15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet189/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   185   186   187   188   189   190   191   192   ...   198
Bog'liq
Miynet

Мийнет - байлық дереги. Ол инсан ҳәрекетиниң биринши ҳәм зәрүр шәрти есапланады. Инсан ҳәм жәмийет раўажланыўының тарийхы бул процессте мийнеттиң шешилиўши әҳмийетке ийе екенлигинен дерек береди. Адамлар әтираптағы тәбиятты өзгертер екен, олар өзгерип баратырған зәрүрликлер тәсиринде өз тәбиятын да өзгертеди, яғный билим ҳәм қәбилетлерин раўажландырып, көнликпелер пайда етеди (1.4-сүўрет).

2.4-сүўрет. Инсанның тәбиятын өзгертиў процесиндеги белгилери


Мийнет өзиниң структуралық раўажланыў процесинде әҳмийетли түрде қурамалласты (жетилисти): инсан барған сайын қурамалырақ, ҳәр қыйлы операция ҳәм ислерди орынлай баслады, барған сайын бирлескен мийнет қуралларын ислеп шығарып, өз алдына бир қанша жоқары мақсет қойыў ҳәм оларға ерисиў анық болып барды.
Илим-техниканың раўажланыў тәсири менен сондай процесслер, өндиристи комплекс механизацияластырыў, автоматластырыў, мағлыўматлар технологиясын кең енгизиў ҳәм оны шөлкемлестириўди түптен жетилистириў нәтийжесинде физикалық мийнет мазмунының турақлы өзгериўи жүз бермекте.
Соны айтып өтиў керек, “Sony”, “Mitsubishi”, “Toyota”, “Nissan” сыяқлы ири япон компанияларының өндиристи шөлкемлестириўдеги тәжирийбелери, олардың үлкен жетискенликлери тиккелей усы принципке сүйенген ҳалда персоналды мийнетке ең нәтийжели түрде алғанлығынан дерек береди35.
Жәмийет өндирис күшлериниң раўажланыўының қүдиретли факторы илим, анығырағы илимниң өндирис пенен тығыз биригип кетиўи, себеби илим-техника раўажланыўындағы тек ғана жаңа энергия түрлери, жаңа материаллар, электрон есаплаў машиналары ҳәм ҳәтте өндиристи комплекс механизацияластырыўды қуры енгизиў емес, бәлким өндиристиң бүгинги техникалық негизин, оны шөлкемлестириў ҳәм басқарыўды жетилистириў талап етиледи.
Ҳәзирги шараятта мийнет процесси төмендеги өзгешеликлери менен ажыралып турады:
1) мийнет процесиниң интеллектуал потенциалы артады. Бул болса ақылый мийнет ролиниң күшейиўинде, жумысшыниң өз ҳәрекети нәтийжелерине аңлы ҳәм жуўапкершилик пенен қатнаста болыўдың артыўында сәўлеленеди;
2) мийнет қәрежетлери материаллық бөлиминиң үлеси артады. Мийнет қураллары (машиналар, әсбап-үскенелер, механизмлер ҳәм усы сыяқлылар) менен байланыслы буйымласқан мийнет үлесиниң көбейиўи илим-техника раўажланыўының ерискен жетискенликлери менен байланыслы болып, инсан шекленген физикалық мүмкиншиликлери шараятында мийнет өнимдарлығы ҳәм нәтийжелилигиниң артыўында шешиўши фактор болып хызмет етеди, мийнет процесстиң социаллық тәрепиниң әҳмийети артады. Ҳәзирги ўақытта мийнет өнимдарлығының өсиў факторлары тек ғана жумысшы маманлығын ямаса оның мийнетин механизацияластырыў дәрежесин асырыў менен ғана емес, бәлким инсан саламатлығының аўҳалы, оның кейпияты, шаңарақтағы, коллективтеги ҳәм улыўма жәмийеттеги қатнасларына да байланыслы.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   185   186   187   188   189   190   191   192   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling