15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-сүўрет. Мийнет өзгешелигин белгилеўши тийкарғы элементлер


Download 0.79 Mb.
bet195/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   190   191   192   193   194   195   196   197   198
Bog'liq
Miynet

2.7 -сүўрет. Мийнет өзгешелигин белгилеўши тийкарғы элементлер



  • социаллық байлықтың жаратыўшысы (бул сондай хызмет түри, оның жәрдеминде инсан өз зәрүрликлерин қанаатландырады, өзи менен тәбият ортасындағы затлар алмасыўын тиккелей анықлайды, тәртипке салады, қадағалайды);

  • жәмийет дөретиўшиси ҳәм социаллық раўажланыў факторлары (мийнет зәрүрликлерди қанаатландырыў ҳәм байлық жаратыў менен пүткил социаллық раўажланыўға тийкар болады - жәмийеттиң социаллық қатламларын ҳәм олардың өз-ара бирлиги тийкарларын қәлиплестиреди);

  • инсанның жаратыўшысы (инсан турмысының барлық байлықларын жаратып, социаллық раўажланыў субъекти сыпатында майданға шығады, улыўма, жәмийетти мийнетке тартып, өз-өзин де раўажландырып барады, билим ҳәм кәсип маманлығын ийелейди, қатнас ҳәм өз-ара жәрдем көнликпелерин қәлиплестиреди).

Мийнет мазмунын анализлеў ўақтында мийнет процесинде бир қатар функциялар әмелге асырылыўы есапқа алынады (2.8-сүўрет).
Бул функциялардан ҳәр бири айырым алынған хызметкердиң мийнетинде белгили дәрежеде қатнасыўы мүмкин, бирақ ол, әлбетте, жалпы мийнетке де сәйкес болады. Инсан мийнет ҳәрекетинде қайсы функция үстинлик етиўине қарай ақылый ҳәм физикалық мийнет функцияларының қатнасы келип шығады.
Мийнет мазмуны – хызметкердиң мийнет предметлери ҳәм қураллары менен өз-ара қатнасқа кирисиўи болып табылады.



2.8-сүўрет. Мийнет мазмунын анализлеў процесинде есапқа алынатуғын функциялар


Мәселен, тигиўши тигиў машинасында пайдаланған ҳалда гезлеме менен ислейди, аспаз аўқат таярлаўда азық-аўқат шийки заты ҳәм өнимлеринен, сондай-ақ, өзи ушын зәрүр болған писириў қуралларынан, газ плитасынан пайдаланады. Мийнет мазмуны төмендеги белгилер менен характерленеди: мийнеттиң қурамалылығы; хызметкердиң кәсипке жарамлылығы; хызметкердиң ғәрезсиз дәрежеси. Айтып өтилген белгилерди анығырық көрип шығамыз (2.9-сүўрет).
Мийнет мазмунының биринши белгиси оның қурамалылық дәрежеси менен айырмашылыққа ийе болыўы. Алымның мийнети слесардың мийнетинен қурамалырақ, дүкән баслығының мийнети болса кассир мийнетинен қыйынырақлығы түсиникли. Бирақ түрли мийнетке ҳақы төлеў өлшемлерин тийкарлаў ушын оларды салыстырыў керек болады. Қурамалы ҳәм әпиўайы мийнетти өлшеў ушын «мийнет редукциясы» түсиниги қолланылады.




Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   190   191   192   193   194   195   196   197   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling