1-ыссылық дереги (орайластырылған ыссылық пенен тәминлеў пунктиндеги ыссылық алмастырғыш)-ыссылықты алыў ушын мөлшерленген элемент.
2-ыссылык узатқышлар-ыссылық дерегинен ысытыў әсбапларына ыссылықты көшириў ушын мөлшерленген элемент.
3-ысытыў әсбаплары-ханаға ыссылықты узатыў ушын мөлшерленген элемент.
Ыссылық узатқышы бойынша ыссылықты көшириў суйық яки газсиман көринисинде орынланады. Ысытыў тармағында ҳәрекетте болған суйық (суў ҳәм басқа суйықлықлар) яки газ сыйақлы (пуў, ҳаўа, газ) дереклер, ыссылық тасыўшылар деп аталады.
Ысытыў тармағы оған бекитилген ўазийпаны орынлаў ушын белгиленген ыссылық қуўатлылығына ийе болыўы шәрт.
Ысытыў тармағыныӊ есаплы ыссылық қуўатлылығы, ысытылып атырған ханалар ушын сыртқы ҳаўаныӊ температурасы tс.т. да дүзилген ыссылық балансы нәтийжесинде анықланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |