15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
«Мийнет экономикасы» пәниниң предмети
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
2.3. «Мийнет экономикасы» пәниниң предмети,мақсети ҳәм ўазыйпаларыӘмелий турмыста ҳәр қыйлы социаллық-мийнет қатнасықлары бар болар екен, ондағы түрли социаллық-экономикалық ҳәдийселер ҳәм процесслерди «Мийнет экономикасы» пәни үйренеди. Соның ушын да «Мийнет экономикасы» - бул, мийнет базары хызмет көрсетип атырған дәўирде социаллық-экономикалық процесслерди енгизиў болып табылады. Бул түсиникти кеңирек анықламасы төмендегише: «Мийнет экономикасы» - бул, жумыс бериўши ҳәм жалланба хызметкерлердиң мийнет процесинде жүзеге келетуғын экономикалық ҳәм социаллық қатнасықларды сәўлелендириўши пән болып табылады. «Мийнет экономикасы» илим сыпатында мийнет қатнасықлары тараўындағы нызамшылықларды, соннан, мазмуны сәўлелениўиниң өзине сәйкес формалары, жумыс пенен бәнтлик, мийнетти шөлкемлестириў, оған ҳақы төлеў, оның нәтийжелилиги сыяқлы формаларын үйренеди. «Мийнет экономикасы» экономикалық илим сыпатында жәмийеттеги өз-ара муўапықлық ҳәм масласыў процесслерин түсиндиреди. Бул пәнниң тийкарларын билиў қәнигеге жүз берип атырған ҳәдийселерди үйрениўге абстракцияласқан ҳалда ҳәм тийкарлы түрде жантасыў, олардың ҳәрекетлендириўши күшлерин түсиндириў ҳәм әҳмийетин баҳалаў мүмкиншилигин береди. «Мийнет экономикасы» пәниниң предмети – мийнет процесинде түрли факторлар – техникалық, шөлкемлестириўшилик, кадрлар ямаса басқа характердеги факторлар тәсири астында қарар таўатуғын социаллық-экономикалық қатнасықлар есапланады. Бул илим мийнет процессин, яғный раўажланыўдағы, ҳәрекеттеги хызметти үйренеди. Бундай жантасыў итималлы затларды шығарып таслап, тийкарғы итибарды объектив ҳәм типик затларға қаратыў, пәнди жәнеде терең үйрениў ушын мийнет қатнасықлары тараўындағы дүнья көз қарасларды сәўлелендириў мүмкиншилигин береди. “Мийнет экономикасы” пәниниң мақсети- студентлерге социаллық - экономикалық процесслер бойынша билим бериў, анализлеў, тәртипке салыў, басқарыў, жобаластырыў ҳәм перспективаластырыў тийкарында социаллық-мийнет қатнасықларын жетилистириў бойынша нәтийже ҳәм усыныслар ислеп шығыўға көнликпелер пайда етиўден ибарат.«Мийнет экономикасы» пәниниң тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат: мийнеттиң жәмийет раўажланыўыдағы орнын үйрениў; мийнет ҳақы системасы, оны шөлкемлестириў элементлери ҳәм принциплерин изертлеў; халық ҳәм мийнет ресурсларын қайта ислеп шығарыў ҳәмде олардың жумыс пенен бәнтлигин ҳәм жумыссызлығын мийнет базарының ҳәрекети менен байланыслы ҳалда анализлеў; халықтың турмыс тәризи ҳәм дәраматларын мийнет ҳақының түрли формалары менен байланыслылығын белгилеў; мийнет өнимдарлығын асырыў факторлары ҳәм резервлерин анықлап, олардың жағдайын анализлеў ҳәм жобаластырыў; кәрхана хызметкерлериниң қәлиплесиўи ҳәмде раўажланыўын анализлеў ҳәм жобаластырыў; мийнет хызметин хошаметлеў, мийнет қулқын жақсылаў ҳәм оған сәйкеслестириў дәрежесин асырыў; мийнет жәнжел себеплерин үйрениў, олардың алдын алыў ҳәм шешиў бойынша илажлар системасын ислеп шығыў; жәмийетте ҳәм мийнет шөлкемлеринде хызметкерлерди қорғайтуғын социаллық қәдриятлар системасын жаратыў; мийнет тараўында анық социологиялық изертлеўлерди өткериў; социаллық мийнет қатнасықларын тәртипке салыўды жетилистириў. Мағлыўматлар топлаў ҳәм анализлеў ушын «Мийнет экономикасы» пәнинде төмендеги усыллар кең қолланылады: - теңлестириў ҳәм салыстырыў; - топарға бөлиў ҳәм бақлаў; - статистикалық анализ; - фактлар топлаў; - экономикалық-математикалық; - экспертли баҳалаў; - социологиялық изертлеў; - нәтийже шығарыў. Соны айтып өтиў керек, «Мийнет экономикасы» пәнин үйрениў көлеминде өткерилетуғын изертлеўлер социаллық-экономикалық раўажландырыўдың илимий тийкарланған дәстүрлерин ислеп шығыў, хызметкерлердиң мийнет хызметинде турақлы бирге ислеўши социаллық машқалалар ҳәмде қарама-қарсылықларды шешиў ушын зәрүр болған ҳәм жетерли дәрежеде исенимли мағлыўматларды береди. Солай етип, «Мийнет экономикасы ҳәм социологиясы» пәни, бир тәрептен, реал бар болған ҳәдийсе ҳаққындағы билимлерди кеңейтириўге, екинши тәрептен, мийнет тараўында кешетуғын жаңа қатнасықлар ҳәм процесслерди қарар табыўға жәрдемлеседи. Экономиканы базар экономикасы принциплери тийкарында алып барылып атырған мәмлекетлерде өндиристи раўажландырыў тәжирийбесиниң көрсетиўинше, бир қыйлы өним ислеп шығаратуғын кәрханаларды бирлестириў, яғный өндиристи горизонтал ҳәм вертикал жағдайда бир жерге топлаў менен бир қатарда, яғный комбинатлар тәризинде, кәрханаларды бирлестириў жолы менен шөлкемлестириў жүз беретуғын болса, бунда шийки затты қайта ислеўдиң избе-из басқышлары ямаса социаллық мийнет бөлистирилиўиниң түрли формалары менен байланыслы болған өндиристиң қәнигелесиўи жүз береди. Ҳәзирги шараятта мийнет төмендеги өзгешеликлери менен ажыралып турады: мийнет процессиниң интеллектуал потенциалы артады. Бул болса ақылый мийнет ролиниң күшейиўинде, хызметкердиң өз хызмети нәтийжелерине аңлы түрде ҳәм жуўапкершилик менен қатнаста болыўдың артыўында сәўлеленеди; мийнет қәрежетлери материаллық бөлиминиң үлеси артады. Мийнет қураллары (машиналар, әсбап-үскенелер, механизмлер ҳәм усы сыяқлылар) менен байланыслы буйымласқан мийнет үлесиниң көбейиўи илим–техника раўажланыўы ерискен жетискенликлери менен байланыслы болып, инсан шекленген физикалық мүмкиншиликлери шараятында мийнет өнимдарлығы ҳәм нәтийжелилигиниң артыўынжа шешиўши фактор болып хызмет етеди; мийнет процесси социаллық тәрепиниң әҳмийети артады. Ҳәзирги ўақытта мийнет өнимдарлығының асыў факторлары тек ғана хызметкер маманлығын ямаса оның мийнетин механизациялаў дәрежесин асырыў менен емес, бәлким инсан саламатлығының аўхалы, оның кейпияты, турмыстағы, коллективтеги ҳәм улыўма, жәмийеттеги қатнасықлары менен де байланыслы. Мийнет қатнасықларының бул социаллық тәрепи мийнеттиң материаллық хошаметлеўши факторларын толтырады ҳәм инсан турмысында әҳмийетли роль ойнайды. Өзбекстан Республикасында мийнетке тийисли қатнасықлар мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, жәмәәтлик келисимлер, сондай-ақ, жәмәәт шәртнамалары ҳәм басқа локал норматив ҳүжжетлер менен тәртипке салынады. Мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан Республикасының «Мийнет Кодекси », «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызамы ҳәм бул нызамға Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги тәрепинен таярланған түсиндирмелер ҳәмде мийнет ҳәм оны шөлкемлестириў бойынша мәмлекет ҳәкимиятының басқа ўәкиллик ҳәм атқарыў органлары өз ўәкалатлары көлеминде қабыл етилген қарарлар киреди. 2.4. Мийнет элементлери ҳәм мийнет процесси функциялары Мийнет өзгешелигин белгилеўши өндирис қатнасықлары системасының тийкарғы элементлери 2.7-сүўретте көрсетилген. Мийнетти анализлеўдиң ең әҳмийетли методологиялық тәреплеринен бири мийнет функцияларын билип алыў есапланады. Бул функциялар қанша ҳәр қыйлы болмасын, олардың диалектикалық бирлигин де айтып өтпесек болмайды. Мийнет өзиниң тийкарғы социаллық функцияларында төмендегише сәўлеленеди: зәрүрликлерди қанаатландырыў усылы (бул мийнеттиң биринши ҳәм ең әҳмийетли функциясы болып, инсанның социаллық турмысы мине усынннан басланады); Мийнеткешлердиң өндирис қуралларына қатнасы, өндирис қуралларының мүлкшилик формасы Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling