Тема; Жылытыў ҳаққында улыўма тусиник. Жылытыў тармақларынын классификациясы


Ысытыў тармақларыныӊ раўажланыў тарийхы


Download 50.18 Kb.
bet2/3
Sana18.06.2023
Hajmi50.18 Kb.
#1595472
1   2   3
Bog'liq
1-лекция (2)

Ысытыў тармақларыныӊ раўажланыў тарийхы.

Биринши болып адамлар ушын имарат ишиндеги ошақта жанған жалын жасаў турар жайын ысытыў ҳәм аўқат писириў ушын дерек болып хизмет еткен. Ошақтан шыққан түтин өз ҳәрекети менен там үстинде жасалған моры арқалы , есик ҳәм тырқышлардан шығарылған. Бул болса ысытыў әсбапларыныӊ еӊ әпиўайы түри болып, биринши тәртипли қурылмалары десек болады. Имаратлардыӊ ысытылыўындағы биринши белгилердиӊ пайда болыўы, яғный қыздырылған ҳаўа пол астынан жиберилип ысытыў системасындағы түрлери 2250 жыл алдын, яғный эрамыздан алдынғы кийинги жүз жыллықта Орайлық азияда ҳәм Кримда болғанлығы жер асты архиеологик қазылмалардыӊ жәрдеминде анықланған. Эрамыздан алдынғы Х-әсирде ҳәзирги Туркияныӊ Эффесе қаласындағы имарат ханаларын орайластырылған ҳәмде органик жанылғылардыӊ жаныўынан пайдаланып, ҳаўа яки суў қыздырылып ханаларға узатылған. Бунда ыссы суў трубалар арқалы узатылып имарат ханаларын ысытқан.


Рассияда болса XV-XVI-әсирлерде қазанханалар қурыла баслады. XVIII-әсирде Францияда ҳәм Англияда пуў ҳәм суў менен ысытыў тармақлары пайда болды ҳәм оларды теплицаларда ысытыў ушын қоллады.
1875-жылы К.Лешевич биринши болып квартиралы суўлы ысытыў тармағын усыныс етти.
1903-жылда профессор В.М.Чаплин пуў арқалы инжекторлы пуў-суў-суўлы, мажбүрий циркуляциялы тармақты жаратты. Бул усыныс ҳәзирге шийкем орайласқан суў-суўлы ысытыў тармақларында қолланылады.
Ҳазирги ўақытта КМК.2.04.05-97 нормасы тийкарында имаратларда тийкарынан бир трубалы суў-суўлы тармақлар ислетиледи. Жанылғы энергиясын тежеў ушын ҳәзирги ўақытта қуяш ҳәм басқа энергиялардан пайдаланыў усыныс етилмекте.


Жылытыў тармақларыныӊ классификациясы.

Ысытыў тармағы деп, арнаўлы техник қурылмалар арқалы ханаларды конвектив яки нурлы ысытыўға айтылады.


Конвектив ысытыўда ханадағы ҳаўа температурасы tx, хананыӊ радиацион tr температурадан жоқары мәнислерде услап турылады (tx˃tr). Бунда хананыӊ радиацион температурасы деп, хананын ортасында жайласқан адамға салыстырмалы есапланған хананыӊ ишине қарап турған барлық сыртлардыӊ орташа температурасы түсиниледи. Бундай ысытыў әмелде жүдә кеӊ тарқалған.
Нурлы ысытыўда хананын радиацион температурасы ханадағы ҳаўа температурасынан жоқарырақ болады (tx tr). Нурлы ысытыў конвектив ысытыўға салыстырмалы ҳаўаныӊ төмен температураларында (мәселен, пуҳаралық имаратларда 20-220С орнына 18-200С ларда) адамлар өзлерин жақсы сезиўи ушын қолай шараят жаратады.
Ханаларды конвектив яки нурлы ысытыў, ысытыў тармақлары деп аталатуғын арнаўлы техник қурылмалар арқалы әмелге асырылады.
Ысытыў тармағы-ысытылып атырған ханаға керекли ыссылық муғдарын олыў, көшириў ҳәм узатыў ушын мөлшерленген өз-ара байланысларға ийе болған конструктив элементлердиӊ топламы.
Ысытыў тармағынын тийкарғы конструктив элементлерине төмендегилер киреди. (1-сүўрет)

Download 50.18 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling