15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-сүўрет. Мийнет процессиниң структуралық бөлимлери


Download 0.79 Mb.
bet188/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   184   185   186   187   188   189   190   191   ...   198
Bog'liq
Miynet

2.2-сүўрет. Мийнет процессиниң структуралық бөлимлери


Мине усы үш структуралық бөлимниң өз-ара тәсир көрсетиўи нәтийжесинде мийнет өними - тәбияттың жаңа өними жүзеге келеди ҳәм ол инсан зәрүрликлерине масласқан болады. Булар: жыйнап терип алынған пахта өними, бағылған шарўа маллары, қурылған жай ямаса көпир, тигилген кийим ямаса аяқ-кийимлерден қуралыўы мүмкин. Мийнет предметлери (шийки зат ҳәм материаллар) ҳәм мийнет қураллары (өндирис қураллары) жанлы мийнет процессине қосылмаса, олар өз-өзинен ҳәрекет ете бермейди. Жанлы мийнеттиң жумсалыўы өз гезегинде тек ғана адамлардың тәбиятқа қатнасығынан ибарат болып қалмай, бәлким әмелге асырылып атырған процесс қатнасыўшылары ортасындағы қатнастан да ибарат. Соның ушын, мийнет ҳәрекети жанлы мийнеттиң материаллық шәрт-шараятларды пайда етиўши өндирис қуралларысыз бар болыўы мүмкин емес. Соның ушын да мийнет процесси оның үш тийкарғы тәрепин механикалық тәризде бирлестириўден ибарат болмай, бәлким олардың тығыз бирлигинен ибарат болып, оның шешиўши факторлары болса инсанның өзи ҳәм оның мийнет ҳәрекети есапланады.
Мийнет процесинде инсан мийнет ҳәрекетинен көзде тутылған мақсетке ерисиў ушын мийнет қураллары жәрдеминде мийнет предметинен пайдаланып, жанлы мийнет жумсалыўы менен өз-ара байланысқа кириседи ҳәм буның менен жасаў ушын зәрүр болған жаңа өним жаратады. Бундай өнимди ислеп шығарыў процесиниң барлық үш тәрепи: шийки зат ҳәм материаллар, мийнет қураллары ҳәм жанлы мийнеттиң жумсалыўы бирлесип мийнет өнимин жаратады.
Мийнет социаллық-экономикалық, технологиялық, ақылый-сезиўшеңлик, физикалық-химиялық, биологиялық ҳәм басқа нызамлы ҳәдийселердиң уйғынласыў процесси болып табылады (1.3-сүўрет).

2.3-сүўрет. Мийнет ҳәдийселериниң уйғынласыў процесси


Мийнет предметлерине жер асты қазылмалары, тәбийий ҳәм жасалма шийки зат ҳәм материаллар, ярым фабрикатлар ҳәм комплектлестирилген әсбаплар; энергиялық, материаллық ҳәм мағлыўматлар ағымлары киреди. Жумысшы күши мийнет предметлерин мийнет қураллары арқалы өзгертеди.
Мийнет қуралларына машиналар, үскене ҳәм қурылмалар; жумыс қураллары ҳәм басқа технологиялық исленбе түрлери; дәстүрий тәмийнат қураллары; жумыс орнының шөлкемлестириўшилик тәмийнаты ҳәм басқалар киреди.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   184   185   186   187   188   189   190   191   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling