15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Ақылый ҳәм физикалық мийнет
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 2.4-сүўрет. Мийнеттиң мазмунына қарай бөлиниўи
4. Ақылый ҳәм физикалық мийнет. Ақылый мийнет интеллектуал хызметти ямаса тийкарынан нерв-руўхый түстеги жумысларды орынлаў менен байланыслы болған хызметти көзде тутады, физикалық мийнетке болса физикалық түрде орынланатуғын жумыслар туўры келеди.
Ақылый мийнет сондай сәўлеленеди, инсан мийинде идеялар пайда болып, инсан бул идеяларды жүзеге шығарыў жобасын пухта ойлап көреди, өз жобасының физикалық мийнет процесинде жүзеге шығыўын гүзетеди. Мийнеттиң ақылый ҳәм физикалық мийнетке бөлиниўи шәртли көриниске ийе. Бул шәртлилик экономика илиминиң алымы С.Г.Струмилин тәрепинен мийнеттиң еки түрин: физикалық ҳәм ақылый мийнетти бир-бирине қарама-қарсы қойыў. Физиология болса өзиниң берген анықламасы менен бизге бундай қарама-қарсы қойыў ушын жетерлише тийкар жоқ екенлигин мәлим етеди. Мийнет – бир пүтин нерв-мускул процесси, ҳеш қандай мускул жумысы нерв-мий жоллары ҳәм орайларының тийисли хызметисиз әмелге асырыла алмайды ҳәм керисинше, ҳәр қандай абстракт ақылый мийнет те ақыллы, дым төмен, тоқтап қалып атырған рефлекслер тәризинде болса да, анық түрде мускул хызмети менен биргеликте кешеди, деп тийкарланады. Сол себепли, гәп мийнеттиң ақылый ямаса физикалық функцияларының көбиреклиги ҳаққында ғана барыўы мүмкин. Мийнеттиң мазмунына қарай төмендегише бөлинеди (2.4-сүўрет). 2.4-сүўрет. Мийнеттиң мазмунына қарай бөлиниўи Мийнет мазмуны көз-қарасынан алып қаралғанда мийнет процесси инсанның мийнет қураллары ҳәм буйымлары менен өз-ара байланыслылығы, ҳәр бири усы өнимниң таярланыўы менен тамамланатуғын мийнет дәўирлериниң өзине сәйкес түрде қайталаныўы болып есапланады. Бул процессте төмендеги функциялар әмел етеди: 1) мақсетти белгилеў ҳәм мийнет процессин таярлаў менен байланыслы болған логикалық функция; 2) ҳәрекетке келтириў ҳәм мийнет буйымына тиккелей тәсир етиў менен байланыслы орынланыўшы функция; 3) дизимге алыў ҳәм қадағалаў менен байланыслы технологиялық процессти, белгиленген дәстүрдиң орынланып барыўын гүзетиўши функция; 4) алдыннан белгиленген дәстүрди дүзетиў (туўрылаў), анықластырыў ҳәм тәртипке салыў функциясы. Мийнеттиң мазмуны мийнет процесиндеги функциялардың бар болыўына байланыслы болады ҳәм мийнетти структуралық жақтан сүўретлейди. Мийнеттиң мазмуны ҳар түрлилиги менен ажыралып турады ҳәм өндириўши күшлер ҳәмде техника-технологияның раўажланғанлық дәрежесин көрсетеди. Дөретиўшилик мийнет бир қәлиптеги мийнеттен анық жағдайларды анализлеў ҳәм хызметтиң түрли тараўларында жаңа шешимлерди излеў, илим, техника ҳәм технология, искусство ҳәм мәденият мийнетлерин жаратыў менен байланыслылығы себепли ажыралып турады. Бир қәлиптеги мийнет жумысын орынлаўдың бир мәрте белгилеп қойылған тәртибин өзгертиўге урынбаған жағдайда, оны ойламай қайталай бериўге тийкарланады. Мийнеттиң авторитет дәрежеси – әҳмийетлилиги, массалылыңы, көркемлилиги менен де сүўретлениўи мүмкин. Мийнет бундай сапаларға толық дәрежеде ийе болса, ол авторитет есапланады ҳәм керисинше, буларға толық ийе болмаса, авторитет есапланбайды. Мийнеттиң авторитетлигин баҳалаў, көбинесе, субъектив түрде болады, сондай-ақ, конъюнктуралық шараятлар тәсиринде болады. Мәселен, буннан 15-20 жыл алдын бухгалтер ҳәм нотариустың мийнети авторитетли есапланбайтуғын ҳәм оған аз ҳақы төленетуғын еди, ҳәзирги дәўирде болса базар қатнасықларының раўажланып барыўы менен, ол жақсы ҳақы төленетуғын, бир қанша авторитетли, соның менен бирге атағы шыққан (массалық) мийнет есапланады. Мийнеттиң аўырлық, тығызлық, зыянлық жағдайы оның әҳмийетли өзгешеликлери қатарына киреди. Бул критерияға қарай мийнетке ҳақы төлеў мәселелерин шешиўде мийнет нормадағы аўырлықтағы, тығызлықтағы мийнетке, қолайлы шараятялардағы мийнетке; аўыр, тығыз, зыянлы мийнетке; айрықша аўыр, айрықша зыянлы ҳәм айрықша тығыз мийнетке ажыратылады. Мийнетти бундай топарлардан бирине киритиў ушын физиологиялық ҳәм санитария-гигиена нормалары бар. Мийнет өз тәбиятына қарай конкрет ҳәм абстракт мийнет, жалланба мийнет, жеке тәртиптеги ҳәм коллективлик мийнети, жеке ҳәм социаллық мийнетке бөлинеди ҳәм олар бир-биринен ажыралады. 1. Конкрет ҳәм абстракт мийнет. Инсанның зәрүрликлерин қанаатландырыў ушын тәбият буйымларының формасын өзгертиў ҳәм масластырыўға бағдарланған инсанның айрықша мақсетке муўапық хызмети болған мийнет усы пайдалы формада сәўлеленеди ҳәм түрли тутыныў қунының жаратылыўы оның жуўмағы болады. Оларды жаратыўға қаратылған мийнет конкрет мийнет деп аталады. Мийнеттиң ҳәр қыйлы анық түрлерин бир түрдеги ҳәм бирдей өлшемли көриниске келтириў сапа өзгешеликлеринен шетке шығып, мийнеттиң айырым түрлерин жумысшы күшиниң әпиўайы жумсалыўына, физиологиялық мәнистеги мийнеттиң жумсалыўына - физикалық, нервли ҳәм басқа күш-қуўатлардың жумсалыўына келтириўди талап етеди. Бул бир түрге келтирилген ҳәм бирдей өлшемли мийнет абстракт мийнет делинеди. Конкрет мийнет тутыныў қунын, абстракт мийнет болса товар қунын жаратады. 2. Жалланба мийнет - өндирис қуралларына ийе болмаған ҳәм өз мийнетиниң орнына мийнет ҳақы көринисиндеги анық қунды алыў ушын мийнетке болған қәбилетин сататуғын хызметкерлер ҳәм жумыс бериўшилер ортасында жүзеге келетуғын қатнас. Жалланба мийнет өзинен шетлестирилген мийнет, себеби ол жаратқан байлық басқа байлық сыпатында сәўлеленеди. Соның менен бирге, жалланба хызметкер өз жумысшы күшиниң ийеси есапланады. Бул жумысшы күши раўажланған сайын жумысшы ҳәм оның шаңарағы раўажланып барыўы ушын зәрүр болған жеке мүлклериниң көбейип барыўы менен байланыслы. Ҳәзирги ўақытта өз жумысын ашқан исбилермен өз мийнетин иске салыў мүмкиншилигин де жаратады ҳәм соның менен ол өз-өзин жоллайды. Усындай мийнет инсанның инициативасы раўажланыўы ушын мүмкиншилик береди, мүлкке, ғәрезсизлик, исбилерменлик сыяқлы сапаларының қәлиплестириўге ҳәмде унамлы қәбилетлерин сәўлелендириўге көмеклеседи. 3. Жеке тәртиптеги ҳәм коллектив мийнет – булар мийнетти шөлкемлестириўдиң өзине сәйкес формаасы есапланады. Мийнеттиң бөлистирилиўи инсан ҳәрекетиниң айырым түрлери айрықша болыўына, айырым өндириўшилердиң айрықша болыўына алып келеди. Жеке тәртиптеги мийнет – айырым хызметкерлер ямаса ғәрезсиз өндириўшилер жеке тәртиптеги исбилерменлердиң мийнети есапланады. Мийнеттиң бөлистирилиўи қандайда бир өним таярлаў бойынша бөлек орынланатуғын жумысладың айрықша болыўына алып келип, биргеликтеги күш-ҳәрекетлери таяр өним жаратыўға алып келиў мақсетинде хызметкерлердиң мийнет ҳәрекетин бирлестириў зәрүрлигин келтирип шығарады. Коллектив мийнетте адамлар айрықша емес, биргелесип, мийнет жәмәәтлеринде бөлим, лаборатория, цех, участка, бригадаға бирлесип ислейди, буның үстине, жәмәәттиң үлкен-кишилиги әҳмийетке ийе емес. 4. Жеке ҳәм социаллық мийнет. Айырым өндириўшилер анық товарларды таярлап беретуғын товар ислеп шығарыўында жеке тәртиптеги мийнет өндирис қураллары ийелериниң ажыратылыўы хожалық, өндирис ҳәм юридикалық жақтан айрықша болғанлығы себепли жеке мийнет сыпатында сәўлеленеди. Ҳәр бир өндириўши өз зәрүрлигин қанаатландырыў ушын зәрүр болған өнимлердиң барлығын ислеп шығара бермейди, олардың бир бөлимин ғана таярлап шығарыўға қәнигелеседи. Сол себепли ҳәр қандай жәмийетте жеке мийнет ҳәмийше социаллық мийнеттиң бир бөлими сыпатында сәўлеленеди ҳәм социаллық тәбиятқа ийе болады, бундай социаллық базарда товарлардың бир-бирине теңлестирип, алмастырылыўы арқалы, қуны арқалы сәўлеленеди. Мийнеттиң пайдаланылатуғын буйымлы элементлери ҳәм инсанның мийнетте қатнасыў дәрежеси бойынша төмендеги түрлерге бөлинеди (2.5-сүўрет): Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling