң аралас усылы қолланады, бунда ең әҳмийетли ҳәм қурамалырақ функциялар орайласқан ҳалда (мәселен, әсбап-үскенелерди сазлаў ҳәм профилактика жумыслары), басқалары - орайласпаған ҳалда цехлар ҳәм участкалардың өз күшлери менен әмелге асырылады.
    Басқа тәрептен қарағанда, жәрдемши жумысшылар өзлери тийкарғы өнимди ислеп шығармаўын, лекин барлық өним барлық жумысшыларға бөлистирилиўин де итибарға алыў керек. Тийкарғы ҳәм жәрдемши жумысшылар саны қатнасларына қарай қандай да бир стандарт ямаса бирден-бир нормативлер жоқ: бул қатнаслар муғдары анық өндирис шараятларына байланыслы. Тек сондай улыўма нызамлықты ғана айтып өтиў мүмкин: хызмет көрсетиў функциялары қанша қурамалы ҳәм ҳәр қыйлы болса, хызмет көрсетиўши хызметкерлер саны тийкарғы жумысшыларға қатнасы сонша көп болады ҳәм керисинше.


    Қысқаша жуўмақ
    Мийнет ҳәрекети дегенде адамның қандайда бир мийнет түри менен бәнт болыўы түсиниледи.
    «Шөлкемлестириў» түсиниги французша оrganizasation, латынша оrganizo-тәртипке келтиремен” сөзинен келип шыққан.
    Мийнет бөлистирилиўи дегенде, ҳәр қыйлы мийнет түрлериниң бир-биринен ажыратылыўын, нәтийжеде өндиристе қатнасыўшы түрли топар адамлардың ҳәр қыйлы мийнет ҳәрекетлери менен бәнт болыўы түсиниледи.
    Мийнет ҳәрекети процесиндеги айрықша қәнигелестирилген атқарыўшылар ортасындағы байланыслардың орнатылыўы мийнет кооперациясы деп аталады ҳәм мийнет ҳәрекетиниң шөлкемлестирилиўиндеги ең әҳмийетли элементлерден бири есапланады.
    Жумыс орны – өндирис орнының бир бөлими болып, онда барлық тийкарғы ҳәм жәрдемши технологиялық үскенелер, қурылмалар, әсбаплар, жумыс мебеллери ҳәм арнаўлы қурылмалар жайласқан болады ҳәмде олар анық түрдеги жумысларды орынлаў ушын мөлшерленген болады.
    Хызмет көрсетиў системасы - бул тийкарғы жумысшылердиң жумыс орынларын узақ ўақыт даўамында - бир сменадан бир ҳәптеге шекем, ҳәтте бир жылға шекем жоқары өнимли, бир тегис ислеў ушын зәрүр болған барлық керекли нәрселер менен тәмийинлейтуғын жәрдемши жумысларды орынлаў тараўындағы пүткил бир илажлар комплекси есапланады.



    Download 0.79 Mb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
  • 1   ...   180   181   182   183   184   185   186   187   ...   198




    Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
    ma'muriyatiga murojaat qiling