Тема; Жылытыў ҳаққында улыўма тусиник. Жылытыў тармақларынын классификациясы


Download 50.18 Kb.
bet1/3
Sana18.06.2023
Hajmi50.18 Kb.
#1595472
  1   2   3
Bog'liq
1-лекция (2)


Тема; Жылытыў ҳаққында улыўма тусиник. Жылытыў тармақларынын классификациясы
Хана ишиндеги инсанлар ушын бир нормадағы микроықлым-комфорт шараятты жаратыў ҳәм техналогик процесслер талабына тийкарынан сарыпланатуғын ыссылық муғдарлары ҳәмде имараттыӊ сыртқы тосықлары арқалы (сыртқы дийўал, там үсти бастырмасы, сыртқы айна, сыртқы есик ҳәм пол) жоғалатуғын ыссылықтыӊ улыўма муғдарын толтырыў ушын жасалма тәризде ысытыў тармақлары ҳәм әсбаплары жәрдеминде ысытыў усылына ысытыў деп айтамыз.
Заманагөй ысытыў тармақлары ҳәм әсбаплары ынсан саламатлылығын, оныӊ искерлигиниӊ нәтийжели көринисин жаратыў ҳәм инсан өзин жақсы сезиўи ушын қолай шараят жаратылыўы ушын хизмет етиўи керек. Бундай қолай шараяттыӊ оптимал санитария-гигиеник талапларыныӊ турар-жай, жәмийетлик ҳәм санаат имаратлары ушын белгиленген муғдарын жаратыў ыссылық қурылмаларыныӊ бир пүтин комплекс тармақлары, әсбаплары өз мойнына алады. Бундай үскенелерди улыўма ҳалда ысытыў тармақлары деп атаймыз.
Ысытыў-қурылыс техникасыныӊ тийкарғы бөлимлеринен бири. Ысытыў тармақлары ҳәм әсбапларыныӊ монтаж етилиўи имарат қурылысыныӊ басланыўы менен бир ўақытта-биргеликте алып барылады, себеби оныӊ элементлери жойбарланыў дәўринде ханалардыӊ ишки интерьер-дизайн процесслери менен биргеликте режелестирилип, қурылыс конструкциясы менен байланыста алып барылады. Демек, ыссылық тармақлары имарат қурылыс технологиясыныӊ ажралмас бир бөлими. Ыссылық тармақларыныӊ эксплуатация қылыныўындағы процесси, ислеў дәўриндеги мүддети, жылдыӊ еӊ суўық дәўриндеги метрологик шараят ҳәм мәўсим өзгериўиндеги температураныӊ өзгериўшеӊ муғдарына қарап жыл даўамында белгиленген мүддет пенен ислетилип турылады. Бундай аралықты ысытыў тармақларыныӊ ислеў дәўри (жасаў дәўри) деп атаймыз. Улыўмаластырып айтқанымызда ыссылық үскенелеринен ажралып шығып атырған ыссылық муғдары сыртқы ҳаўаныӊ температура муғдарыныӊ жоқары-төменлилиги, шамал тезлиги, қуяш радиациясынан имараттыӊ сыртқы конструкциялары арқалы ханаға кирип келетуғын ыссылықтыӊ көрсеткишлерине қарап басқарылады. Қысқаша етип айтқанымызда ысытыў тармағы ҳәм әсбапларынан ханаға берилетуғын ыссылықтыӊ муғдары, сыртқы тосық конструкциялары арқалы жоғалатуғын ыссылық муғдарларыныӊ, ыссылық әсбаплары арқалы хана ишине узатыў демекдур.
Ысытыў ушын ысытыў тармақларыныӊ ислеў ўақтын анықлаў ушын сыртқы ҳаўа температурасыныӊ орташа муғдары тоқтаўсыз үш күн ишинде +80С тан төмен болса ыссылық тармақларын иске түсириў керек, егерде орташа үш күнлик температура +80С тан жоқары болса, ысытыў тармақларын тоқтатыў керек. Ысытыў тармақларыныӊ ислеў дәўри көп жыллық күзетиўлер нәтийжелеринен шығарылған орташа арифметик муғдар көрсеткиши тийкарында қабыл етиледи. Бул ысытыў дәўри қубла зоналарда 3-4 ай болса, арқа зоналарда Якутияда 11-12 ай деп қабыл етилген.
Мысалы, Андижанда-128, Мойнақта-169, Ургениште-152, Ташкентте-130 суткаға теӊ.
Бизге белгили, жылдыӊ суўық дәўринде имарат ишиндеги ҳаўаныӊ жағдайы ыссылық әсбапларыныӊ ислеўине ғана байланыслы болмай, ҳаўа алмастырыў дәрежесинеде байланыслы болады. Бул еки көрсеткиш, имарат ишиндеги ҳаўаныӊ температурасынан тысқары ығаллығы, ҳаўа ҳәрекет тезлиги, басымы, ҳаўадағы газлер қурамы ҳәм ҳаўаныӊ тазалық дәрежелеринде өз ишине алады. Бул өз нәўбетнде ислеп шығарыў өниминиӊ нәтийжелигин арттырыў, жумысшылардыӊ ис өнимдарлығын, олардыӊ мийнет процессиндеги жақсы сезиў ҳалатын ҳәм кеселликлердиӊ кемийиўине алып келиўши бирден-бир тийкарғы себеблериниӊ бири болып есапланады.



Download 50.18 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling